YouVersion Logo
Search Icon

Марк 15

15
Пилаттың Ийсаны тергеўи
(Мат 27:1-2, 11-14; Лук 23:1-5; Юхн 18:28-38)
1Таң атыўдан бас руўханийлер, ақсақаллар, диний муғаллимлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес мәсләҳәтлесип алды да, Ийсаны байлап, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды. 2Пилат Оннан:
– Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
Ийса оған:
– Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
3Бас руўханийлер Оны көп нәрселерде айыплады. 4Пилат және Ийсадан сорап:
– Сен ҳеш жуўап бермейсең бе? Қара, олар Саған қаншама айып тағып атыр, – деди.
5Бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди. Пилат буған ҳайран қалды.
Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи
(Мат 27:15-26; Лук 23:13-25; Юхн 18:39-40; 19:1-16)
6Ҳәр Қутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди. 7Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында өзиниң шериклери менен адам өлтирген Барабба деген бир адам бар еди. 8Халық Пилатқа келип, өзлери ушын әдеттеги исин ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады. 9Пилат олардан:
– Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады.
10Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
11Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Бараббаны босатып бериўди талап еттирди. 12Пилат оларға және:
– Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған адамға не ислейин? – деди.
13Олар:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты.
14Пилат олардан:
– Ол қандай жаманлық иследи? – деп сорады.
Бирақ олар:
– Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп қаттырақ бақырысты.
15Сонда Пилат халықтың кеўлинен шығыў ушын Бараббаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы
(Мат 27:27-30; Юхн 19:2-3)
16Әскерлер Ийсаны ҳәким Пилаттың сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады. 17Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж өрип, басына салды. 18Соңынан:
– Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады.
19Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти. 20Оны масқаралап болғаннан кейин, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи
(Мат 27:31-44; Лук 23:27-43; Юхн 19:17-27)
21Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Шимон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден өтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи. 22Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди. 23Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты. 24Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, өз ара Оның кийимлерин бөлисти#15:24 Заб 21:19.. 25Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди. 26Оның бас бетинде айыбын көрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди. 27Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи. [28#Мрк 15:28 Базы қолжазбаларда 28-аят та бар: «„Ол жынаятшыларға қосып саналды“, – деген Мухаддес Жазыў орынланды».]
29Өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип#15:29 Заб 21:8.:
– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! 30Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – деди.
31Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине:
– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды! 32Израилдың Патшасы Масийх ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер көрип, Оған исенемиз, – дести.
Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти.
Ийсаның жан тапсырыўы
(Мат 27:45-56; Лук 23:44-49; Юхн 19:28-30)
33Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. 34Саат үште Ийса қатты даўыс пенен:
– Элой, Элой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?»#15:34 Заб 21:2. – дегенди аңлатады.
35Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип:
– Қараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – деди.
36Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына батырды ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип:
– Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, көрейик! – деди.
37Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды.
38Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. 39Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын көрип:
– Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Қудайдың Улы екен, – деди.
40Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаяллар бар еди. Олардың арасында магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды. 41Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа көп ҳаяллар да бар еди.
Ийсаның қәбирге қойылыўы
(Мат 27:57-61; Лук 23:50-56; Юхн 19:38-42)
42Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный Шаббат күнинен алдынғы жума күни еди. 43Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Қудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келип, батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады. 44Пилат Ийсаның әлле қашан өлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да:
– Өлгенине көп ўақыт болды ма? – деп сорады.
45Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди. 46Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, зығыр кепинге орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды. 47Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын көрди.

Currently Selected:

Марк 15: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in