Елшилер 4

4
Төртинши бап
Петр ҳәм Юхан
жоқарғы кеңес алдында
1Петр менен Юхан халыққа сөйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер#4:1 Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудийлердиң күшли диний топары. олардың жанына топарласып келди. 2Өйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында өлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди. 3Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңге дейин қамап таслады. Себеби күн кеш болып қалған еди. 4Бирақ, елшилердиң сөзин еситкен адамлардың көбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди.
5Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды. 6Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди. 7Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан:
– Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады.
8Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди:
– Халық басшылары ҳәм ақсақаллар! 9Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ, 10онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Қудай өлимнен қайта тирилткен Насыралы Ийса Масихтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур.
11Усы Ийса Мухаддес Жазыўда айтылғандай:
«Сиз, қурылысшылар тәрепинен керексиз деп тасланып,
Бирақ, үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болған тас» # 4:11 Забур 117:22. .
12Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Қутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ.
13Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын көргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди. 14Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын көрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады. 15Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан өз ара кеңесе баслап:
16– Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат#4:16 Сөзбе-сөз: кәраматлы белги. ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз. 17Бирақ, бул хабардың халық арасында және де көбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сөйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести.
18Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды. 19Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип:
– Өзлериңиз ойлап көриң: Қудайдың сөзлеринен гөре, сизлердиң сөзлериңизди тыңлаў Қудай алдында дурыс болар ма екен? 20Бизлер көргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди.
21Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Өйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Қудайға алғыслар айтып турған еди. 22Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди.
Исениўшилердиң дуўа етиўи
23Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың өзлерине айтқан сөзлериниң ҳәммесин хабарлады. 24Олар буны еситкенде, бир аўыздан Қудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди:
– О, Қүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң. 25Өз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң:
«Миллетлер неге қозғалаң көтерди?
Халықлар неге пушқа шығатуғын жобалар дүзди?
26 Жер жүзиниң патшалары бас көтерди,
Ҳүкимдарлар бирге жыйналып,
Жаратқан Ийемизге ҳәм Ол тайынлаған Масихқа қарсы турды» # 4:25-26 Забур 2:1-2. .
27Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды. 28Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи. 29Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сөзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Өз қулларыңа күш-қуўат бере гөр! 30Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди көрсете гөр!#4:30 Сөзбе-сөз: қолыңды соза гөр!
31Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Қудайдың сөзин мәртлик пенен айта баслады.
Исениўшилердиң аўызбиршилиги
32Исениўшилердиң жыйнағындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән#4:32 Сөзбе-сөз: бир жүрек, бир кеўил. еди. Ҳеш қайсысы да өз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. 33Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Қудайдың уллы мийримине ийе еди. 34Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Өйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип, 35елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди.
36Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрлы бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди. 37Ол өзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды.

S'ha seleccionat:

Елшилер 4: KrkNT

Subratllat

Comparteix

Copia

None

Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió