Елшилер 6
6
Алтыншы бап
Жети хызметши
1Масихтың шәкиртлериниң саны өсип атырған сол күнлерде грекше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бөлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди. 2Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап:
– Қудайдың сөзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз#6:2 Ямаса: хожалық ислери менен айланысқанымыз. дурыс болмас. 3Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық. 4Ал бизлер өзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Қудайдың сөзин жәриялаўға бағышлайық, – деди.
5Бул сөз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине өткен антиохиялы Николасты сайлап, 6елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды.
7Солай етип, Қудайдың сөзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны көбейе берди. Руўханийлердиң көбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады.
Степанның қолға алыныўы
8Қудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсететуғын еди. 9Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы»#6:9 «Еркинлер мәжилисханасы» (либертинлер мәжилисханасы) – бурын қул болып, соңынан азатлық алған яҳудийлердиң мәжилисханасы. деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады. 10Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сөйлегенликтен, олар қарсы тура алмады. 11Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Қудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды.
12Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди өшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди. 13Олар әкелген жалған гүўалар:
– Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сөйлеп жүр. 14Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин өзгертеди», – дегенин еситтик, – деди.
15Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин көрди.
S'ha seleccionat:
Елшилер 6: KrkNT
Subratllat
Comparteix
Copia

Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió
© Библия аўдарыў институты, 2004