Елшилер 7

7
Жетинши бап
Степанның сөзи
1Сонда бас руўханий Степаннан:
– Усы дурыс па? – деп сорады.
2Степан былай деп жуўап берди:
– Туўысқанларым ҳәм ағаларым, маған қулақ салыңлар! Бабамыз Ибрайым Харанға көшип орналаспастан бурын Месопотамияда болған ўақтында уллы Қудай оған көринип: 3«Елиңди ҳәм ағайин-туўғанларыңды қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар»#7:3 Жаратылыс 12:1., – деген еди.
4Солай етип, Ибрайым халдейлилердиң елинен шығып, Харанға орналасты. Әкесиниң өлиминен кейин, Қудай оны сол жерден алып, ҳәзир сизлер жасап атырған бул елге көширди. 5Деген менен, Қудай бул жерде оған ҳеш қандай мийрас, бир қарыс жер де бермеген еди. Бирақ, сол ўақытта Ибрайымның баласы жоқ болса да, Қудай бул жерди оған ҳәм оның урпақларына мүлик қылып беретуғынын ўәде еткен еди. 6Және де, Қудай оған былай деген еди: «Сениң урпақларың жат жерде жат болып, төрт жүз жыл қуллықта жасайды ҳәм зулымлық көреди. 7Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Буннан соң, олар сол жерден шығып, Маған бул жерде сыйынады»#7:6-7 Жаратылыс 15:13-14.. 8Соңынан Қудай Ибрайым менен мухаддес келисим дүзип, сүннетлеў рәсимин оның белгиси қылды. Солай етип, Ибрайым Ысақтың әкеси болып, оны сегизинши күни сүннет#7:8 Сүннет – Қудайдың буйрығы бойынша, яҳудийлер ер балаларын туўылғаннан кейин сегизинши күни сүннет етеди. етти. Ысақ Яқыптың, Яқып он еки уллы аталарымыздың әкеси болды.
9Юсупты күнлеген аталарымыз оны Мысырға сатып жиберди. Бирақ Қудай оның менен бирге болып, 10барлық қыйыншылықларынан қутқарды. Мысыр патшасы Фараонның#7:10 Фараон – әййемги Мысырда патша усылай аталған. алдында оған даналық ҳәм мийрим-шәпәәтлик берди. Фараон оны Мысырдың ҳәм сарайындағы барлық адамлардың үстинен басшы қылып қойды.
11Соңынан пүткил Мысыр ҳәм Канан еллеринде ашлық болып, үлкен қыйыншылықлар басланды. Ата-бабаларымыз жеўге аўқат таба алмай қалды. 12Мысырда ғәлле бар екенин еситкен Яқып аталарымызды сол жаққа биринши мәрте жоллады. 13Олар Мысырға екинши мәрте келгенде, Юсуп туўысқанларына өзиниң ким екенин танытты ҳәм Фараонға оның шығысы белгили болды. 14Юсуп әкеси Яқыпты ҳәм барлығы жетпис бес адамнан ибарат болған ҳәмме ағайин-туўғанларын өзине шақыртып алды. 15Солай етип, Яқып Мысырға көшип кетти. Оның өзи де, ата-бабаларымыз да сол жерде қайтыс болды. 16Олардың сүйеги Шикемге алып келинип, Ибрайымның сол жерде Хамордың улларынан гүмис ақшаға сатып алған қәбирине қойылды.
17Қудайдың Ибрайымға берген ўәдесиниң орынланатуғын ўақты жақынлағанда, Мысырдағы халқымыздың саны жүдә көбейип қалған еди. 18Сол ўақытта Мысырда Юсупты танымайтуғын басқа бир патша тахтқа отырды. 19Ол халқымыздан ҳийлекерлик пенен пайдаланып, зулымлық иследи ҳәм олардың жаңа туўылған балаларының тири қалмаўы ушын далаға таслаўға мәжбүрледи.
20Сол ўақытта Муўса дүньяға келди. Ол жүдә сулыў бала болып, үш ай әкесиниң үйинде бағылды. 21Ол далаға тасланғанда, оны Фараонның қызы таўып алып, өз баласындай қылып тәрбиялап өсирди. 22Муўса мысырлылардың барлық билим тараўларынан тәлим алып, сөзинде де, исинде де күшли болды.
23Ол қырық жасқа толғанда, оның кеўлинде өз туўысқанлары болған израиллылардың жағдайын барып көриў нийети пайда болды. 24Олардың бирине әдилсизлик исленгенин көрген Муўса оны жақлады да, әдилсизлик ислеген мысырлыны өлтирип, зулымлық көрген адам ушын өш алды. 25Ол: «Қудайдың мен арқалы өзлерин қутқаратуғынын туўысқанларым түсинер», – деп ойлаған еди. Бирақ олар түсинбеди. 26Ертеңине Муўса төбелесип атырған еки израиллыны ушыратып қалғанда, оларды жарастырмақшы болып:
– Жигитлер, сизлер туўысқансыз-ғо. Неге бир-бириңизге жәбир берип атырсызлар? – деди.
27Бирақ, жақынына жәбир берген адам Муўсаны ийтерип жиберип:
– Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? 28Кеше мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең?#7:27-28 Шығыў 2:14. – деди.
29Бул сөзди еситкенде Муўса Мидиян елине қашып кетип, сол жат жерде жасады. Ол сол жерде еки балалы болды.
30Қырық жыл өткеннен соң, Синай таўының дөгерегиндеги шөлде, жанып турған путаның жалынында Муўсаға бир периште көринди. 31Муўса бул көриниске таң қалды. Анықлап көриў ушын жақынлағанда, Жаратқан Ийемиздиң: 32«Мен сениң ата-бабаларыңның Қудайыман, Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Қудайыман»#7:32 Шығыў 3:6., – деген даўысы еситилди. Муўса қорққанынан қалтырап, қараўға жүрексине алмады. 33Соңынан Жаратқан Ийемиз оған былай деди: «Аяқ кийимиңди шеш! Өйткени сен турған жер мухаддес. 34Мен халқымның Мысырда азап-ақырет шегип атырғанын көрдим, оның наласын еситип, оны қутқарыў ушын аспаннан түстим. Енди бар, Мен сени Мысырға жиберемен»#7:33-34 Шығыў 3:5, 7-8, 10..
35Бул: «Ким сени басшы ҳәм қазы қылып қойды?» – деп адамлар тән алмаған – сол Муўса еди. Қудай оны путада көринген периште арқалы басшы ҳәм қутқарыўшы қылып жиберди. 36Мысырда, Қызыл теңизде ҳәм қырық жыл бойы шөлде таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетип, халықты Мысырдан шығарған усы Муўса еди. 37Израил улларына: «Қудай сизлерге өз туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады»#7:37 Мухаддес Нызамды қайталаў 18:15., – деген де – усы Муўса еди. 38Синай таўында өзине сөйлеген периштениң сөзлерин ата-бабаларымызға жеткизген ҳәм шөлде жыйналған Израил халқы менен бирге болған да сол еди. Ол бизлерге жеткизиў ушын Қудайдың тири сөзлерин алған еди.
39Бирақ, ата-бабаларымыз оған бойсыныўды қәлемеди ҳәм оны тән алмай, кеўиллери Мысырға аўды. 40Олар Харонға: «Бизлерди баслап жүретуғын қудайлардың мүсинлерин соғып бер, себеби бизлерди Мысыр елинен шығарған сол Муўсаға не болғанын билмеймиз»#7:40 Шығыў 32:1., – деди. 41Сол күнлерде олар бузаўдың мүсинин соғып, сол бутқа қурбанлық берди. Олар өз қоллары менен соққан бутқа қуўанып, кеўил көтеристи. 42Сонлықтан Қудай олардан жүзин терис бурып, оларды аспан денелерине табыныўға таслап қойды. Бул пайғамбарлардың китабында жазылғандай болды:
«Ҳәй, Израил халқы! # 7:42 Сөзбе-сөз: Израил шаңарағы.
Сизлер шөлде қырық жыл бойы,
Маған қурбанлық ҳәм сыйлар бердиңиз бе?
43 Өзлериңиз табыныў ушын ислеген бутларды:
Молохтың шатырын ҳәм қудайыңыз Рефанның жулдызын
көтерип жүрдиңлер-ғо.
Сонлықтан Мен сизлерди Бабилонның аржағына сүргин қыламан» # 7:42-43 Амос 5:25-27. .
44Ата-бабаларымыздың шөлде Гүўалық шатыры#7:44 Гүўалық шатыры – сөзликке қараң. бар еди. Муўса оны өзине сөйлеген Қудайдың буйырғанындай, көрген үлги бойынша ислеген еди. 45Шатыр әўладтан-әўладқа өтип, ата-бабаларымыз Ешуаның басшылығында Қудай қуўып жиберген халықлардың жерлерин ийелегенде, оны өзлери менен бирге алып жүрди. Шатыр Даўыттың заманына дейин болды. 46Қудай алдында мийримге ерискен Даўыт Яқыптың Қудайы ушын мәкан қурыўға рухсат сорады. 47Бирақ, Қудай ушын үй салған Сулайман болды.
48Деген менен, Қүдиретли Қудай адамның қолы менен салынған мәканларда жасамайды. Ол пайғамбар арқалы былай деген еди:
49 «Аспан – Мениң тахтым,
Жер – аяқ басарым,
Сизлер Маған қандай үй салып бережақсызлар?
Мениң дем алатуғын орным қай жерде екен?
50 Булардың ҳәммесин Мениң қолым жаратпады ма?» # 7:49-50 Ийшая 66:1-2.
51Ҳәй, өжетлер, шын кеўилден Қудайға бойсынбайтуғынлар, Оның сөзин тыңламайтуғынлар!#7:51 Сөзбе-сөз: жүреклери ҳәм қулақлары сүннет етилмегенлер! Сизлер ата-бабаларыңызға уқсап, Мухаддес Руўхқа бәрқулла қарсы турасызлар. 52Ата-бабаларыңыз пайғамбарлардың қайсы бирин қуўдаламады? Олар ҳақ Адамның келиўин алдын ала болжағанларды да өлтирди-ғо. Сизлер де енди Оған сатқынлық ислеп, Оны өлтирдиңлер. 53Сизлер периштелер арқалы берилген Мухаддес Нызамды алсаңлар да, оны орынламадыңлар!
Степанның өлтирилиўи
54Кеңес ағзалары бул сөзлерди еситкенде ашыўға минип, Степанға қарсы тислерин қайрады. 55Ал Мухаддес Руўхқа толған Степан көзлерин аспанға тигип, Қудайдың салтанатын ҳәм Қудайдың оң тәрепинде турған Ийсаны көрди. 56Сонда ол:
– Қараңлар, аспанның ашылғанын ҳәм Адам Улының#7:56 Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты. Қудайдың оң тәрепинде турғанын көрип турман, – деди.
57Ал олар қулақларын жаўып, қатты қышқырысты. Ҳәммеси бирден Степанға топылды да, 58оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, оған тас ылақтыра баслады. Гүўалар өз кийимлерин Саул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды.
59Олар тас ылақтырып атырғанда, Степан: «Ийем Ийса, руўхымды қабыл ет», – деп дуўа етти. 60Соңынан ол дизе бүкти де, бәлент даўыс пенен: «О Ийем, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» – деди. Усыны айтып болып, ол жан тапсырды.

S'ha seleccionat:

Елшилер 7: KrkNT

Subratllat

Comparteix

Copia

None

Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió