Юхан 2
2
Екинши бап
Ийсаның биринши кәраматы
1Еки күн өткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди. 2Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди. 3Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған:
– Олардың шарабы таўсылды, – деди.
4Ийса оған:
– Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди.
5Ийсаның анасы хызметшилерге:
– Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди.
6Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди.
7Ийса хызметшилерге:
– Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди.
Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды.
8Сонда Ийса хызметшилерге:
– Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди.
Олар алып барды. 9Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып көрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып:
10– Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди.
11Ийса бул биринши кәраматын#2:11 Сөзбе-сөз: кәраматлы белгисин. Галиланың Кана қаласында ислеп, Өз уллылығын көрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди.
12Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды.
Ийсаның Ибадатханадан
сатыўшыларды қуўыўы
13Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы#2:13 Қутқарылыў байрамы – еврей тилинде «Пасха», «өтиў» дегенди билдиреди. жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти. 14Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды көрди. 15Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. 16Ол кептер сатыўшыларға:
– Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди.
17Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди»#2:17 Забур 68:10., – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди.
18Яҳудий басшылары Ийсадан:
– Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады.
19Ийса оларға жуўап берип:
– Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди.
20Олар Ийсаға:
– Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди.
21Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Өз денеси еди. 22Ийса өлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сөзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сөзине исенди.
23Ийса Ерусалимде, Қутқарылыў байрамында болғанда, көплер Ол ислеген кәраматларды#2:23 Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилерди. көрип, Оның атына исенди. 24Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди. 25Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Өйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.
S'ha seleccionat:
Юхан 2: KrkNT
Subratllat
Comparteix
Copia
Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió
© Библия аўдарыў институты, 2004