Матта 1
1
Биринши бап
Ийса Масихтың шежиреси
1Ибрайымның урпағы, Даўыттың урпағы Ийса Масихтың#1:1 Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» дегенди аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. шежиреси мынадай:
2Ибрайымнан Ысақ туўылды. Ысақтан Яқып туўылды. Яқыптан Яҳуда ҳәм оның аға-инилери туўылды. 3Яҳуда менен Тамарадан Парес ҳәм Зара туўылды. Парестен Ҳесрон туўылды. Ҳесроннан Рам туўылды. 4Рамнан Аминадаб туўылды. Аминадабтан Наҳшон туўылды. Наҳшоннан Салмон туўылды. 5Салмон менен Раҳабтан Боаз туўылды. Боаз бенен Руттан Обид туўылды. Обидтен Ишай туўылды. 6Ишайдан Даўыт патша туўылды.
Даўыт пенен бурын Урияның жубайы болған ҳаялдан Сулайман туўылды. 7Сулайманнан Реҳабам туўылды. Реҳабамнан Абия туўылды. Абиядан Аса туўылды. 8Асадан Ешофат туўылды. Ешофаттан Иорам туўылды. Иорамнан Узия туўылды. 9Узиядан Иоатам туўылды. Иоатамнан Аҳаз туўылды. Аҳаздан Езекия туўылды. 10Езекиядан Манасия туўылды. Манасиядан Амон туўылды. Амоннан Иосия туўылды. 11Бабилонға сүргин етилгенде, Иосиядан Ехония ҳәм оның инилери туўылды.
12Бабилонға сүргин етилгеннен кейин, Ехониядан Шалтиел туўылды; Шалтиелден Зерубабел туўылды. 13Зерубабелден Абиҳуд туўылды; Абиҳудтан Елиаким туўылды; Елиакимнен Азор туўылды. 14Азордан Садоқ туўылды; Садоқтан Ахим туўылды; Ахимнен Елихуд туўылды. 15Елихудтан Елиазар туўылды; Елиазардан Маттан туўылды; Маттаннан Яқып туўылды. 16Яқыптан Мәриямның күйеўи Юсуп туўылды. Мәриямнан Масих деп аталған Ийса туўылды.
17Солай етип, ҳәммеси болып: Ибрайымнан Даўытқа дейин он төрт урпақ, Даўыттан Бабилонға сүргин етилиўге дейин он төрт урпақ, Бабилонға сүргин етилгеннен Масихқа дейин он төрт урпақ.
Ийса Масихтың туўылыўы
18Ийса Масихтың туўылыўы былай болды: Оның анасы Мәриям Юсупке атастырылғаннан кейин, олар қосылмастан бурын, Мәриямның Мухаддес Руўхтан#1:18 Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы. ҳәмледар екенлиги билинди. 19Оның күйеўи Юсуп ҳақ адам болып, Мәриямды уятқа қалдырмайын деп, оған үйлениўден жасырын түрде бас тартыўды ойлады. 20Ол усылай ойлап жүргенде, Қудайдың бир периштеси оның түсине енип:
– Ҳәй, Даўыттың урпағы Юсуп! Сен Мәриямды өзиңе ҳаяллыққа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги Баласы Мухаддес Руўхтан. 21Мәриям Ул туўады. Сен оның атын Ийса деп қоясаң, себеби Ол Өз халқын гүналарынан қутқарады, – деди.
22Булардың ҳәммеси Қудайдың пайғамбар арқалы алдын ала айтқан мына сөзлериниң орынланыўы ушын болды:
23 «Мине, қыз ҳәмледар болып, Ул туўады.
Оның атын Иммануел деп қояды» # 1:23 Ийшая 7:14. .
Иммануел – «Қудай бизлер менен бирге» деген мәнисте.
24Уйқыдан турған Юсуп Қудайдың периштесиниң буйырғанын ислеп, Мәриямға үйленди. 25Бирақ Мәриям Улын туўғанша, Юсуп оған жақынлаған емес. Ол Баланың атын Ийса деп қойды.
S'ha seleccionat:
Матта 1: KrkNT
Subratllat
Comparteix
Copia
Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió
© Библия аўдарыў институты, 2004

: