Матта 2
2
Екинши бап
Жулдыз изертлеўшилердиң жаңа туўылған
Патшаға табыныўы
1Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылғаннан соң, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип:
2– Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қая қта екен? Өйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын көрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады.
3Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды. 4Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масихтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорастырды.
5Олар былай деди:
– Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сөзлер жазылған:
6 «Ҳәй, Яҳудия жериндеги Бейтлеҳем!
Яҳудияның баслы қалаларынан # 2:6 Сөзбе-сөз: басшыларынан. сен ҳеш кем емессең!
Өйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Көсем
сеннен шығады» # 2:6 Михей 5:2. .
7Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын сорастырып билип алды. 8Оларды Бейтлеҳемге жиберип:
– Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алыңлар. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериңлер, мен де барып Оған табынайын, – деди.
9Олар патшаның сөзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда өзлери күншығыста көрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол көрсетти ҳәм Нәресте болған жердиң үстинде тоқтады. 10Жулдызды көргенде, олар қатты қуўанды. 11Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды көрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Өзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра#2:11 Ладан ҳәм мирра – дәри ҳәм әтир сыпатында қолланылатуғын қымбатлы, хош ийисли өсимлик ширеси. деген хош ийисли затларды сыйға берди. 12Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен өз еллерине қайтып кетти.
Мысырға қашыў
13Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Юсуптың түсине енип:
– Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға#2:13 Мысыр – Египет. қаш! Саған өзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени өлтириў ушын излемекте, – деди.
14Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти. 15Ҳиродтың өлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Қудайдың: «Улымды Мысырдан шақырып алдым»#2:15 Осия 11:1., – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сөзлери орынланды.
16Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дөгерегиндеги еки жасар ҳәм оннан да киши ул балалардың ҳәммесин өлтириўди буйырды. 17Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:
18 «Рамада бир даўыс еситиледи,
Қатты зарлап жылаған.
Балаларын жоқлап жылар Раҳила.
Жубанғысы келмес, өйткени жоқ енди олар» # 2:18 Еремия 31:15. .
Мысырдан Насыраға қайтыў
19Ҳирод өлгеннен кейин, Қудайдың бир периштеси Мысырда Юсуптың түсине енип:
20– Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени өлтирмекши болғанлар өлди, – деди.
21Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты. 22Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип, 23Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол Насыралы деп аталады», – деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды.
S'ha seleccionat:
Матта 2: KrkNT
Subratllat
Comparteix
Copia
Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió
© Библия аўдарыў институты, 2004