Жаратылыс 6

6
Нух ҳәм оның кеме соғыўы
1Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды. 2Иләҳий барлықлар#6:2 Иләҳий барлықлар – еврейшеден сөзбе-сөз аўдарғанда «Қудайдың уллары» ямаса «қудайлардың уллары» дегенди билдиреди. Бул еврейше сөз Ески Келисимниң басқа жерлеринде де иләҳий барлықларға қолланылғаны ушын, илимпазлардың көпшилиги усы аятта да бул сөз иләҳий барлықларды билдиреди деп түсиндиреди. адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды. 3Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди.
4Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды.
5Жаратқан Ийе қарап, жер жүзинде адамзаттың жаман ислериниң көп екенин, олардың кеўлиндеги ой-нийетлериниң бәрҳама жаўызлыққа толы екенин көрди. 6Ол жер бетинде адамзатты жаратқанына өкинип, жүреги ғамға толды. 7Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Өзим жаратқан адамзатты, ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм қусларды жер бетинен қырып таслайман. Себеби Мен оларды жаратқаныма өкинемен». 8Бирақ Нух Жаратқан Ийениң мийримине еристи.
9Нухтың өмир тарийхы мынадай: Нух заманласлары арасында ҳақ ҳәм минсиз адам болып, Қудай менен тығыз байланыста жасайтуғын еди. 10Ол Сам, Хам ҳәм Яфет деген үш уллы болды.
11Қудайдың көз алдында жер жүзи бузылып, жаўызлыққа толған еди. 12Қудай жер жүзине қарап, оның соншелли бузылғанын көрди. Өйткени адамлар жолдан шыққан еди. 13Сонда Қудай Нухқа былай деди: «Мен пүткил адамзатты жоқ етемен, өйткени олар себепли жер жаўызлыққа толды. Мен оларға қосып, жер бетин де жоқ етемен. 14Сен өзиңе гофер ағашынан бир кеме соқ. Оны бөлмелерге бөлип, иши-сыртын қара май менен майла. 15Сен кемени былай соғыўың керек: оның узынлығы үш жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ болсын. 16Ал бастырмасын бир шығанақ жоқары қылып исле. Қапысын қапталдан қой ҳәм кемениң төменги, ортанғы ҳәм жоқарғы қабатлары болсын. 17Минекей, Мен жер жүзине топан суўын жиберип, аспан астындағы ҳәмме тири жанды жоқ етемен. Жердеги барлық нәрсе қырылып қалады. 18Бирақ Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен: сен өз улларың, ҳаялың ҳәм келинлериң менен бирге кемеге кир. 19Аман қалыўы ушын, өзиң менен бирге кемеге барлық жаныўарлардың еркек ҳәм урғашысынан жуп-жуптан алып кир. 20Аман қалыўы ушын, қуслардың, ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың ҳәр қыйлы түрлери жуп-жуптан саған келеди. 21Өзиңе ҳәм оларға азық болатуғын ҳәр қыйлы аўқатлық затларды жеткиликли етип жыйнап қой».
22Нух Қудайдың буйырғанларының барлығын орынлады.

Subratllat

Comparteix

Copia

None

Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió