Юхан Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул китап Жаңа Келисимдеги төрт Хош Хабардың төртиншиси. Бул Хош Хабарды елши Юхан жазған. Оның өзи китапта жазылған көп ўақыялардың гүўасы болған. Юханның бул Хош Хабарды жазғандағы мақсети адамлардың Ийсаның Қутқарыўшы Масийх екенине исениўинен ҳәм бул арқалы өмирге ерисиўинен ибарат еди (20:31).
Бул китап әзелден бар болған Сөз ҳаққында мағлыўмат пенен басланады. Иләҳий Сөз дүнья жаратылмастан алдын бар болған. Не жаратылған болса, ҳәммеси Сөз арқалы пайда болған. Қудайдың Сөзи адам болып туўылды, Ол Ийса Масийх еди. Ийса Масийх қараңғылыққа батып кеткен бул дүньяға өмир нуры болып келди. Масийхқа исенген ҳәр бир адам аспандағы Әкени танып алады ҳәм мәңги өмирге ийе болады.
Ийса Масийх адамларға Өзиниң кимлигин түсиндириў ушын ҳәр түрли сүўретлеўлерди пайдаланады. Ол Өзин «өмир наны», «өмир беретуғын тири булақ», «дүньяның нуры», «жақсы шопан», «жол, ҳақыйқат ҳәм өмир», «ҳақыйқый жүзим ағашы» ҳәм «адамларды ақыретте қайта тирилтиўши, оларға өмир бериўши» деп атайды.
Китаптың 13–17-бапларында Ийсаның Өз шәкиртлерине қылған ғамхорлығына, Устаз ҳәм шәкиртлери арасындағы мүнәсибетке итибар бериледи. Китаптың кейинги бапларында Ийсаның қолға алыныўы, азапланыўы, өлтирилиўи ҳәм тирилиўи ҳаққындағы ўақыялар орын алған (18–21-баплар). Китап Ийса тирилгеннен соң бир неше мәрте шәкиртлерине көрингени ҳаққындағы ўақыялар менен тамамланады.
S'ha seleccionat:
Юхан Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Subratllat
Comparteix
Copia
Vols que els teus subratllats es desin a tots els teus dispositius? Registra't o inicia sessió
© Институт перевода Библии, 2022