1
Жаратылыс 24:12
Мухаддес Китап
Сонда хызметши былай деп дуўа етти: «Жаратқан Ийе, хожайыным Ибрайымның Қудайы! Бүгин маған әўмет берип, хожайыным Ибрайымға жақсылық ислей гөр!
Σύγκριση
Διαβάστε Жаратылыс 24:12
2
Жаратылыс 24:14
Мен қайсы қызға: „Гүзеңди еңкейт, мен суў ишип алайын“, – дегенимде, ол: „Ишиңиз, мен түйелериңизди де суўғараман“, – десе, онда сол қыз Сениң қулың Ысақ ушын таңлаған қызың болсын. Хожайыныма жақсылық ислегениңди соннан билейин».
Διαβάστε Жаратылыс 24:14
3
Жаратылыс 24:67
Ысақ Ребекканы анасының шатырына алып келди ҳәм оған үйленди. Солай етип, Ребекка Ысақтың ҳаялы болды. Ысақ Ребекканы сүйип қалды. Усы тәризде ол анасы қайтыс болғаннан кейинги қайғысына жубаныш тапты.
Διαβάστε Жаратылыс 24:67
4
Жаратылыс 24:60
Олар Ребеккаға пәтия берип былай деди: «Қарындасым, анасы бол мың-мыңлаған перзентлердиң, Үрим-путақларың ийелесин душпан қалаларын».
Διαβάστε Жаратылыс 24:60
5
Жаратылыс 24:3-4
аспан ҳәм жердиң Қудайы болған Жаратқан Ийе ҳақы ант ишиўиңди қәлеймен: мен араларында жасап атырған қанан халқынан улыма қыз алма. Ал улым Ысаққа қыз алыў ушын мениң елиме, ағайин-туўғанларыма бар.
Διαβάστε Жаратылыс 24:3-4
Αρχική
Αγία Γραφή
Σχέδια
Βίντεο