Λογότυπο YouVersion
Εικονίδιο αναζήτησης

Жаратылыс 16

16
Ажар ҳәм Исмайыл
1Ибрамның ҳаялы Сарай оған еле бала туўып бермеген еди. Сарайдың Ажар деген мысырлы шорысы бар еди. 2Сарай Ибрамға: «Минекей, Жаратқан Ийе мени бала туўыўдан маҳрум етти. Сен мениң шорым менен жат, мүмкин, ол арқалы балалы боларман», – деди.
Ибрам Сарайдың сөзине қулақ асты. 3Солай етип, Ибрамның Қанан жеринде жасағанына он жыл болғанда, Сарай өзиниң мысырлы шорысы Ажарды Ибрамға тоқаллыққа алып берди. 4Ибрам Ажар менен жатқаннан соң, ол ҳәмиледар болды. Ажар өзиниң ҳәмиледар екенлигин билгенде, ханымын менсинбей қойды.
5Сарай Ибрамға:
– Мениң жәбир шегиўиме сен айыплысаң. Мен өзимниң шорымды сениң қойныңа салдым, ал ол өзиниң ҳәмиледар екенин билгенде, мени менсинбей қойды. Сениң менен мениң арамда Жаратқан Ийениң Өзи қазылық етсин, – деди.
6Ибрам Сарайға:
– Шорың сениң қолыңда емес пе? Оған не қыламан десең де, өзиң билесең, – деди.
Солай етип, Сарай Ажарға қатты азап бере баслағанлықтан, Ажар оннан қашып кетти.
7Жаратқан Ийениң периштеси оны шөлдеги булақтың жанынан, Шурға апаратуғын жолдың бойынан таўып:
8– Сарайдың шорысы Ажар, қаяқтан келип, қаяққа баратырсаң? – деп сорады.
Ол:
– Мен ханымым Сарайдан қашып баратырман, – деп жуўап берди. 9Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған:
– Ханымыңа қайтып бар ҳәм оған бойсын, – деди. 10Периште даўам етип:
– Мен сениң урпақларыңды соншелли көбейтемен, оларды ҳеш ким санай алмайтуғын болады, – деди. 11Жаратқан Ийениң периштеси оған және:
– Минекей, сен ҳәмиледарсаң. Сен ул туўасаң. Оның атын Исмайыл#16:11 Исмайыл – «Қудай еситеди» ямаса «Қудай еситсин» дегенди билдиреди. деп қоясаң. Өйткени Жаратқан Ийе сениң зарыңды еситти! 12Сениң улың қуландай болады. Ол ҳәммеге қарсы, ҳәмме оған қарсы болады ҳәм ол барлық туўысқанлары менен душпан болып өмир сүреди, – деди.
13Ажар: «Мен өзимди көрип турған Қудайды көрдим», – деп, өзи менен сөйлескен Жаратқан Ийени «Эл-Роий»#16:13 Эл-Роий – «мени көрип турған Қудай» дегенди билдиреди. деп атады. 14Сонлықтан Қадеш пенен Бередтиң арасында жайласқан бул қудық «Беер-Лахай-Роий»#16:14 Беер-Лахай-Роий – «мени көрип турған Тири Қудайдың қудығы» дегенди билдиреди. деп аталады.
15Ажар Ибрамға ул туўып берди. Ибрам улына Исмайыл деп ат қойды. 16Ажар Исмайылды туўғанда, Ибрам сексен алты жаста еди.

Επιλέχθηκαν προς το παρόν:

Жаратылыс 16: КркМК22

Επισημάνσεις

Κοινοποίηση

Αντιγραφή

None

Θέλετε να αποθηκεύονται οι επισημάνσεις σας σε όλες τις συσκευές σας; Εγγραφείτε ή συνδεθείτε

Η YouVersion χρησιμοποιεί cookies για να εξατομικεύσει την εμπειρία σας. Χρησιμοποιώντας τον ιστότοπό μας, αποδέχεστε τη χρήση των cookies όπως περιγράφεται στην πολιτική απορρήτου