YouVersion Logo
Search Icon

Лука 5:12-13

Лука 5:12-13 KRKNT

Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да: – Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды. Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды.