1
Жаратылыс 3:6
Мухаддес Китап
Ҳаял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге жағымлы екенин көрип, оннан билим алыўға болатуғынын билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди.
Confronta
Esplora Жаратылыс 3:6
2
Жаратылыс 3:1
Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан: – Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады.
Esplora Жаратылыс 3:1
3
Жаратылыс 3:15
Мен сениң менен ҳаялды, оның урпағы менен сениң урпағыңды бир-бирине душпан етип қояман. Оның урпағы сениң басыңды езеди, ал сен оның табанын шағасаң.
Esplora Жаратылыс 3:15
4
Жаратылыс 3:16
Соңынан Қудай Ийе ҳаялға: – Ҳәмиледарлық ўақтыңда аўыр азап шектиремен, қыйналып туўатуғын боласаң. Сен күйеўиңе қуштар боласаң, ол сени басқаратуғын болады, – деди.
Esplora Жаратылыс 3:16
5
Жаратылыс 3:19
Жерге қайтқаныңша, наныңды маңлай териңди төгип табатуғын боласаң. Өйткени сен топырақсаң, топырақтан жаратылғаның себепли және топыраққа айланасаң.
Esplora Жаратылыс 3:19
6
Жаратылыс 3:17
Ал адамға былай деди: – Ҳаялыңның сөзин тыңлап, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жегениң ушын, жер сен себепли нәлетленеди. Өмириң бойы аўыр мийнет етип, жерден азығыңды таўып жейтуғын боласаң.
Esplora Жаратылыс 3:17
7
Жаратылыс 3:11
Қудай Ийе адамнан: – Жалаңаш екенлигиңди саған ким айтты? Я болмаса, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жедиң бе? – деп сорады.
Esplora Жаратылыс 3:11
8
Жаратылыс 3:24
Ол адамды қуўып шығарып жиберди ҳәм өмир терегине баратуғын жолды қорғаў ушын Эден бағының шығыс тәрепине керубларды ҳәм ҳәр тәрепке айланып туратуғын отлы қылышты қойды.
Esplora Жаратылыс 3:24
9
Жаратылыс 3:20
Адам өзиниң ҳаялын Ҳаўа деп атады, себеби ол пүткил адамзаттың түп анасы болды.
Esplora Жаратылыс 3:20
Home
Bibbia
Piani
Video