Ийса арқаннан қамшы ислеп, барлық саўдагерлерди, қойларды ҳәм ири қара малларды Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. Ол кептер сатыўшыларға:
– Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң Үйин базарға айландырмаңлар! – деди.