Юхан 10

10
Ийса – жақсы шопан
1– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы. 2Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны. 3Қараўыл оған қапыны ашып береди. Қойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол өз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады. 4Ол өз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Қойлар да оның изине ереди, өйткени олар шопанның даўысын таныйды. 5Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды.
6Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди.
7Сонлықтан Ийса және былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман. 8Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады. 9Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады. 10Уры тек урлаў, өлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим.
11Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди. 12Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын көрсе, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди. 13Өйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди.
14-15Мен – жақсы шопанман. Әкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Әкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен. 16Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар бир сүриў болады. 17Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Әкем Мени сүйеди. 18Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Өзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Әкемнен алдым.
19Усы сөзлер себепли, яҳудийлер арасында және бөлиниў пайда болды. 20Олардың көбиси:
– Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди.
21Ал басқалары:
– Бул жинли адамның сөзлери емес. Жин соқырдың көзлерин аша ала ма? – деди.
Басшылардың Ийсадан бас тартыўы
22Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы бағышлаў байрамы#10:22 Ибадатхананы бағышлаў байрамы – б. э. ш. 164 жылғы Қудайдың үйиниң жаңадан бағышланыўын еске алыў байрамы. болды. Қыс еди. 23Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди. 24Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып:
– Қашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масийх болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди.
25Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Әкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр. 26Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер. 27Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди. 28Мен оларға мәңгилик өмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды. 29Оларды Маған берген Әкем – ҳәммеден уллы. Әкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды. 30Мен ҳәм Әкем бирмиз.
31Сонда яҳудий басшылары Оны тас боран қылыў ушын, жерден және тас алды. 32Ийса олардан:
– Мен сизлерге Әкем тапсырған көп жақсы ислерди көрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас боран қылмақшысыз? – деп сорады.
33Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип:
– Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Қудайға тил тийгизгениң ушын, тас боран қылмақшымыз. Сен адам бола тура, Өзиңди «Қудайман», – деп атырсаң, – деди.
34Ийса оларға былай деди:
– «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим»#10:34 Заб 81:6., – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе? 35Қудай Өз сөзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды.
36Әке Мени Өзине ажыратып алып, дүньяға жиберди. Солай екен, «Қудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге Маған «Қудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер? 37Егер Әкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер. 38Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Әкениң Менде, Мениң Әкеде екенимди түсинип, билип аласызлар.
39Сол ўақытта олар Ийсаны услап алыўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды.
40Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды. 41Оған көп адамлар келип:
– Яқыя ҳеш қандай кәраматлы белги ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди.
42Сол жерде көп адамлар Ийсаға исенди.

Märk

Dela

Kopiera

None

Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in