Юхан 5
5
Ҳәўиздеги ләңниң шыпа табыўы
1Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти. 2Ерусалимдеги Қой дәрўазасы қасында еврейше Бейтзата деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди. 3-4Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә көп кесел адамлар жататуғын еди#Юхн 5:3-4 Базы қолжазбаларда 3-аяттың ақырында ҳәм 4-аятта мына сөзлер де бар: «Олар суўдың қозғалыўын күтип жататуғын еди. Себеби Жаратқан Ийениң бир периштеси ара-тура ҳәўизге түсип, суўды ҳәрекетке келтиретуғын еди. Суў қозғалғаннан соң, биринши болып суўға түскен адам қандай аўырыў болса да, аўырыўына шыпа табатуғын еди».. 5Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди. 6Ийса оның жатырғанын көргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан:
– Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады.
7Кесел адам Оған:
– Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди.
8Ийса оған:
– Орныңнан тур, төсегиңди ал да, жүр, – деди.
9Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм төсегин алып жүрип кетти. Бул Шаббат күни еди. 10Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға:
– Бүгин Шаббат күни-ғо, төсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди.
11Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди:
– Маған шыпа берген Адам: «Төсегиңди ал да, жүр», – деди.
12– Саған: «Төсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар.
13Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында көринбей қалған еди.
14Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған:
– Мине, сен шыпа таптың. Саған еле де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди.
15Сол адам барып, өзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди.
16Бундай ислерди Шаббат күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай#Юхн 5:16 Базы қолжазбаларда «…ҳәм Оны өлтириўдиң жолын излей» деген сөзлер де бар. баслады. 17Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Әкем#5:17 Әкем – Қудай. усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман.
18Сол себепли яҳудий басшылары Оны өлтириў ушын және де көбирек ҳәрекет етти. Өйткени Ол тек Шаббат күнин бузып ғана қоймай, Қудайды Әкем деп, Өзин Қудайға теңлестирген еди.
Қудай Улының бийлиги
19Ийса яҳудийлерге былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Әкениң қылған ислерин көрмегенше, Өзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Әке нени ислесе, Улы да соны ислейди. 20Себеби Әке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған көрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған көрсетеди. 21Әкениң өлилерди тирилтип, оларға өмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына өмир береди. 22Әке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған. 23Солай етип, ҳәмме адам Әкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Әкени де ҳүрмет етпеген болады.
24Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сөзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик өмир бар. Ол ҳүким етилмей, өлимнен өмирге өтти. 25Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: өлилердиң Қудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи. 26Өйткени Әкениң Өзи өмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Өзине де өмирдиң тийкары болыўды инам етти. 27Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы.
28Буған ҳайран қалмаңлар. Қәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр. 29Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи. 30Мен Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Қалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени жиберген Әкемниң еркин орынлайман.
31Егер Мен Өзим туўралы Өзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды. 32Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен.
33Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди. 34Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман. 35Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер.
36Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Әкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң өзи Мени Әкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр. 37Мени жиберген Әкемниң Өзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де көрмегенсизлер. 38Оның сөзлери де сизлерде жайласпайды, өйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар. 39Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик өмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди. 40Бирақ сизлер мәңгилик өмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер.
41Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман. 42Бирақ сизлерди билемен, жүрегиңизде Қудайға деген сүйиспеншилик жоқ. 43Мен Әкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў өз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер. 44Сизлер бир-бириңизден мақтаў еситиўди жақсы көресизлер, бирақ жалғыз Қудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар?
45Мени Әкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы өзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады. 46Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Өйткени ол Мен туўралы жазған еди. 47Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сөзлериме қалай исенесизлер?
Nu markerat:
Юхан 5: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022

: