Юхан 7
7
Ийса ҳәм Оның инилери
1Соңынан Ийса Галила бойлап жүрди, өйткени яҳудий басшылары Оны өлтирмекши болғанлықтан, Ол Яҳудияда жүриўди қәлемеди. 2Яҳудийлердиң Қос байрамы жақынлап қалған еди. 3Сонда Ийсаның инилери Оған:
– Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де көрсин. 4Себеби өзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Өзиңди дүньяға көрсет, – деди.
5Өйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди.
6Ийса оларға:
– Мен ушын ылайықлы ўақыт еле келмеди. Ал сизлер ушын ҳәр қандай ўақыт қолайлы. 7Дүнья сизлерди жек көре алмайды, бирақ Мени жек көреди. Себеби Мен оның ислериниң жаман екенлиги ҳаққында гүўалық берип жүрмен. 8Сизлер байрамға барыңлар. Мен ҳәзирше бул байрамға бармайман, өйткени Мениң ўақтым еле толмады, – деди.
9Ийса оларға усыларды айтып, Галилада қалды.
Ийса Ерусалимдеги байрамда
10Бирақ инилери байрамға кеткеннен соң, Ийсаның Өзи де барды. Ашық түрде емес, ал жасырын барды. 11Яҳудий басшылары Ийсаны байрамда излеп: «Ол қаяқта?» – деп сорады.
12Халық арасында Ол ҳаққында көп сыбырлы сөзлер болды. Биреўлер: «Ол жақсы Адам», – десе, басқалар: «Яқ, Ол халықты жолдан азғырып атыр», – деди. 13Бирақ яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, ҳеш ким Ол ҳаққында ашық сөйлей алмайтуғын еди.
14Байрамның ярымы өткенде Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим бере баслады. 15Яҳудий басшылары:
– Бул Адам ҳеш оқымаған болса да, усыншама билимди қаяқтан алған? – деп таң қалысты.
16Ийса оларға жуўап берип былай деди:
– Мениң тәлиматым Өзимдики емес, ал Мени Жибергендики. 17Ким де ким Қудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тәлиматтың Қудайдан ба ямаса Мен Өзлигимнен айтып атырман ба, билип алады. 18Өз атынан сөйлеўши өзине уллылық излейди, ал Өзин Жибергенниң уллылығын излеўши – ҳақыйқатшыл, Онда жалған жоқ. 19Муўса сизлерге Мухаддес Нызамды бермеди ме? Бирақ ҳеш бириңиз де Мухаддес Нызамды орынламайсызлар. Мени не ушын өлтирмекшисизлер?
20Халық:
– Сени жин урған ба? Ким Сени өлтирмекши? – деди.
21Ийса сөзин даўам етип, оларға былай деди:
– Мен бир ис иследим, ҳәммеңиз буған ҳайран қалып атырсызлар. 22Муўса сизлерге сүннетти буйырғанлықтан, сизлер Шаббат күнинде де баланы сүннет етесизлер. Бирақ ҳақыйқатында, сүннет Муўсадан емес, ал оннан да алдынғы ата-бабаларыңыздан қалған#7:22 Жар 17:9-14.. 23Муўсаның Нызамы бузылмасын деп, бала Шаббат күни болса да сүннет қылынады екен, неге сизлер Маған Шаббат күни бир адамға толық шыпа бердиң, деп ашыўланасызлар? 24Сыртқы көриниске қарап ҳүким етпеңлер, ал әдиллик пенен ҳүким шығарыңлар.
Ийса – Масийх па?
25Сонда айырым ерусалимлилер:
– Өлтирмекши болып атырғаны усы Адам емес пе? 26Мине, Ол ашық сөйлеп тур, ал олар Оған ҳеш нәрсе деп атырған жоқ. Мүмкин, басшылар Оның Масийх екенин ҳақыйқаттан да тән алған шығар? 27Бирақ бизлер бул Адамның қаяқтан келгенин билемиз. Ал Масийх келгенде, Оның қаяқтан келгенин ҳеш ким билмейди, – дести.
28Сол ўақытта Ибадатханада тәлим берип турған Ийса бәлент даўыс пенен былай деди:
– Сизлер Мени ҳәм Мениң қаяқтан екенимди билесизлер. Мен Өз-Өзимнен келгеним жоқ. Мени Жиберген Ҳақ, сизлер Оны билмейсизлер. 29Бирақ Мен Оны билемен, себеби Мен Оннан келдим, Мени Ол жиберди.
30Сонда олар Ийсаны услаўға тырысты, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Өйткени Оның ўақты еле келмеген еди. 31Ал халық арасында көп адамлар Оған исенип:
– Масийх келгенде, бул Адамнан да көбирек кәраматлы белгилер ислер ме екен? – деди.
32Парисейлер Ийса ҳаққында халық арасындағы бул сөзлерди еситти. Сонлықтан олар ҳәм бас руўханийлер Ийсаны услаў ушын сақшыларды жиберди.
33Ийса былай деди:
– Мен сизлер менен бирге аз ўақыт боламан, соңынан Мени Жибергенге қайтып бараман. 34Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар.
35Сонда яҳудий басшылары өз ара:
– Бул Адам бизлер таба алмайтуғындай қаяққа бармақшы? Ол греклер арасына тарқалып кеткен яҳудийлерге барып, греклерге тәлим бермекши ме? 36«Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар», – деген сөзлер нени аңлатады екен? – дести.
Тири суў
37Байрамның соңғы, уллы күнинде Ийса орнынан турып, бәлент даўыс пенен былай деди:
– Ким де ким шөллесе, Маған келип ишсин. 38Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Маған исенген адамның ишинен тири суў дәрья болып ағады.
39Ийса бундай деп, Өзине исенетуғынлар алатуғын Мухаддес Руўх ҳаққында айтқан еди. Себеби Ол еле уллылыққа ериспегенликтен, оларға Мухаддес Руўх еле берилмеген еди.
40Халық арасынан айырымлар бул сөзлерди еситип:
– Бул – ҳақыйқаттан да Пайғамбар, – деди.
41Басқалары: «Бул – Масийх», – деди.
Ал гейбиреўлери: «Яқ, Масийх Галиладан келетуғын ба еди? 42Мухаддес Жазыўда Масийх Даўыттың урпағынан болып, Даўыттың ана журты Бейтлеҳем аўылынан келетуғыны#7:42 2Пат 7:12; Мих 5:2. жазылған емес пе?» – деди.
43Солай етип, Ийса себепли халық арасында бөлиниў пайда болды. 44Олардың гейбиреўлери Оны усламақшы болды, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди.
Яҳудий басшыларының Ийсаға исенбеўи
45Сақшылар қайтып келгенде, бас руўханийлер менен парисейлер олардан:
– Неге Оны алып келмедиңлер? – деп сорады.
46Сақшылар жуўап берип:
– Ҳеш ким ҳеш қашан бул Адам сыяқлы сөйлеген емес, – деди.
47Парисейлер оларға:
– Сизлер де алдандыңыз ба? 48Басшылардан ямаса парисейлерден Оған исенген адам болды ма, сирә? 49Бирақ, Мухаддес Нызамды билмейтуғын бул халық нәлет етилген, – деди.
50Олардың бири, бурын Ийсаға келген Никодим атлы адам оларға:
51– Нызамымыз бойынша, дәслеп адамды тыңламай турып, оның не ислегенин билместен, ҳүким етиўге бола ма? – деди.
52Оған:
– Сен де Галиладансаң ба? Мухаддес Жазыўды жақсылап оқы, сонда Галиладан пайғамбар шықпайтуғынын билесең, – деди олар.
53Соңынан ҳәммеси үйлерине тарқасты.
Nu markerat:
Юхан 7: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022

: