Юхан 9
9
Ийсаның иштен соқыр болып туўылған адамға шыпа бериўи
1Ийса өтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды көрди. 2Шәкиртлери Ийсадан:
– Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, өзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады.
3Ийса былай деп жуўап берди:
– Буған адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себеп болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды. 4Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды. 5Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман.
6Ийса бул сөзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың көзлерине жақты 7ҳәм оған:
– Барып, Силоам ҳәўизинде жуўын, – деди.
Силоам – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм көзлери көретуғын болып, қайтып келди.
8Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын көргенлер:
– Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди.
9Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», деди. Ал оның өзи: «Мен сол адамман», деди.
10– Олай болса, көзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар.
11Ол жуўап берип:
– Ийса деген Адам ылай ислеп, көзлериме жақты ҳәм маған: «Силоам ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм көзлерим көретуғын болды, – деди.
12Олар:
– Ол қаяқта? – деп сорады.
– Билмеймен, – деди ол.
13Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды. 14Ийсаның ылай ислеп, соқырдың көзин ашқан күн Шаббат күни еди. 15Сонда парисейлер де оннан көзлериниң қалай көретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға:
– Ийса мениң көзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди көретуғын болдым, – деди.
16Сонда гейбир парисейлер:
– Бул Адам Қудайдан емес. Өйткени Шаббат күни жумыс ислеп атыр, – деди.
Бирақ басқалары:
– Гүнакар адам бундай кәраматлы белгилерди қалай ислей алады? – деди.
Солай етип, олардың арасында бөлиниў пайда болды.
17Олар және бурын соқыр болған сол адамнан:
– Көзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады.
– Ол пайғамбар, – деди ол.
18Бирақ яҳудий басшылары көзлери ашылған адамның ата-анасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди көзлериниң көретуғынына исенбеди. 19Олар оның ата-анасынан:
– Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай көретуғын болды? – деп сорады.
20Оның ата-анасы жуўап берип:
– Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз. 21Бирақ, енди қалай оның көретуғын болғанын ҳәм оның көзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Өзинен сораң, ол ержеткен, өзи ушын өзи сөйлесин, – деди.
22Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масийх екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди. 23Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, өзинен сораң», – деген еди.
24Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған:
– Ҳақыйқатын айтып, Қудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди.
25– Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди көретуғын болдым, – деп жуўап берди ол.
26Олар және оннан:
– Ол саған не иследи? Көзлериңди қалай ашты? – деп сорады.
27– Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол.
28Сонда яҳудийлер оған жекиринип:
– Сен Оның шәкиртисең! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз! 29Қудайдың Муўса менен сөйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди.
30Көзи ашылған адам оларға:
– Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң көзлеримди ашты. 31Бизлер Қудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Қудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды. 32Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның көзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп. 33Егер бул Адам Қудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди.
34Яҳудийлер оған жуўап берип:
– Өзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды.
Руўхый соқырлық
35Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып:
– Сен Адам Улына#Юхн 9:35 Адам Улына – Базы қолжазбаларда «Қудай Улына». исенесең бе? – деп оннан сорады.
36Ол жуўап берип:
– Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди.
37Ийса оған:
– Сен Оны көрдиң. Мине, сениң менен сөйлесип турған – Оның Өзи, – деди.
38Сонда ол:
– Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға сыйынды.
39Ийса:
– Соқырлар көрсин, көретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди.
40Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сөзлерди еситип, Оған:
– Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди.
41Ийса оларға:
– Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Көзлеримиз көреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди.
Nu markerat:
Юхан 9: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022