Лука 13
13
Тәўбе етиў ҳаққында
1Сол ўақытта гейбиреўлер Ийсаға келип, Пилаттың галилалыларды өлтирткени ҳәм олардың қанын өзлери шалған қурбанлықлары менен араластырып таслағаны ҳаққында айтып берди. 2Ийса оларға:
– Усындай апатқа ушырағанлықтан, бул галилалыларды басқа барлық галилалылардан гүналырақ, деп ойлайсызлар ма? 3Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар. 4Үстилерине Силоам минарасы қулап өлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма? 5Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди.
6Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди:
– Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты. 7Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти. 8Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый төгейин. 9Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз», – депти.
Ийсаның бүкир ҳаялға шыпа бериўи
10Бир Шаббат күни Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди. 11Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди. 12Ийса оны көрип, жанына шақырып алды да, оған:
– Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп, 13оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Қудайға алғыслар айта баслады.
14Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның Шаббат күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа:
– Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға Шаббат күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди.
15Ийемиз оған былай деп жуўап берди:
– Ҳәй, еки жүзлилер! Шаббат күни ҳәр бириңиз өгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба? 16Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын Шаббат күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди?
17Ийса усы сөзлерди айтқанда, Оған қарсылық көрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды.
Қышқыл туқым ҳәм ашытқы
(Мат 13:31-33; Мрк 4:30-32)
18Соңынан Ийса:
– Қудайдың Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин? 19Ол – бир адамның өз бағына еккен қышқыл туқымына#13:19 Қышқыл туқым – горчица. уқсайды. Ол өсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди.
20Ийса және былай деди:
– Қудайдың Патшалығын неге уқсатайын? 21Ол бир ҳаялдың үш самар қамырға аз ғана ашытқы салғанда, барлық қамырды ашытатуғын ашытқысына уқсайды.
Тар қапыдан кириңлер!
(Мат 7:13-14, 21-23)
22Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди. 23Бир адам Ийсадан:
– Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады.
24Сонда Ийса халыққа былай деди:
– Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: көплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды. 25Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди. 26Сонда сизлер: «Бизлер Сениң көз алдыңда ишип-жедик. Сен бизлердиң көшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар. 27Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди.
28Сизлер Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың ҳәм барлық пайғамбарлардың Қудайдың Патшалығында жүргенин, ал өзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды көргениңизде жылап, пушайман жейсизлер. 29Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Қудайдың Патшалығында дастурхан әтирапына отырады. 30Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады.
Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы
(Мат 23:37-39)
31Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға:
– Бул жерден кет, Ҳирод Сени өлтирмекши, – деди.
32Ийса оларға былай деди:
– Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман. 33Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Өз жолым менен жүриўим керек. Өйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде өлиўге болмайды.
34Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас боран қылыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 35Мине, үйиңизди Қудай таслап кетеди. Сизлерге айтатуғыным: «Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!»#13:35 Заб 117:26. – деп айтқанларыңызға дейин Мени көрмейсизлер.
Nu markerat:
Лука 13: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022