Лука 15
15
Жойтылған қой
(Мат 18:12-14)
1Ийсаны тыңлаў ушын көп салықшылар менен гүнакарлар Оның қасына жақынлап келген еди. 2Парисейлер менен диний муғаллимлер буны көрип:
– Ол гүнакарларды қабыл етип, олар менен бирге аўқат жейди, – деп наразылық билдирди.
3Сонда Ийса оларға мына тымсалды айтып берди:
4– Айтайық, араңыздағы бириңиздиң жүз қойы болып, биреўин жойтып алса, ол тоқсан тоғызын шөл далада қалдырып, жойтылған бир қойын таппағанша излеп жүрмес пе еди? 5Таўып алғаннан соң қуўанып кетип, оны ийнине көтерип алады да, 6үйине келип, дослары менен қоңсыларын шақырып, оларға: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған қойымды таптым», – дейди. 7Сизлерге айтатуғыным: сол сыяқлы, тәўбе етиўге ҳәжети жоқ тоқсан тоғыз ҳақ адамнан гөре, тәўбе еткен бир гүнакарға аспанда көбирек қуўанады.
Жойтылған гүмис теңге
8– Айтайық, бир ҳаялдың он драхмасы#15:8 Он драхма – бир драхма жумысшының бир күнлик ис ҳақысы. болып, биреўин жойтып алса, ол шыра жағып, үйди сыпырып, таппағанша муқыятлап излемес пе еди? 9Таўып алғаннан соң, қурдаслары менен қоңсыларын шақырып: «Мениң менен бирге қуўаныңлар, жойтылған драхмамды таўып алдым», – дейди. 10Сизлерге айтатуғыным: Қудайдың периштелери де тәўбе еткен бир гүнакар ушын усылай қуўанады.
Жойтылған ул
11Ийса және былай деди:
– Бир адамның еки улы бар екен. 12Олардың генжетайы әкесине:
– Әке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бөлегин бер, – депти.
Сонда әкеси мал-мүлкин еки улына бөлип берипти. 13Бир неше күн өткеннен соң, киши ул бары-жоғын жыйнап алып, узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жөнсиз сарп етипти. 14Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң, сол елде аўыр ашаршылық болып, ол жоқшылыққа ушырапты. 15Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберипти. 16Жигит шошқалар жейтуғын жем менен қарнын тойдырыўға да зар болыпты. Бирақ оған ҳеш ким ҳеш нәрсе бермепти. 17Оның ақылы енип:
– Әкемниң қаншама жалланған жумысшылары нанға тойып жүр, ал мен бул жерде аштан өлейин деп атырман. 18Қой, әкеме барайын, оған: «Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. 19Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен. Мени жалланған жумысшыларыңның қатарына қабыл ет», – деп айтайын, – депти.
20Солай етип, жигит әкесине қарай жолға шығыпты. Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип, баўыры елжиреп кетипти. Жуўырып барып, улын қушақлап сүйе баслапты. 21Улы оған:
– Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим. Енди сениң улың деп аталыўға ылайықлы емеспен, – депти.
22Бирақ әкеси хызметшилерине:
– Тез болыңлар, ең жақсы кийим әкелип, оған кийгизиңлер. Қолына жүзик тағып, аяғына аяқ кийим бериңлер. 23Бағып семиртилген баспақты әкелип сойыңлар, ишип-жеп, кеўил көтерейик. 24Себеби мениң бул улым өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.
Солай етип, олар тойлай баслапты.
25Сол ўақытта үлкен улы атызда еди. Қайтып киятырып үйине жақынлағанда, нама ҳәм ойын-күлки сеслерин еситипти. 26Хызметшилериниң биреўин шақырып алып:
– Бул не? – деп сорапты.
27Хызметши оған:
– Иниңиз қайтып келди, әкеңиз оның аман-саў қайтып келгени ушын семиртилген баспақты сойды, – деп жуўап берипти.
28Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди өтинипти. 29Бирақ ол әкесине былай депти:
– Мине, мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң. 30Ал енди болса, мал-мүлкиңди бузық ҳаялларға сарп етип келген мына улыңа семиртилген баспақты сойыпсаң.
31Әкеси оған:
– Улым! Сен ҳәмме ўақыт мениң менен биргесең. Мениң барлық мал-мүлким сеники. 32Бирақ бүгин қуўанып, кеўил көтериўимиз керек. Өйткени сениң бул иниң өлген еди – тирилди, жойтылған еди – табылды, – депти.
Nu markerat:
Лука 15: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022

: