Лука 17

17
Кеширим, исеним ҳәм хызмет
(Мат 18:6-7, 21-22; Мрк 9:42)
1Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди:
– Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң келиўи сөзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди! 2Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гөре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди. 3Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир. 4Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
5Сонда елшилер Ийемизге:
– Исенимимизди арттыр, – деди.
6Ийемиз былай деди:
– Егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сөзиңизди тыңлайды.
7Араңызда қайсы бириңиз жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиңиз даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейсиз? 8Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан өзиң ишип-жейсең», – деп айтпайсыз ба? 9Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен? 10Сол сыяқлы сизлер де өзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер.
Тери кеселлигине шалынған он адам
11Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди. 12Ол бир аўылға кирип киятырғанда тери кеселлигине шалынған он адам гезлести. Олар узақта турып, 13қатты даўыслап:
– Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди.
14Ийса оларды көрип:
– Барып, өзлериңизди руўханийлерге көрсетиңлер, – деди.
Олар кетип баратырғанда тери кеселлигинен жазылып кетти. 15Олардың ишиндеги биреўи өзиниң шыпа тапқанын көрип, бәлент даўыс пенен Қудайды алғыслап, қайтып келди де, 16Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди. 17Сонда Ийса:
– Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Қалған тоғызы қаяқта? 18Қудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди.
19Соң оған:
– Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.
Қудайдың Патшалығының келиўи
(Мат 24:23-28, 37-41)
20Парисейлер Қудайдың Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Қудайдың Патшалығы көзге көринип келмейди. 21«Мине, бул жерде» ямаса «Әне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Қудайдың Патшалығы сизлердиң араңызда, – деди.
22Соң Ийса шәкиртлерине былай деди:
– Адам Улының күнлериниң бирин болса да көриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, көре алмайсызлар. 23Сизлерге: «Әне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер. 24Өйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Өз күнинде солай пайда болады. 25Бирақ дәслеп Ол көп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис.
26Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады. 27Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип-жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан топан суўы басып, ҳәммени набыт қылды#17:27 Жар 6:5–7:1.. 28Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип-жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды. 29Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды#17:28-29 Жар 19:1-29.. 30Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады.
31Сол күни тамның төбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алыў ушын төменге түспесин. Ким де ким атызда болса, изине қайтпасын. 32Луттың ҳаялын#17:32 Жар 19:23-26. еске түсириңлер! 33Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны набыт қылады, ал ким де ким өз жанын набыт қылса, оны сақлайды. 34Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир төсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. 35Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. [36#Лук 17:36 Базы қолжазбаларда 36-аят та бар: «Еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады».]
37Сонда шәкиртлери Ийсадан:
– Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады.
Ийса оларға:
– Өлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди.

Märk

Dela

Kopiera

None

Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in