Лука 9
9
Он еки елшиниң тапсырма алыўы
(Мат 10:5-15; Мрк 6:7-13)
1Ийса қасына он еки шәкиртин шақырып алып, оларға барлық жинлерди қуўып шығарыўға ҳәм аўырыўларға шыпа бериўге күш ҳәм бийлик берди. 2Қудайдың Патшалығын жәриялап, аўырыў адамларға шыпа бериў ушын оларды жиберип, 3Ийса былай деди:
– Жолға ҳеш нәрсе: таяқ та, қалта да, нан да, ақша да, артық кийим де алмаңлар. 4Қайсы үйге кирсеңлер де, ол жерден кеткениңизше, сол үйде болыңлар. 5Егер бир қалада сизлерди қабыл алмаса, сол қаладан шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер.
6Шәкиртлер жолға шықты. Олар ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялады ҳәм аўырыўларға шыпа берип, аўылларды аралап жүрди.
Ийса ҳәм Ҳирод
(Мат 14:1-12; Мрк 6:14-29)
7Үлке ҳүкимдары Ҳирод болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында еситип, тынышсызланып қалды. Себеби гейбиреўлер: «Яқыя өлимнен қайта тирилипти» десе, 8басқалар: «Илияс пайда болыпты» деп, және биреўлер: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилипти», – дейтуғын еди. 9Ал Ҳирод: «Яқыяның басын кестирген едим-ғо. Енди мынадай ислерди ислеп атыр деп, мен еситкен Адам ким болды екен?» – деп Ийсаны көриўдиң жолын излестирди.
Ийсаның бес мыңнан аслам адамды тойғызыўы
(Мат 14:13-21; Мрк 6:30-44; Юхн 6:1-14)
10Елшилер қайтып келип, ислеген ҳәмме ислери ҳаққында Ийсаға айтып берди. Ийса Өзи менен бирге тек оларды ғана алып, Бетсайда деп аталған қалаға#Лук 9:10 Бетсайда деп аталған қалаға – Базы қолжазбаларда «Бетсайда деген қалаға жақын жердеги бир шөлге». кетти. 11Бирақ халық буны билип, Ийсаның изинен келди. Ийса оларды жақсы қабыл алып, оларға Қудайдың Патшалығы ҳаққында айтты ҳәм шыпаға мүтәж адамларға шыпа берди.
12Күн кеш бола баслағанда, он еки елшиси Ийсаның алдына келип:
– Халықты жибер. Әтираптағы аўыл-елатларға барып, түнейтуғын жер менен азық-аўқат тапсын. Өйткени бизлер бир елсиз жердемиз-ғо, – деди.
13Бирақ Ийса оларға:
– Оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди.
– Бизлер барып, сонша адамға азық сатып алмасақ, бес нан менен еки балықтан басқа ҳеш нәрсемиз жоқ, – деди шәкиртлери.
14Себеби ол жерде бес мыңға шамалас ер адам бар еди.
Ийса шәкиртлерине:
– Оларды елиў-елиўден топқа бөлип отырғызыңлар, – деди.
15Шәкиртлери солай ислеп, ҳәммесин жерге отырғызды. 16Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап олар ушын Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди. 17Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
Петрдиң Ийсаның Масийх екенлигин мойынлаўы
(Мат 16:13-19; Мрк 8:27-29)
18Күнлердиң биринде Ийса аўлақ жерде дуўа етип турғанда, шәкиртлери де Оның менен бирге еди. Ийса олардан:
– Халық Мени ким деп санайды? – деп сорады.
19Шәкиртлери жуўап берип былай деди:
– Шомылдырыўшы Яқыя деп санайды, ал базылары Илияс, және басқалары: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилип келипти», – деседи.
20Ийса олардан:
– Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады.
Петр Оған:
– Сен – Қудайдың жиберген Масийхысаң, – деп жуўап берди.
Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында билдириўи
(Мат 16:20-28; Мрк 8:31-38)
21Ийса бул туўралы ҳеш кимге айтпаўларын оларға қатаң ескертти де:
22– Адам Улы көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис, – деди.
23Сонда Ийса ҳәммеге былай деди:
– Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 24Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады. 25Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, өз жанын жойтып, өзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда? 26Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Өзиниң, Әкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады. 27Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудайдың Патшалығын көрмегенше, өлмейди.
Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи
(Мат 17:1-8; Мрк 9:2-8)
28Бул сөзлерди айтқаннан соң сегиз күндей өткенде, Ийса Петр, Юхан ҳәм Яқыпты қасына алып, дуўа етиў ушын таўға шықты. 29Ийса дуўа еткенде, Оның түр-түси өзгерди, кийимлери де аппақ түске енип, жарқырап кетти. 30Сонда еки ер адам Оның менен сөйлесип турған еди. Булар Муўса менен Илияс еди. 31Олар уллы салтанат пенен көринип, Ийсаның жақында Ерусалим қаласында дүньядан өтип, Қудайдың еркин орынлаўы тийис екени ҳаққында сөйлести. 32Ал Петр менен оның қасындағыларды күшли уйқы басқан еди. Олар оянып кетип, Ийсаның уллылығын ҳәм Оның менен турған еки ер адамды көрди. 33Олар Ийсаның жанынан кете баслағанда, Петр Ийсаға:
– Устаз, бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
Ол не айтқанын өзи билмеди.
34Петр усыларды айтып турғанда бир булт пайда болып, оларды қаплады. Шәкиртлер булт ишине киргенде қорқысып қалды. 35Сонда булттан:
– Бул – Мениң таңлап алған Улым, Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
36Даўыс тынып қалғаннан соң, Ийсаның жалғыз Өзи қалды. Шәкиртлери тис жарып, көргенлери ҳаққында сол күнлери ҳеш кимге айтпады.
Ийсаның жин урған баланы азат қылыўы
(Мат 17:14-21; Мрк 9:14-29)
37Келеси күни олар таўдан түскенде, Ийсаны көп халық күтип алды. 38Күтилмегенде халық арасынан биреў бақырып:
– Устаз, Сеннен өтинип сорайман, мениң балама бир нәзер сала гөр! Ол мениң жалғыз балам! 39Баламды жаўыз руўх тутқанда, ол бирден қышқырып жибереди. Жаўыз руўх оны қалтыратып, аўзынан көбик ағызады да, азаплап болғаннан соң, зорға дегенде оннан кетеди. 40Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды өтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди.
41Ийса жуўап берип:
– Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге болып, сизлерге шыдайман? Балаңды бул жерге алып кел, – деди.
42Бала киятырғанда жин оны жерге жығып, қалтырата баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа тыйым салып, балаға шыпа берди ҳәм оны әкесине тапсырды. 43Ҳәмме Қудайдың уллылығына таң қалысты.
Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалып турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине:
44– Мына сөзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди.
45Бирақ олар бул сөздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сөз туўралы Ийсадан сораўға қорқты.
Аспан Патшалығында ең уллы ким?
(Мат 18:1-5; Мрк 9:33-37)
46Шәкиртлер өз ара:
– Қайсы биримиз уллымыз? – деп тартыса баслады.
47Ийса олардың кеўиллериндеги ойды билип, бир кишкене баланы алды да, оны жанына қойып, 48оларға былай деди:
– Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Өйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады.
49Сонда Юхан:
– Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды көрдик. Бирақ ол бизлер менен бирге Саған ермегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
50Ийса Юханға:
– Оған тыйым салмаңлар. Себеби ким де ким сизлерге қарсы болмаса, ол сизлердиң тәрепдарыңыз, – деди.
Самариялылардың Ийсаны тән алмаўы
51Ийсаның бул дүньядан аспанға алынатуғын күнлери жақынлағанда, Ол Ерусалимге барыўға қарар етти. 52Ол алдынан хабаршыларын жиберди. Олар барып, Ийсаның келиўине таярлық көриў ушын, Самарияның бир аўылына кирди. 53Бирақ Ийса Ерусалимге қарай баратырғанлықтан, ол жерде Оны қабыл етпеди. 54Шәкиртлери Яқып пенен Юхан буны көрип:
– Ийем! Буларды жоқ қылып жибериў ушын#Лук 9:54 Базы қолжазбаларда «Илиястың ислегениндей» деген сөзлер де бар., аспаннан от түсиўин буйырыўымызды қәлейсең бе? – деди.
55Бирақ Ийса бурылып, оларға кейиди#Лук 9:55 оларға кейиди – Базы қолжазбаларда «оларға кейип, былай деди: „Сизлер қайсы руўхқа тийисли екениңизди билмейсиз“».. 56Соңынан олар басқа аўылға кетти#Лук 9:56 Соңынан олар басқа аўылға кетти – Базы қолжазбаларда: «„Себеби Адам Улы адамларды жоқ қылыў ушын емес, ал оларды қутқарыўға келди.“ Соңынан олар басқа аўылға кетти»..
Ийсаға шәкирт болыўдың шәртлери
(Мат 8:19-22)
57Олар жолда киятырғанда, биреў Ийсаға:
– Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
58Ийса оған:
– Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас қойып тынығатуғын орны да жоқ, – деди.
59Ал басқа биреўине:
– Мениң изиме ер, – деди.
Бирақ ол:
– Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
60Ийса оған:
– Өлилерди жерлеўди өлилердиң өзлерине қалдыр. Ал сен барып, Қудайдың Патшалығы туўралы жәрияла, – деди.
61Және биреў Ийсаға:
– Ийем, мен Сениң изиңе еремен, бирақ дәслеп үй-ишим менен хошласып келиўиме рухсат ет, – деди.
62Бирақ Ийса оған:
– Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Қудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди.
Nu markerat:
Лука 9: КркМК22
Märk
Dela
Kopiera
Vill du ha dina höjdpunkter sparade på alla dina enheter? Registrera dig eller logga in
© Институт перевода Библии, 2022

: