Жаратылыс 13
13
Ибрам менен Луттың бир-биринен бөлиниўи
1Ибрам ҳаялын ҳәм өзиниң барлық мал-мүлкин алды да, Мысырдан шығып, Негебке кетти. Лут та олар менен бирге кетти. 2Ибрам малларға, гүмис ҳәм алтынларға оғада бай еди. 3Ол Негебтен Бейт-Элге шекем көшип-қонып жүрди ҳәм Бейт-Эл менен Ай қаласының ортасындағы бурын өзи шатыр қурған орынға келди. 4Сол жерде бурын өзи қурған қурбанлық орынға барып, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырды.
5Ибрам менен бирге көшкен Луттың да ири ҳәм майда маллары, шатырлары бар еди. 6Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан жер жетиспей, бирге жасаў мүмкин болмай қалды. 7Сонлықтан Ибрам менен Луттың шопанлары арасында жәнжел пайда болды. Сол ўақытлары қанан ҳәм периз халықлары да усы елде жасайтуғын еди.
8Сонда Ибрам Лутқа: «Бизлердиң арамызда да, шопанларымыздың арасында да жәнжел болмасын. Ақыры, бизлер туўысқанбыз-ғо! 9Барлық жер сениң көз алдыңда. Кел, бөлинейик. Егер сен солға кетсең, мен оңға кетемен. Егер сен оңға кетсең, мен солға кетемен», – деди.
10Лут әтирапына қарап, пүткил Иордан тегислигиниң Соарға шекемги мол суўлы жерлерин көрди. Жаратқан Ийе Содом ҳәм Гомораны жоқ етпестен алдын, бул жерлер Жаратқан Ийениң бағындай, Мысыр жериндей еди. 11Лут пүткил Иордан тегислигин таңлап, шығысқа қарай кетти. Солай етип, олар бир-биринен бөлинди. 12Ибрам Қанан жеринде қалды, ал Лут тегисликтеги қалалардың арасына жайласып, Содомға жақын жерге шатыр қурды. 13Содом халқы жаўыз болып, Жаратқан Ийеге қарсы көп гүналар ислейтуғын еди.
14Лут Ибрамнан бөлингеннен соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Өзиң турған жерден арқаға ҳәм қублаға, шығысқа ҳәм батысқа қара! 15Өзиң көрип турған жердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа мәңгиге беремен. 16Урпақларыңды жердиң қумы сыяқлы көбейтемен. Ким де ким жердеги қумларды санай алса, сениң урпақларыңды да санай алады. 17Қәнекей, бар да, Мениң саған беретуғын жерлеримди бастан аяғына шекем айланып шық».
18Ибрам Хебронға жақын жердеги Мамрениң теребинф тереклиги жанына шатырларын көширип апарып орналасты. Сол жерде ол Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды.
Seçili Olanlar:
Жаратылыс 13: КркМК22
Vurgu
Paylaş
Kopyala
Önemli anlarınızın tüm cihazlarınıza kaydedilmesini mi istiyorsunuz? Kayıt olun ya da giriş yapın
© Институт перевода Библии, 2022

: