YouVersion Logo
تلاش

Жаратылыс 15

15
Қудайдың Ибрам менен келисим дүзиўи
1Бул ўақыялардан соң, Жаратқан Ийе Ибрамға былай деп аян берди:
– Қорқпа, Ибрам. Мен – сениң қалқаныңман. Саған берилетуғын сыйлық оғада уллы болады.
2Бирақ Ибрам былай деди:
– Қудай Ийе! Сен маған не бересең? Мен еле бийперзентпен-ғо! Мениң үйим дамаскли Элиезерге қалады. 3Сен маған перзент бермегениң себепли, үйимдеги бир хызметшим мийрасхорым болады.
4Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға:
– Сениң мийрасхорың ол емес, ал өзиңнен туўылатуғын балаң болады, – деди. 5Соңынан Ибрамды сыртқа шығарып былай деди:
– Аспанға қара! Егер жулдызларды санай алсаң, оларды санап көр. Мине, сениң урпақларың да сондай көп болады.
6Ибрам Жаратқан Ийеге исенди, Жаратқан Ийе исеними ушын оны ҳақ деп санады.
7Соңынан Ол Ибрамға:
– Бул жерди саған меншик етип бериў ушын, сени калдейлердиң Ур қаласынан шығарған Жаратқан Ийең Мен боламан, – деди.
8Бирақ Ибрам Оннан:
– Қудай Ийе, бул жерлерди меншик етип алатуғынымды қалай билемен? – деп сорады.
9Сонда Жаратқан Ийе оған:
– Маған ҳәр бириниң жасы үш жасар болған қашар, ешки, қошқар, және де, бир қумыры ҳәм кептердиң палапанын алып кел.
10Ибрам ҳәммесин алып келди ҳәм оларды дәл ортасынан бөлип, бөлеклерди бир-бирине қарама-қарсы қойды. Ал қусларды бөлмеди. 11Сойылған маллардың денесине жыртқыш қуслар ушып келип, қона баслады, бирақ Ибрам оларды қуўып жиберди.
12Күн батар ўақытта, Ибрам терең уйқыға кетти. Сонда қорқынышлы бир қара түнек оны қоршап алды. 13Жаратқан Ийе Ибрамға былай деди: «Мынаны жақсы билип қой: сениң урпақларың жат елде келгинди болып жасайды. Олар төрт жүз жыл қулшылықта болып, езиўшилик көреди. 14Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Соннан соң, олар сол жерден көп мал-мүлик пенен шығып кетеди. 15Ал сен ғаррылық дәўранын сүрип, өлип жерленесең ҳәм тынышлық пенен ата-бабаларыңның жанына барасаң. 16Сениң урпақларыңның тек төртинши әўлады ғана бул жаққа қайтып келеди, себеби аморлардың гүнасы еле толыў мөлшерине жеткен жоқ».
17Күн батып, қараңғылық шөккенде, иши түтеп турған ыдыс ҳәм лаўлаған жалын пайда болып, бөлинген маллардың арасынан жүрип өтти. 18Усы күни Жаратқан Ийе Ибрам менен келисим дүзип былай деди: «Мен сениң урпақларыңа Мысыр дәрьясынан уллы Евфрат дәрьясына шекем созылған жерди, 19яғный кен, кениз, қадмон, 20хет, периз, рефа, 21амор, қанан, гиргаш ҳәм ебус халықларының жерлерин беремен».

موجودہ انتخاب:

Жаратылыс 15: КркМК22

سرخی

شئیر

کاپی

None

کیا آپ جاہتے ہیں کہ آپ کی سرکیاں آپ کی devices پر محفوظ ہوں؟ Sign up or sign in