Шәкиртлери Ийсадан:
– Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, өзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады.
Ийса былай деп жуўап берди:
– Бул адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды.