Юхан 12
12
Он екинши бап
Мәриямның Ийсаның аяқларына
әтир май қуйыўы
1Қутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Өзи өлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди. 2Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди. 3Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти.
4Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот:
5– Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди.
6Бул сөзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан өзине алатуғын еди.
7Ийса:
– Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған. 8Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди.
9Көплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол өлимнен тирилткен Лазарды көриў ушын да келди. 10Ал бас руўханийлер Лазарды да өлтириўге тил бириктирген еди. 11Өйткени ол себепли, көп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди.
Ийсаның Ерусалимге
салтанатлы түрде кириўи
12Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген көп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды. 13Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди:
– Ҳосанна!#12:13 Ҳосанна! – «Қудай, бизлерди қутқар!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.
«Ийемиздиң аты менен киятырған
Израилдың Патшасы жарылқансын!» # 12:13 Забур 117:25-26.
14-15Мухаддес Жазыўда:
«Қорқпа, Ерусалим халқы! # 12:14-15 Сөзбе-сөз: Сион қызы.
Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр» # 12:14-15 Зекерия 9:9. , –
деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди.
16Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сөзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди.
17Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны өлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық көргенлерин айтып жүрди. 18Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты#12:18 Сөзбе-сөз: кәраматлы белгини. ислегенин еситкен көп адамлар Оны қарсы алыўға шықты. 19Ал парисейлер бир-бирине:
– Көрип турсызлар ма? Қолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.
Ийсаның Өз өлими ҳаққында
алдын ала айтыўы
20Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди. 21Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип:
– Мырза, бизлер Ийсаны көриўди қәлеймиз, – деп өтиниш етти.
22Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады.
23Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди. 24Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип өлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер өлсе, көп зүрәәт береди. 25Өз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда өз жанын жек көретуғын адам оны мәңгилик өмир ушын сақлайды. 26Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Әкем иззет етеди.
27Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен. 28Әке, Өз атыңды уллыла!
Сонда аспаннан:
– Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди.
29Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сөйледи», – деди.
30Ийса оларға жуўап берип:
– Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди. 31Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими#12:31 Бул дүньяның ҳәкими – шайтан. қуўып шығарылады. 32Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳәмме адамларды Өзиме тартаман, – деди.
33Ийса буны қандай өлим менен өлетуғынын билдириў ушын айтты.
34Халық Оған былай деп жуўап берди:
– Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Қалай Сен: «Адам Улы жоқарыға көтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким?
35Ийса былай деди:
– Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Қараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди. 36Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар.
Ийса усы сөзлерди айтып болып, олардың көзлеринен тасаланды.
Яҳудийлердиң Ийсаға исенбеўи
37Ийса олардың көз алдында сонша кәраматлар#12:37 Сөзбе-сөз: кәраматлы белгилер. ислесе де, олар Ийсаға исенбеди. 38Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сөзлери орынланды:
«Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди?
Ийемниң қүдирети кимге көринди?» # 12:38 Ийшая 53:1.
39Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди:
40 «Қудай олардың көзлерин соқыр етти
ҳәм жүреклерин тас қылды.
Көзлери менен көрмейди,
Жүреклери менен түсинбейди.
Мен оларға шыпа бериўим ушын,
Маған қайтып келмейди» # 12:40 Ийшая 6:10. .
41Ийшая Ийсаның уллылығын көргенликтен, Ол ҳаққында сөйлеп, усы сөзлерди айтқан еди.
42Соған қарамастан, басшылар арасында да көбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады. 43Өйткени олар Қудайдың мақтаўынан гөре, адамның мақтаўын көбирек жақсы көрди.
Ақырғы күн ҳәм ҳүким
44Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди:
– Маған исенген адам Мени Жиберген Қудайға исенген болады. 45Және де, Мени көрген адам Мени Жиберген Қудайды көрген болады. 46Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим.
47Ким де ким Мениң сөзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим. 48Мени тән алмай, сөзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сөйлеген сөзим ақырғы күни оны ҳүким етеди. 49Өйткени Мен Өзлигимнен сөйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Әкемниң Өзи не айтыўымды ҳәм қалай сөйлеўимди Маған буйырды. 50Оның буйрығының мәңгилик өмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Әкемниң Маған айтқанын айтып атырман.
Currently Selected:
Юхан 12: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004