Юхан 13
13
Он үшинши бап
Ийсаның Өз шәкиртлериниң
аяғын жуўыўы
1Қутқарылыў байрамының алдыңғы күни Ийса Өзиниң бул дүньядан Әкесиниң жанына баратуғын ўақты келгенин билди. Ол бул дүньядағы Өзине тийисли адамларды сүйетуғын еди. Оларды ақырына дейин сүйди.
2Ийса шәкиртлери менен кешки аўқатқа отырды. Шайтан әлле қашан Симон улы Яҳуда Исқариоттың кеўлине Ийсаға сатқынлық қылыў нийетин салған еди. 3Ийса Әкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Өзиниң Қудайдан келгенин ҳәм Қудайға қайтып баратырғанын билип, 4дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады. 5Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады.
6Ийса Симон Петрдиң қасына келгенде, Петр Оған:
– Ийем, мениң аяқларымды Сен жуўажақсаң ба? – деди.
7Ийса оған жуўап берип:
– Мениң не ислеп атырғанымды сен ҳәзир түсинбейсең. Бирақ соңынан түсинип аласаң, – деди.
8– Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди ол.
– Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң, – деди Ийса.
9Симон Петр Ийсаға:
– Ийем, онда тек аяқларымды емес, қолларымды да, басымды да жуўа гөр! – деди.
10Ийса оған:
– Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек. Сизлер де тазасызлар, бирақ ҳәммеңиз емес, – деди.
11Ийса Өзине кимниң сатқынлық қылатуғынын билетуғын еди. Сонлықтан: «Бирақ ҳәммеңиз емес» деген еди.
12Шәкиртлериниң аяқларын жуўып болғаннан соң, Ийса кийимлерин кийип, жамбаслап жатты да, оларға былай деди:
– Мениң сизлерге не ислегенимди түсинесизлер ме? 13Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман. 14Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис. 15Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге өрнек көрсеттим. 16Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: хызметши хожасынан уллы емес. Елши де өзин жибергеннен уллы емес. 17Егер сизлер буларды билип орынласаңыз, бахытлы боласызлар!
Ийсаға сатқынлық
18– Мен ҳәммеңиз туўралы айтып атырған жоқпан. Мен Өзимниң таңлап алғанларымды билемен. Бирақ Мухаддес Жазыўдағы: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы қол көтерди»#13:18 Сөзбе-сөз: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы өкшесин көтерди». Забур 40:10., – деген сөзлер орынланыўы керек.
19Бул жүз бергенде, Мениң Сол#13:19 Сол – «Өз-Өзинен бар болған» деген мәнисте. Ески Келисимде Қудай Өзин усылай атаған. екениме исениўиңиз ушын, Мен сизлерге ҳәзир, бул болмастан бурын айтып атырман. 20Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким Мен жиберген адамды қабыл алса, Оның Мени қабыл алғаны болады. Ким де ким Мени қабыл алса, Оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
21Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сөйлеп былай деди:
– Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди.
22Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты. 23Шәкиртлер арасында бири Оның көкирегине сүйенип жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди. 24Симон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады.
25Ийсаның көкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан:
– Ийем, ол ким? – деп сорады.
26Ийса жуўап берип:
– Мен мына бир бөлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бөлек нанды малып, Симон улы Яҳуда Исқариотқа берди. 27Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған:
– Қылажақ исиңди тезирек қыл, – деди.
28Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сөзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди. 29Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери. 30Ал Яҳуда бир бөлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди.
Жаңа буйрық
31Яҳуда сыртқа шығып кеткеннен соң, Ийса былай деди:
– Ҳәзир Адам Улы уллыланды. Ол арқалы Қудай да уллыланды. 32Қудай Ол арқалы уллыланғанлықтан, Қудайдың Өзи де Оны уллылайды. Оны тез арада уллылайды.
33Балаларым! Енди Мен сизлер менен бирге узақ ўақыт болмайман. Мени излейсизлер, бирақ яҳудий басшыларына айтқанымдай, сизлерге де айтатуғыным: Мен баратуғын жерге сизлер бара алмайсызлар.
34Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. 35Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди ҳәмме усы арқалы билип алады.
Петрдиң таныўы
ҳаққында болжаў
36Симон Петр Ийсаға:
– Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди.
Ийса:
– Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди.
37Петр Оған:
– Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди.
38Ийса оған былай деп жуўап берди:
– Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң.
Currently Selected:
Юхан 13: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004