Лука 16
16
Он алтыншы бап
Наҳақ үй басқарыўшы
ҳаққында тымсал
1Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди:
– Бир бай адамның үй басқарыўшысы бар екен. Байдың қулағына: «Үйиңди басқарыўшы мал-мүлкиңди сарп етип жүрипти», – деген шағым жетипти. 2Бай оны шақырып алып:
– Сен туўралы еситип атырғаным не гәп? Өз жумысың бойынша есап бер. Сен буннан былай үй басқарыўшы бола алмайсаң, – депти.
3Сонда үй басқарыўшы өз-өзине:
– Не қылсам екен? Хожайыным мени жумыстан босатып атыр. Жер қазыўға күшим жетпейди, садақа сораўға уяламан. 4Басқарыўшылықтан босатылғанымнан соң, адамлар мени үйлерине қабыл қылыўы ушын не ислесем екен? Ҳе, таптым, – депти де, 5хожайынына қарыздар адамларды бирим-бирим шақырып алып, олардың бириншисинен:
– Хожайынымнан қанша қарызың бар? – деп сорапты.
6Ол:
– Жүз батпан май, – деп жуўап берипти.
– Тил хатыңды ал да, тез отырып, елиў батпан деп жаз, – депти басқарыўшы. 7Соңынан басқасынан:
– Сениң қанша қарызың бар? – деп сорапты.
– Мың қап бийдай, – деп жуўап берипти ол.
Оған да:
– Тил хатыңды ал да, сегиз жүз қап деп жаз, – депти.
8Хожайыны наҳақ үй басқарыўшыны ақыллы ис қылғаны ушын мақтапты. Себеби бул дүньяның адамлары өзи сыяқлылар арасында Нурдың балаларынан гөре ақыллырақ ҳәрекет қылады. 9Мениң сизлерге айтатуғыным: бул дүньяның байлығынан#16:9 Сөзбе-сөз: наҳақ байлықтан. пайдаланып дос арттырыңлар, бул байлық таўсылғанда, олар сизлерди мәңгилик мәканға қабыл қылсын.
10Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды. 11Солай етип, егер сизлер бул дүньяның байлығына#16:11 Сөзбе-сөз: наҳақ байлыққа. садық болмасаңыз, ким сизлерге аспандағы ҳақыйқый байлықты исенип тапсырады? 12Егер сизлер басқаға тийисли нәрсеге садық болмасаңыз, ким сизлерге өзлериңиздикин береди?
13Ҳеш бир хызметши еки хожаға хызмет ете алмайды. Өйткени ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
14Булардың ҳәммесин дүньяхор парисейлер еситип, Ийсаны мазақ қылды. 15Ийса оларға былай деди:
– Сизлер өзлериңизди адамлар алдында ҳақ қылып көрсетесизлер, бирақ Қудай кеўиллериңизди биледи. Адамлар қымбат деп санаған нәрсе Қудай алдында жеркенишли.
16Яқыяға дейин Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлар дәўири болды. Сол ўақыттан баслап, Қудай Патшалығы ҳаққында Хош Хабар жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр бир адам оған кириўге күш салып жүр. 17Бирақ Мухаддес Нызамнан бир ноқат жоғалғанынан гөре, аспан ҳәм жердиң жоқ болып кетиўи аңсатырақ.
18Өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаялға үйленген ҳәр бир адам неке ҳадаллығын бузған болады. Күйеўинен ажырасқан ҳаялға үйленген адам да неке ҳадаллығын бузған болады.
Тиленши Лазар
ҳәм бай ҳаққында тымсал
19– Қымбат баҳалы сәнли кийимлер кийип, ҳәр күни үлкен зыяпатлар беретуғын бир бай адам болыпты. 20Байдың дәрўазасы алдында пүткил денесин жара басқан Лазар атлы бир тиленши жатады екен. 21Ол байдың дастурханынан түскен усақлар менен қарнын тойдырыўды әрман етипти. Ийтлер де келип, оның жараларын жалап кетеди екен. 22Ўақты келгенде тиленши қайтыс болып, периштелер оны Ибрайымның жанына алып барыпты. Бай адам да қайтыс болып, оны жерлепти. 23Бай дозақ отында азап шегип атырып, басын көтерип қарағанда, алыста Ибрайымды ҳәм оның қасындағы Лазарды көрипти. 24Ол қатты бақырып: «Ибрайым ата, маған реҳим ете гөр! Лазарды жибер, ол бармағының ушын суўға басып, мениң тилиме суў тамызсын. Себеби мен бул от ишинде қатты қыйналып атырман», – депти. 25Бирақ Ибрайым оған: «Балам, сен өмириңде тек жақсылық көргениңди, ал Лазардың жаманлық көргенин умытпа. Енди болса, ол бул жерде жубаныш таўып, ал сен қыйналып атырсаң. 26Буның үстине, сизлер менен бизлердиң арамызға үлкен туңғыйық орнатылған. Сонлықтан бул жерден сизлерге өтпекши болғанлар өте алмайды ҳәм ол жерден де бизлерге ҳеш ким өте алмайды», – депти. 27Сонда бай адам: «Ата, олай болса, сеннен өтинемен, Лазарды мениң әкемниң үйине жибер. 28Өйткени мениң бес аға-иним бар. Олар да бул азап шегетуғын жерге түспеўи ушын ол барып, оларды ескертсин», – депти. 29Бирақ Ибрайым оған: «Оларда Муўса ҳәм басқа пайғамбарлардың Жазыўлары бар-ғо. Оларды тыңласын», – депти. 30Ал бай адам: «Яқ, Ибрайым ата! Бирақ егер өлгенлердиң биреўи тирилип оларға барса, тәўбе етеди», – депти. 31Сонда Ибрайым оған: «Егер Муўса менен пайғамбарларды тыңламағанда, өлгенлердиң биреўи тирилсе де, исенбейди», – деп жуўап берипти.
Currently Selected:
Лука 16: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004