Лука 18
18
Он сегизинши бап
Жесир ҳаял ҳәм қазы
ҳаққында тымсал
1Ийса шәкиртлерине бәрқулла дуўа етип, үмит үзбеў кереклигин билдириў ушын бир тымсал айтып берди.
2Ол былай деди:
– Бир қалада Қудайдан да қорқпайтуғын, адамлардан да уялмайтуғын бир қазы болыпты. 3Сол қалада бир жесир ҳаял да турады екен. Ҳаял оған қайта-қайта келип: «Мениң ҳуқықымды даўласымнан қорғаң», – деп өтине береди екен. 4Бирақ қазы көп ўақытқа дейин буны ислегиси келмепти. Соңынан өз өзине: «Мен Қудайдан да қорқпайман, адамлардан да уялмайман. 5Бирақ, мына жесир ҳаял маған тынышлық бермей атырғаны ушын оның ҳуқықын қорғай қояйын. Болмаса, ол қайта-қайта келип, мениң мазамды алар», – депти.
6Ийемиз Ийса сөзин даўам етип былай деди:
– Әдилсиз қазының сөзлерине қулақ салыңлар. 7Қудай Өзине күни-түни жалбарынып атырған, Өзи таңлап алған адамлардың ҳуқықын қорғамай ма? Оларды көп күттирип қоя ма? 8Сизлерге айтатуғыным: көп кешикпей олардың ҳуқықын қорғайды. Бирақ Адам Улы келгенде, жер жүзинде исеним табар ма екен?
Парисей ҳәм салықшы
ҳаққында тымсал
9Өзлериниң ҳақлығына исенип, басқаларды кемситетуғын айырым адамларға Ийса мына тымсалды да айтып берди:
10– Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға кирипти. Олардың биреўи парисей, екиншиси салықшы екен. 11Парисей турып алып мынадай деп дуўа етипти: «О, Қудайым! Мен басқа адамлардай тонаўшы, наҳақ, неке ҳадаллығын бузыўшы ямаса, ҳәтте, мына салықшы сыяқлы болмағаным ушын, Саған шүкирлик етемен. 12Ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман. Барлық тапқан табысымның оннан бирин беремен». 13Ал салықшы алыста турып, көзин аспанға көтериўге де батылы бармай, қатты өкинип#18:13 Сөзбе-сөз: көкирегине урып.: «О, Қудайым! Мендей гүнакарға реҳим ет!» – депти.
14Сизлерге айтатуғыным: парисей емес, ал усы адам ақланып үйине қайтыпты. Себеби өзин жоқары тутқан ҳәр бир адам пәслетиледи, ал өзин пәс тутқан адам жоқары болады.
Ийса ҳәм кишкене балалар
15Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бөбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны көрип, оларға кейиди. 16Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине:
– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики. 17Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Қудай Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.
Байлық ҳәм мәңгилик өмир
18Бир басшы Ийсадан:
– Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
19Ийса оған:
– Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 20Оның буйрықларын билесең-ғо: «Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле»#18:20 Шығыў 20:12-16; Мухаддес Нызамды қайталаў 5:16-20., – деди.
21Бирақ ол:
– Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
22Буны еситкен Ийса оған:
– Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
23Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди.
24Ийса оның қапа болғанын көрип:
– Байлығы барлардың Қудай Патшалығына кириўи қандай қыйын! 25Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
26Буны еситкенлер:
– Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
27– Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Қудайдың қолынан келеди, – деди Ийса.
28Сонда Петр:
– Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29Ийса шәкиртлерине:
– Сизлерге шынын айтаман: Қудай Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам 30бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады, – деди.
Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи
ҳаққында үшинши рет билдириўи
31Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди:
– Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады. 32Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди 33ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи.
34Бирақ шәкиртлери бул сөзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сөзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады.
Ийсаның бир соқыр адамға
шыпа бериўи
35Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди. 36Қасынан адамлардың өтип баратырғанын еситкен ол:
– Не болып атыр? – деп сорады.
37– Насыралы Ийса өтип баратыр, – дести адамлар оған.
38Сонда ол:
– Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақырып жиберди.
39Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып:
– Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди.
40Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан:
41– Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады.
– Ийем, көзлерим көретуғын болсын, – деди ол.
42Ийса оған:
– Көзлериң көретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди.
43Сол ўақытта-ақ соқыр адамның көзлери көре баслады ҳәм Қудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны көрген пүткил халық та Қудайды мақтады.
Currently Selected:
Лука 18: KrkNT
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004