YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 10

10
Сегизинши жаза: шегирткелер
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонға бар. Олардың арасында кәраматлы белгилеримди көрсетиў ушын, Мен фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң жүрегин қатал қылып қойдым. 2Ал сизлер болсаңыз, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алыўыңыз ушын, мысырлыларды қалай масқара еткеним ҳәм олардың арасында көрсеткен кәраматларым ҳаққында балаларыңа ҳәм балаларыңның балаларына айтып бериң.
3Муўса менен Харон фараонға барып, оған былай деди:
– Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Қашанға дейин Маған бас иймейжақсаң? Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 4Халқымды жибериўден бас тартсаң, ертең елиңе шегирткелерди жиберемен. 5Олардың жер бетин қаплайтуғыны соншелли, жер бети көринбей қалады. Олар буршақтан аман қалған өнимлериңизди ҳәм даладағы барлық тереклериңиздиң қалған жапырақларын жеп қояды. 6Сениң үйлериң, барлық хызметкерлериңниң ҳәм пүткил мысырлылардың үйлери шегирткеге толып кетеди. Ата-бабаларың усы жерге қоныс басқан күннен бүгинге дейин, ҳеш қашан бундай нәрсени көрген емес». Кейин Муўса бурылып, фараонның қасынан шығып кетти.
7Сонда хызметкерлери фараонға:
– Бул адам қашанға дейин бизлерди қыйнайды? Оларды жибериң. Барып, Қудайы Жаратқан Ийеге сыйынсын. Мысырдың набыт болып атырғанын еле түсинбей атырсыз ба? – деди.
8Солай етип, олар Муўса менен Харонды фараонның алдына және шақыртып алды. Фараон оларға:
– Барыңлар, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бирақ, кимлер баражақ? – деди.
9Муўса оған:
– Бизлер жас ҳәм ғаррымыз, улларымыз, қызларымыз, майда ҳәм ири малларымыз, ҳәммемиз бирге кетемиз. Өйткени Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыўымыз керек, – деди.
10Фараон оларға:
– Аўа, сизлерге Жаратқан Ийе яр болсын деп, бала-шағаларыңыз бенен бирге жиберейин бе? Әне, нийетиңиз қара екени көринип тур! 11Бул болмайды. Тек ер адамлар кетип, Жаратқан Ийеге сыйынсын. Сизлердиң сорағаныңыз да сол емес пе? – деди.
Соң Муўса менен Харон фараонның алдынан қуўып шығарылды.
12Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды Мысыр елине қарай соз. Елди шегиртке қапласын ҳәм буршақтан аман қалған барлық өсимликлерди жеп қойсын, – деди. 13Солай етип, Муўса таяғын Мысыр елине қарай созды. Жаратқан Ийе сол күни күндиз-түни удайына елде шығыс самалын естирди. Азан болғанда, шығыс самалы шегирткелерди алып келди. 14Шегирткелер Мысырға ҳүжим жасап, оның ҳәмме жерин жайлап кетти. Олардың көп болғаны соншелли, бундай есап-сансыз шегиртке бурын болмаған да, буннан былай болмайды да. 15Шегирткелер жер бетин басып кеткенликтен, жер қап-қара болып қалды. Олар барлық өсимликлерди, буршақтан аман қалған тереклердеги мийўелердиң ҳәммесин жеп қойды. Мысырдың ҳеш бир жеринде, я тереклерде болып, я даладағы өсимликлерде болып, жасыл жапырақ қалмады.
16Фараон тезлик пенен Муўса менен Харонды шақыртты да, оларға былай деди:
– Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм сизлерге қарсы гүна иследим. 17Өтинемен, және бир мәртебе гүнамды кеширип, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Ол мени бул өлим әкелетуғын апаттан қутқарсын.
18Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти. 19Сонда Жаратқан Ийе самалдың бағытын өзгертип, батыс жақтан күшли самал естирди. Самал шегирткелерди көтерип апарып, Қызыл теңизге төкти. Пүткил Мысыр елинде бирде бир шегиртке қалмады. 20Деген менен, Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал етип қойғанлықтан, ол израиллыларды жибермеди.
Тоғызыншы жаза: қара түнек
21Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды аспанға қарай соз, Мысыр елин тас түнек қараңғылық қаплайды, – деди. 22Муўса қолын аспанға қарай созғанда, Мысырды үш күн бойы қойыў қараңғылық қаплады. 23Үш күн даўамында адамлар бир-биреўин көре алмай қалып, ҳеш ким орнынан қозғала алмады. Бирақ израиллылар жасаған жер ғана жақты болды.
24Сонда фараон Муўсаны шақыртып алып, оған:
– Барыңлар, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. Бала-шағаңыз сизлер менен кете берсин. Тек майда ҳәм ири малларыңыз қалсын, – деди.
25Деген менен, Муўса оған былай деди:
– Болмайды! Малларымызды да алып кетиўимизге рухсат бериўиңиз керек. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм басқа қурбанлықлар беремиз. 26Малларымызды да бирге алып кетемиз. Бул жерде бирде бир туяқ қалмаўы тийис. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге сыйыныўымыз ушын, шалынатуғын малды олардың ишинен аламыз. Ол жерге барғанымызша, Жаратқан Ийеге қайсы малларды бериўимиз кереклигин билмеймиз.
27Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылып қойғанлықтан, ол израиллыларды жибергиси келмеди. 28Фараон Муўсаға:
– Қараңды батыр. Енди қайтып көзиме көринбе. Көзиме көринген күни-ақ, өлесең, – деди.
29Муўса оған:
– Айтқаныңыздай болсын. Енди қайтып, көзиңизге көринбеймен, – деди.

Currently Selected:

Шығыў 10: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in