YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 9

9
Бесинши жаза: маллардың қырылыўы
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Фараонға барып, оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 2Егер жибериўден бас тартып, оларды иркип тура берсең, 3онда Жаратқан Ийе, яғный Мен қолымды созып, даладағы малларыңа: атларыңа, ешеклериңе, түйелериңе, ири ҳәм майда малларыңа күшли иллет жиберемен. 4Бирақ израиллылардың маллары менен мысырлылардың малларының арасына айырмашылық қояман. Израиллылардың малларының ҳеш бири өлмейди». 5Жаратқан Ийе ўақытты да белгилеп, ертеңине Өзиниң айтқанларын Мысыр жеринде ислейтуғынын айтты.
6Ертеңине Жаратқан Ийе айтқанын иследи: мысырлылардың барлық маллары қырылып қалды. Бирақ израиллылардың ҳеш бир малы өлмеди. 7Фараон адам жиберип, израиллылардың бирде бир малының өлмегенин билди. Солай болса да, ол жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди.
Алтыншы жаза: шыйқанлар
8Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
– Пештен қосуўыслап күл алыңлар, Муўса сол күлди фараонның көз алдында аспанға қарай шашып жиберсин. 9Күл шаңға айланып, пүткил Мысыр ели бойлап көтериледи. Елдиң ҳәмме жериндеги адамлардың ҳәм маллардың үстилерине ириңли шыйқанлар шығады.
10Солай етип, Муўса менен Харон пештен күл алып, фараонның көз алдында турды. Муўса күлди аспанға қарай шашып жибергенде, адамларда ҳәм малларда ириңли шыйқанлар пайда болды. 11Сыйқыршылар да шыйқанның кесиринен Муўсаның алдына келе алмады. Себеби пүткил мысырлылар менен бирге оларға да шыйқан шыққан еди. 12Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылды. Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқанындай, фараон Муўса менен Харонды тыңламады.
Жетинши жаза: буршақ
13Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Таң азанда фараонның қарсы алдына шығып тур ҳәм оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер. 14Болмаса, бул рет сениң өзиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үстине барлық бәлелеримди жаўдыраман. Солай етип, сен бул дүньяда Маған тең келетуғыны жоқ екенин билип аласаң. 15Өйткени Мен қолымды көтерип, сени ҳәм халқыңды иллетке дуўшар қылсам, жер жүзинен жоқ болып кеткен болар едиң. 16Бирақ Өз қүдиретимди саған көрсетиў ушын ҳәм атымды пүткил дүньяға жайыў ушын, Мен сени тири сақладым. 17Сен еле де халқыма қарсылық көрсетип, оларды жибермей атырсаң. 18Сонлықтан ертең усындай ўақытта Мысыр пайда болғаннан баслап, ҳәзирге дейин ҳеш қашан болып көрмеген күшли буршақ жаўдыраман. 19Енди малларыңды ҳәм далада болған ҳәмме нәрсеңди пана жерлерге жыйнаўды буйыр. Буршақ жаўғанда ишке киргизилмей далада қалған барлық адамлар ҳәм маллар өледи».
20Фараонның хызметкерлери арасында Жаратқан Ийениң айтқан сөзинен қорққанлар қулларын ҳәм малларын тезлик пенен үйлерине алып келди. 21Ал Жаратқан Ийениң айтқан сөзин писент етпегенлер қулларын ҳәм малларын далада қалдырды.
22Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды аспанға қарай соз. Сонда Мысырдың ҳәмме жерине, адамлардың, маллардың ҳәм даладағы барлық өсимликлердиң үстине буршақ жаўады, – деди. 23Муўса таяғын аспанға қарай созғанда, Жаратқан Ийе гүлдирмама ҳәм буршақ жиберди ҳәм жерге жасын түсти. Солай етип, Жаратқан Ийе Мысырға буршақ жаўдырды. 24Усылайынша, күшли буршақ қуйып, үзликсиз жарқыраған шақмақ шағып турды. Мысыр Мысыр болғалы, бундай буршақ жаўып көрмеген еди. 25Буршақ Мысырда далада болғанның ҳәммесин: адамларды, малларды ҳәм пүткил өсимликлерди набыт қылып, барлық тереклерди сындырды. 26Тек израиллылар жасаған Гошен жерине буршақ жаўмады.
27Соңынан фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға былай деди:
– Бул рет мен айып иследим. Жаратқан Ийе ҳақ, ал мен ҳәм мениң халқым наҳақпыз. 28Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Гүлдирмама менен буршақтың усы жаўғаны да жетер. Мен сизлерди жиберемен, артық услап турмайман.
29Муўса оған былай деди:
– Қаладан шыға сала, қолларымды жайып, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Сонда гүлдирмама тоқтап, буршақ та жаўмайтуғын болады. Бул арқалы сиз бул дүньяның Жаратқан Ийеге тийисли екенин билип аласыз. 30Бирақ мен сизиң ҳәм хызметкерлериңиздиң Қудай Ийеден еле де қорқпай атырғаныңызды билемен.
31Солай етип, зығыр ҳәм арпа набыт болған еди. Себеби сол ўақытта арпа масақ байлап, зығыр гүллеп қалған еди. 32Бирақ бийдайдың түрлери кеш писетуғын болғанлықтан, зыян көрмеди.
33Муўса фараонның алдынан кетип, қаладан шықты. Ол қолларын жайып, Жаратқан Ийеге дуўа еткенде, гүлдирмама ҳәм буршақ тоқтап, жаўын тынды. 34Фараон жаўынның, буршақтың ҳәм гүлдирмаманың тоқтағанын көргенде, және гүна ислеўин даўам етти. Оның өзи де, хызметкерлери де жүреклерин қатал қылды. 35Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, израиллыларды жибермеди.

Currently Selected:

Шығыў 9: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in