YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 12

12
Қутқарылыў асы
1Жаратқан Ийе Мысыр жеринде Муўса менен Харонға былай деди:
2– Бул ай сизлер ушын биринши ай, жылдың биринши айы болады. 3Пүткил Израил жәмийетине айтыңлар: усы айдың онында ҳәр бир хожалық басшысы өз хожалығы ушын бир қой ямаса ешки таңлап алсын. 4Егер бир хожалықтағы адамлар саны усы жанлықтың гөшин жеп таўыса алмайтуғындай аз болса, онда оны жақын қоңсысы менен бөлиссин. Жанлықтың үлкен-кишилигине қарап, оны қанша адамның жей алатуғынын анықлаўыңыз керек. 5Сизлер таңлап алған қой ямаса ешки минсиз, бир жыллық еркек жанлық болсын. 6Жанлықты усы айдың он төртине дейин бағып, сол күни кеште Израил жәмийетиниң ҳәр бир шаңарағы өз жанлықларын сойыўы тийис. 7Олар қанды алып, өзлери гөшти жейтуғын үйлериниң қапысының жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жақсын. 8Сол күни кеште гөшти отқа писирип, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин. 9Гөшти шийкилей ямаса суўға писирип емес, ал бас-сыйрағы ҳәм ишек-қарны менен бирге отқа писирип жеңлер. 10Гөш азанға дейин қалмаўы тийис. Егер оннан аўысып қалса, оны отта өртеп жибериңлер. 11Сизлер гөшти жеп атырған ўақтыңызда, беллериңиз буўыўлы, аяқ кийимиңиз кийиўли, таяғыңыз қолыңызда болсын. Гөшти тез жеңлер. Бул – Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў асы.
12Мен сол түни Мысыр жеринен өтемен. Ондағы адамлардың да, маллардың да ҳәр бир туңғышын өлтиремен ҳәм Мысырдың пүткил қудайларын ҳүким етемен. Мен – Жаратқан Ийемен. 13Өзлериңиз турған үйлердиң есигиниң жақлаўларына жағылған қан сизлер ушын нышан болады. Мен қанды көрип, сизлерди шетлеп өтемен. Мысыр елин жазалағанымда, набыт қылыўшы апат сизлерге ҳеш қандай зыян тийгизбейди. 14Бул күн сизлер ушын еслеў күни болсын. Оны Жаратқан Ийениң байрамы сыпатында байрамлаңлар. Бул байрамды байрамлаў келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.
Ашытқысыз нан байрамы
15– Жети күн ашытқысыз нан жеңлер. Биринши күни-ақ үйлериңизден ашытқыны жоқ қылыңлар. Ким де ким усы жети күн ишинде ашытқы салынған нан жесе, ол Израил халқы арасынан жоқ қылыныўы тийис. 16Биринши ҳәм жетинши күнлери мухаддес жыйналысыңыз болсын. Сол күнлери тек өзлериңиз ушын аўқат таярлаўдан тысқары, ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. 17Солай етип, сизлер Ашытқысыз нан байрамын байрамлаңлар! Өйткени анық сол күни Мен сизлерди топ-тобыңыз бенен Мысыр жеринен алып шықтым. Келешек әўладларыңыз бул күнди мәңги қағыйда сыпатында байрамласын. 18Биринши айдың он төртинши күниниң кешинен жигирма биринши күниниң кешине дейин ашытқысыз нан жеңлер. 19Сол жети күн даўамында үйлериңизде ашытқы болмасын. Ким де ким ашытқы салынған бир нәрсе жесе, мейли ол келгинди болсын, мейли жергиликли болсын, ол Израил жәмийети арасынан жоқ қылынады. 20Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, ашытқысыз нан жеңлер.
Биринши Қутқарылыў асы
21Соннан кейин, Муўса Израилдың барлық ақсақалларын шақырып алып, оларға былай деди:
– Хожалығыңыз ушын қой ямаса ешки таңлап алып, оны Қутқарылыў асы ушын сойыңлар. 22Соң, бир баў майоран шөбин#12:22 Майоран шөби – бул назбайгүл шөбине туқымлас өсимлик. алың да, оны қырмадағы қурбанлықтың қанына батырып, қанды қапыларыңыздың жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жағыңлар. Азанға шекем ҳеш ким үйинен шықпасын. 23Жаратқан Ийе мысырлыларды өлтириў ушын елден өткенде, қапыларыңыздың жақлаўларындағы ҳәм кесе ағашындағы қанды көрип, үйлериңизди шетлеп өтеди. Ол набыт қылыўшының үйлериңизге кирип, сизлерди өлтириўине жол қоймайды. 24Өзлериңиз де, сизлердиң әўладларыңыз да буны мәңги қағыйда қылып орынлаңлар. 25Жаратқан Ийе өзлериңизге беремен деп ўәде еткен жерге киргениңизден кейин де, бул рәсимди өткизип барыңлар. 26Балаларыңыз сизлерден: «Бул рәсимниң мәниси қандай?» – деп сорағанда, 27оларға: «Бул – Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамының асы. Себеби Жаратқан Ийе мысырлыларды өлтиргенде, үйлеримизди шетлеп өтип, бизлерди аман қалдырды», – деңлер.
Сонда халық тәжим етип, сыйынды. 28Соңынан израиллылар барып, Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығын толық орынлады.
29Түнниң ярымында Жаратқан Ийе тахтында отырған фараонның туңғыш баласынан, қамақта отырған тутқынның туңғыш баласына дейин, Мысыр елиндеги барлық туңғышларды ҳәм маллардың да туңғыш төллерин өлтирди. 30Сол күни түнде фараон, оның хызметкерлери ҳәм пүткил Мысыр аяққа турды. Мысыр ели дад салып, ўай-ўайласқан даўысларға толып кетти. Өйткени өли болмаған бирде бир үй жоқ еди.
Мысырдан шығыў
31Сол күни түнде-ақ фараон Муўса менен Харонды шақырып алып былай деди:
– Барыңлар! Сизлер де, израиллылар да халқымның арасынан шығып кетиңлер. Өзлериңиз айтқаныңыздай, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар. 32Сондай-ақ майда ҳәм ири малларыңызды да алып кетиңлер. Ал маған пәтия бериңлер.
33Израиллылардың елден тезирек шығып кетиўи ушын, мысырлылар оларды асықтырды. «Болмаса, ҳәммемиз өлемиз», – дести олар. 34Солай етип, израиллылар еле ашымаған қамырларын табағы менен кийимлерине орады да, ийинлерине көтерип алды. 35Израиллылар Муўсаның айтқаны бойынша, мысырлылардан гүмис ҳәм алтын буйымлар менен кийимлер сорап алды. 36Жаратқан Ийе израиллыларды мысырлыларға унамлы қылып көрсеткенликтен, мысырлылар оларға сорағанын берди. Солай етип, израиллылар оларды тонап кетти.
37Израиллылар Рамсестен Суккотқа қарай жол алды. Бала-шағаларды есапламағанда, шама менен алты жүз мыңдай ер адам пияда жолға шықты. 38Және де, көп санлы басқа миллет адамлары, есап-сансыз майда ҳәм ири маллар да олар менен бирге кетти. 39Халық өзлери Мысырдан алып шыққан ашымаған қамырдан нан писирди. Себеби олар Мысырдан қуўып шығарылғанлықтан, қамырды ашытыўға да, жолға азық-аўқат таярлаўға да үлгере алмаған еди.
40Израиллылардың Мысырда жасағанына төрт жүз отыз жыл болған еди. 41Төрт жүз отыз жылдың соңғы күни, анық сол күни Жаратқан Ийениң халқы топ-тобы менен Мысыр жеринен шықты. 42Сол күни түнде Жаратқан Ийе израиллыларды Мысыр жеринен алып шығыў ушын сергек болды. Израиллылар да әўладлар даўамында сол түнди Жаратқан Ийеге бағышлап, ояў болыўы тийис.
Қутқарылыў асының қағыйдалары
43Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
– Қутқарылыў асының қағыйдалары мынадай: ҳеш бир жат жерли адам байрам асынан жемесин. 44Бирақ сатып алған қулларыңыз сүннет етилгеннен кейин, оннан жесе болады. 45Ўақытша қоныс басқанлар ҳәм жалланған жумысшылар оннан жемеўи тийис. 46Ас таярланған үйде желинсин. Жанлықтың гөши үйдиң сыртына шығарылмасын ҳәм оның ҳеш бир сүйеги сындырылмасын. 47Пүткил Израил жәмийети Қутқарылыў байрамын байрамлаўы тийис. 48Араңызда жасап атырған келгинди адам Маған, Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаўды қәлесе, онда оның үйиндеги ҳәмме еркеклер сүннет етилиўи керек. Соңынан ол жергиликли халық турғыны сыпатында Израил халқына қосылып, байрамды байрамлай алады. Бирақ сүннетсиз адам Қутқарылыў байрамының гөшин жемесин. 49Жергиликли адам ушын да, араңызда жасайтуғын келгинди адам ушын да бир қағыйда қолланылады.
50Израиллылар Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығын толық орынлады. 51Сол күнниң өзинде Жаратқан Ийе израиллыларды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шықты.

Currently Selected:

Шығыў 12: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in