YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 13

13
Туңғыш уллардың Қудайға бағышланыўы
1Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Барлық биринши туўылғанларды Маған бағышлаңлар. Израил ҳаялларының да, малларының да қарыннан биринши шыққанлары Меники, – деди.
Туңғыш улларды Қудайға бағышлаў ҳәм ашытқысыз нан ҳаққында
3Муўса халыққа былай деди:
– Мысырдан, өзлериңиз қул болған елден шыққан бүгинги күнди есте сақлаңлар. Өйткени Жаратқан Ийе қүдиретли қолы менен сизлерди ол жерден алып шықты. Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер. 4Бүгин абиб айында бул жерден шығып баратырсызлар. 5Жаратқан Ийе сизлерди қанан, хет, амор, хиў ҳәм ебус халықларының жерлерине, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен, сүт ҳәм пал ағып турған жерге апарғанда, усы айда мына рәсимди өткизиңлер: 6жети күн ашытқысыз нан жеп, жетинши күни Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыңлар. 7Сол жети күн ишинде тек ашытқысыз нан жеңлер. Өзиңизде де, жасап атырған пүткил жериңизде де ашытқы салынған нан ямаса ашытқы болмасын. 8Сол күни балаларыңызға: «Мысырдан шыққанымызда, Жаратқан Ийе бизлер ушын ислеген ислери себепли буларды ислеп атырмыз», – деп түсиндириңлер. 9Бул рәсим қолыңызда бир белги, маңлайыңызда сақланатуғын яднама болсын. Усылайынша, Жаратқан Ийениң нызамы аўзыңызда болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди күшли қолы менен Мысырдан алып шықты. 10Сизлер де ҳәр жылы белгиленген ўақытта бул қағыйданы орынлаңлар.
11Жаратқан Ийе сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлерди Қанан жерине апарып, сизлерге сол жерди бергенде, 12қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммесин Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. Малларыңыздың биринши туўылған барлық еркек төллери Жаратқан Ийеге тийисли. 13Ешектиң ҳәр бир биринши туўылған төлиниң орнына бир қозы берип, сатып алыңлар. Егер олай етпесеңиз, гүррениң мойнын сындырың. Барлық туңғыш улларыңыздың қунын өтеўиңиз тийис.
14Келешекте улларыңыз сизлерден: «Буның мәниси қандай?» – деп сораса, оларға былай деп жуўап бериңлер: «Жаратқан Ийе бизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан, бизлер қул болған елден алып шықты. 15Фараон бизлерди жибермей, қайсарлық көрсеткенде, Жаратқан Ийе Мысырда адамлардың ҳәм маллардың барлық туңғышларын өлтирди. Сонлықтан маллардың туңғыш төллерин Жаратқан Ийеге қурбанлыққа беремиз, ал туңғыш улларымыз ушын қун төлеймиз». 16Бул рәсим қолыңызда бир белги, есиңизде сақланатуғын яднама болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан алып шықты.
Жаратқан Ийениң Өз халқына жол көрсетип барыўы
17Фараон израиллыларды жибергенде, Қудай: халық урысқа дуўшар болатуғынын билгенде өкинип, Мысырға қайтып кетпесин, деп филист халқының жери арқалы өтетуғын жол қысқарақ болса да, оларды ол жер арқалы алып жүрмеди. 18Қудай халықты Қызыл теңизге шөл жолы менен айландырып апарды. Израиллылар Мысырдан қарыў-жарақ пенен шыққан еди. 19Муўса Юсуптиң сүйеклерин де өзи менен бирге алып шыққан еди. Өйткени Юсуп израиллыларға ант иштирип: «Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сүйеклеримди бул жерден алып кетиңлер», – деп нәсиятлап кеткен еди.
20Израиллылар Суккоттан шығып, шөл шетиндеги Этамға орналасты. 21Олардың күни-түни жол жүриўи ушын, Жаратқан Ийе күндиз минара сыяқлы булт болып жол көрсетип, түнде минара сыяқлы от болып жолларына жарық түсирип, оларды баслап жүрди. 22Күндиз булт, түнде от халықтың алдынан бир дем де узақламады.

Currently Selected:

Шығыў 13: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in