YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 14

14
1Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2– Израиллыларға айт, олар изге қайтып, Пий-Ҳахироттың қасына, Мигдол менен теңиз арасына, Баал-Сефонның қарсысындағы теңиз жағасына орналассын. 3Сонда фараон: «Израиллылар ел гезип, адасып кетти, олар шөл қоршаўында қалды», – деп ойлайды. 4Мен фараонның жүрегин қатал қыламан ҳәм ол израиллылардың изинен қуўады. Солай етип, Мен фараонды ҳәм оның пүткил әскерлерин жеңип, Өз салтанатымды көрсетемен. Сонда мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
Израиллылар айтылғанды иследи. 5«Израил халқы қашып кетипти», – деген хабар Мысыр патшасына жеткенде, ол ҳәм оның хызметкерлери израиллылар туўралы көз қарасларын өзгертип: «Бизлер не ислеп қойдық? Израиллыларды жиберемиз деп, қулларымыздан айырылдық-ғо!» – дести. 6Фараон өзиниң саўаш арбасын жектирип, ләшкерлерин таярлады. 7Ол алты жүз сайланды саўаш арбасын, Мысырдың басқа барлық саўаш арбаларын ҳәм олардың басшыларын жанына алды. 8Жаратқан Ийе Мысыр патшасы фараонның жүрегин қатал қылып қойды. Ол нық қәдем атып баратырған израиллылардың изинен қуўып кетти. 9Мысырлылар фараонның пүткил әскерлери, атларға жегилген саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери менен израиллылардың изине түсип, теңиз жағасына, Пий-Ҳахирот жақынына, Баал-Сефонның қарсысына ордасын қурған израиллыларға жетип алды.
10Фараон жақынласып қалды. Израиллылар артына бурылып қараса, мысырлылардың излеринен қуўып киятырғанын көрди. Сонда олардың зәррелери ушып, Жаратқан Ийеге пәрияд етти. 11Олар Муўсаға былай деди:
– Мысырда қәбир жоқтай, бизлерди шөлде өлиўге алып келдиң бе? Мысырдан алып шығып, бизлерге не қылғаның? 12Мысырда болғанымызда, саған: «Бизлерди тынышымызға қой, мысырлыларға хызмет ете берейик», – деген жоқ па едик? Шөлде өлгеннен гөре, мысырлыларға қул болғанымыз жақсырақ еди-ғо!
13Бирақ Муўса оларға:
– Қорқпаңлар! Орныңызда беккем турып, Жаратқан Ийениң бүгин сизлерди қалай қутқаратуғынын көриңлер. Бүгин өзлериңиз көрип турған мысырлыларды енди ҳеш қашан көрмейсизлер. 14Жаратқан Ийе сизлер ушын урысады. Ал сизлер тыныш турсаңыз болды, – деди.
15Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Неге Маған пәрияд етип атырсаң? Израиллыларға айт, алға қарай жылжый берсин. 16Ал сен таяғыңды көтерип, оны теңиздиң үстине қарай соз да, суўды қақ айыр. Сонда израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өтеди. 17Мен мысырлылардың жүрегин қатал қыламан. Олар израиллылардың изинен қуўады. Мен фараонды, оның барлық әскерлерин, саўаш арбаларын ҳәм оның үстиндеги әскерлерин жеңип, Өз салтанатымды көрсетемен. 18Фараон, оның саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери себепли салтанатқа ерискенимде, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
19Израил ордасының алдында баратырған Қудайдың периштеси орнын өзгертип, артқа өтти. Халықтың алдындағы минара сыяқлы булт та орнын өзгертип, артқа, 20Мысыр әскерлериниң ҳәм Израил халқының ортасына барып турды. Булт мысырлылар тәрепте қараңғылық орнатып, израиллылар тәрепти жақты қылып турды. Сол себептен түн бойы еки тәреп бир-бирине жақынласа алмады.
21Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды. Жаратқан Ийе пүткил түн бойы шығыстан күшли самал естирип, теңиз суўын изге ийтерди ҳәм теңизди қурғақ жерге айландырды. Суў екиге бөлинди. 22Израиллылар қурғақ жерди басып, теңиздиң ортасынан өтти. Теңиз суўы оң ҳәм шеп тәрепте оларға дийўал болып турды. 23Ал мысырлылар олардың изинен қуўды, фараонның барлық атлары, саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери теңиздиң ишине кирип кетти. 24Таң атарда Жаратқан Ийе минара сыяқлы от ҳәм булт ишинен Мысыр ордасына нәзерин таслап, оларды албыратып таслады. 25Қудай олардың саўаш арбаларының дөңгелеклерин шығарып таслағанда, олар зорға қозғалды. Сонда мысырлылар: «Израиллылардан қашайық. Өйткени олар ушын Жаратқан Ийениң Өзи бизлерге қарсы урысып атыр», – дести.
26Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Қолыңды теңиздиң үстине қарай соз. Суўлар мысырлыларды, олардың саўаш арбаларын ҳәм оның үстиндеги әскерлерин басып кетсин, – деди. 27Солай етип, Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды ҳәм таңға жақын теңиз өз ҳалына қайтты. Сонда қашып атырған мысырлылар суўға дуўшар болып, Жаратқан Ийе оларды теңиздиң ишине батырып жиберди. 28Өз ҳалына қайтқан суў саўаш арбаларды, оның үстиндеги әскерлерди, яғный израиллылардың изинен теңизге түскен фараонның пүткил әскерлерин жутып кетти. Олардан бирде бир адам аман қалмады.
29Ал израиллылар болса, теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өткен еди. Суўлар оң ҳәм шеп тәрепте турып, оларға дийўал болған еди. 30Жаратқан Ийе сол күни израиллыларды мысырлылардың қолынан қутқарды. Израиллылар мысырлылардың теңиз жағасында өлип жатырғанын көрди. 31Жаратқан Ийениң мысырлыларға көрсеткен уллы қүдиретин көрген Израил халқы Жаратқан Ийеден қорқып, Оған ҳәм Оның қулы Муўсаға исенди.

Currently Selected:

Шығыў 14: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in