YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 15

15
Қутқарылыў жыры
1Соннан соң, Муўса ҳәм израиллылар Жаратқан Ийеге мына жырды айтты:
«Жырлайман Жаратқан Ийени,
Себеби еристи Ол салтанатлы жеңиске,
Атларды да, саўаш арбадағыларды да ылақтырды теңизге.
2Жаратқан Ийе күш-қүдиретим мениң,
Қутқарыўға келди Ол мени,
Ол мениң Қудайым.
Алғыслар айтаман Оған,
Ол мениң әкемниң Қудайы,
Уллылайман Оны мен.
3Жаратқан Ийе жаўынгердур,
Аты Оның – Жаратқан Ийе.
4Ол фараонның саўаш арбаларын,
Ҳәм ләшкерлерин атты теңизге.
Ғарқ болды Қызыл теңизге,
Оның сайланды ләшкербасылары да.
5Терең суўлар қаплады оларды,
Батып кетти тас сыяқлы туңғыйыққа.
6Сениң оң қолың, Жаратқан Ийе,
Қүдиретли күшке ийедур.
Сениң оң қолың, Жаратқан Ийе,
Тас-талқан етер душпанды.
7Әжайып уллылығың менен,
Саған қарсы шыққанларды,
Жер менен жексен қыласаң,
Жибересең оларға ғәзебиңди,
Сабан сыяқлы күйдирип, күл қыласаң оларды.
8Мурныңның деминен,
Жыйналды суўлар бир жерге.
Дийўал сыяқлы болып толқынлар,
Теңиз қойнында қатып қалды.
9Сонда душпан былай деди:
„Услайман оларды изинен қуўып,
Олжаны бөлемен кеўлимди тоқ қылып,
Қыраман оларды қылышымды жалаңашлап“.
10Демиң менен үплеп едиң,
Қаплады теңиз оларды.
Қорғасындай батты уллы суўларға.
11Жаратқан Ийе, қудайлар арасында Саған уқсағаны бар ма?
Сен сыяқлы мухаддесликте уллы, айбаты менен алғысқа ылайық болған,
Кәраматлар жаратыўшы бар ма?
12Созып едиң оң қолыңды,
Жутып кетти жер оларды.
13Өзиң қутқарған халқыңды,
Жетеледиң сүйиспеншилигиң менен,
Алып бардың қүдиретиң менен мухаддес мәканыңа.
14Қалтырасар еситип миллетлер,
Қорқыныш бийледи Филистия халқын.
15Ҳүрейлери ушады Эдом бийлериниң,
Дирилди басар Моаб көсемлерин,
Пүткил Қанан турғынларының руўхы түсти.
16Жүреги суўлар ҳәм қорқыў басар оларды,
Сениң халқың өтип кеткенше, Жаратқан Ийе,
Сен ийелик еткен халық өтип кеткенше,
Билегиңниң күши алдында тас болып тилсиз қатып қалар.
17Жаратқан Ийе! Апарасаң халқыңды Өз таўыңа,
Жайластырасаң Өзиң мәкан қылып алған жерге,
Қолларың менен қурған мухаддес мәканға, Ийе!
18Ҳүкимдарлық қылар шексиз ҳәм мәңгиге Жаратқан Ийе».
Мәриямның жыры
19Фараонның атлары, саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери теңиз ишине киргенде, Жаратқан Ийе суўларды олардың үстине қайтарып әкелди. Ал израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өтти.
20Харонның әжапасы пайғамбар Мәриям қолына дәп алды. Басқа барлық ҳаяллар да дәп алып, ойнаўы менен оның изине ерди. 21Мәриям нақыратты қайталап былай деп жырлады:
«Жырлаң Жаратқан Ийени,
Себеби еристи Ол салтанатлы жеңиске.
Атларды да, атлыларды да ылақтырды теңизге».
Ашшы суў
22Муўса израиллыларды Қызыл теңизден баслап шыққаннан соң, олар Шур шөлине барды ҳәм шөлде үш күн жүрсе де, суў таба алмады. 23Соңынан олар Мара деген жерге барды. Бирақ Мараның суўы ашшы болғанлықтан, олар ише алмады. Сонлықтан сол жер Мара#15:23 Мара – «ашшы» дегенди билдиреди. деп аталды. 24Сонда халық Муўсаға: «Не ишемиз?» – деп наразы болып, тоңқылдай баслады.
25Муўса Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе оған бир ағашты көрсетти. Муўса оны суўға ылақтырып жибергенде, суў душшы болып қалды.
Сол жерде Жаратқан Ийе халық ушын қағыйда ҳәм нызам берди ҳәм оларды сынады. 26Жаратқан Ийе оларға былай деди:
– Егер сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң, яғный Мениң сөзимди дыққат пенен тыңлап, нәзеримде туўры болған ислерди ислесеңлер, буйрықларыма қулақ асып, ҳәмме қағыйдаларымды орынласаңлар, мысырлыларға берген кеселликтиң ҳеш бирин сизлерге бермеймен. Себеби Мен – сизлерге шыпа бериўши Жаратқан Ийемен.
27Соннан кейин, олар Элимге келди. Сол жерде он еки булақ ҳәм жетпис пальма ағашы бар еди. Солай етип, олар суў жағасына орналасты.

Currently Selected:

Шығыў 15: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in