YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 23

23
Әдиллик ҳаққында
1– Мыш-мыш гәп тарқатпаң. Жалған гүўалық бериў арқалы, жаман адамға қол бермең.
2Көпшилик жаўызлық ислегенде, оларға қосылмаң. Даўлы исте гүўалық бергениңизде көпшиликти жақлап, әдилликти бурмаламаң. 3Кәмбағал болса да, даўда оны жақламаң.
4Егер душпаныңыздың жойтылып кеткен өгизин ямаса ешегин таўып алсаңыз, оны ийесине қайтарып бериң. 5Егер душпаныңыздың ешегиниң жүктиң аўырлығынан жығылып қалғанын көрсеңиз, оны сол ҳалында таслап кетпей, оған жәрдем бериўиңиз тийис.
6Даўда кәмбағалдың исин шешиўде әдилликти бурмаламаң. 7Жала жабыўдан аўлақ болың, айыпсыз ҳәм ҳақ адамды өлимге ҳүким қылмаң. Өйткени Мен наҳақ адамды ақламайман.
8Пара алмаң. Себеби пара көретуғын адамды соқыр етип, ҳақ адамды наҳаққа шығарады.
9Келгинди адамға жәбир бермең. Өзлериңиз де Мысыр жеринде келгинди болғаныңыз себепли, келгинди адамның жағдайының қандай екенин билесизлер.
Жетинши күн ҳәм жетинши жыл ҳаққында
10– Алты жыл бойы жериңизге туқым сеўип, зүрәәт жыйнаң. 11Ал жетинши жылы жерге дем бериң. Халқыңыз арасындағы кәмбағаллар ол жерден азық таўып жесин, олардан аўысқанын жабайы ҳайўанлар жесин. Жүзим бағыңыз бенен зәйтүнзарыңызға да солай ислең.
12Алты күн жумысыңызды ислеп, жетинши күни дем алың. Усылайынша өгизиңиз ҳәм ешегиңиз дем алып, шорыңыздың улы да, келгинди адамыңыз да ҳәлленип алсын.
13Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин орынлаң. Басқа қудайлардың атын айтып шақырмаң, оларды тилиңизге де алмаң.
Үш байрам
14– Жылына үш мәрте Мениң алдыма келип байрам қылың. 15Сизлерге буйырғанымдай, абиб айының белгиленген күнлеринде жети күн ашытқысыз нан жеп, Ашытқысыз нан байрамын байрамлаң. Себеби сизлер Мысырдан сол айда шықтыңлар.
Ҳеш ким алдыма қуры қол келмесин.
16Атызға еккен бийдайларыңызды жыйнап баслағаныңызда, Зүрәәт байрамын белгилең.
Ал гүзде атыздан барлық егинлериңизди жыйнап болғаныңызда, Жыйын-терим байрамын#23:16 Жыйын-терим байрамы – Кейинги китапларда бул «Қос байрамы» деп аталды. Леб 23:33-36 қараң. белгилең.
17Барлық еркеклериңиз жылына үш мәрте Ийең болған Мениң, яғный Жаратқан Ийениң алдына келиўи керек.
18Маған берилген қурбанлықтың қанын ашытқы салынған нан менен бермең.
Байрамда Маған арнап берилген қурбанлықтың майы азанға дейин қалдырылмасын.
19Жериңиздиң дәслепки өниминиң ең жақсысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Үйине алып келиң.
Ылақтың гөшин өз анасының сүтине писирмең.
Ўәде ҳәм ескертиўлер
20– Мине, жолда сизлерди қорғаўы ҳәм сизлерди Мен таярлап қойған жерге апарыўы ушын, алдыңыздан бир периште жиберип атырман. 21Оған дыққатлы болып, сөзине қулақ салың. Оған қарсы шықпаң. Себеби Ол Мениң атымнан ҳәрекет еткенликтен, қарсылық көрсеткениңизге сабыр етпейди. 22Бирақ оның сөзин дыққат пенен тыңлап, айтқанларымның ҳәммесин орынласаңыз, Мен душпанларыңызға душпан болып, сизлерге қарсы шыққанларға қарсы тураман. 23Периштем алдыңызда жүрип, сизлерди амор, хет, периз, қанан, хиў ҳәм ебуслардың жерлерине алып барғанда, Мен оларды жоқ етемен. 24Сизлер олардың қудайларына табынып, хызмет қылмаң. Олардың әдетлерин де үйренбең. Керисинше, олардың қудайларын қулатып, кийели тасларын сындырып таслаң. 25Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге, яғный Маған сыйының. Сонда Мен сизлердиң нан-суўларыңызды жарылқап, араңыздағы кеселликлерди жоқ етемен. 26Елиңизде түсик түсиретуғын ҳәм бийперзент ҳаял болмайды. Мен сизлерге узақ өмир беремен.
27Сизлерге қарсы шыққан халықларды Меннен қорқатуғын қыламан ҳәм оларды албыратып таслайман. Душпанларыңыз алдыңыздан қашатуғын болады. 28Хиў, қанан ҳәм хет халықларын алдыңыздан қуўыў ушын, ешек ҳәрре жиберемен. 29Ел қаңырап қалып, сизлерге зыян беретуғын жабайы ҳайўанлардың саны көбейип кетпеўи ушын, оларды бир жыл ишинде қуўып жибермеймен. 30Сизлер көбейип, сол елди ийелик етемен дегенше, оларды аз-аздан қуўып шығараман.
31Шегараңызды Қызыл теңизден филистлер мәкан басқан теңизге дейин, қубладағы шөлден Евфрат дәрьясына дейин орнатаман. Сол елдиң адамларын сизлерге тәслим етемен, сизлер оларды алдыңыздан қуўып шығасызлар. 32Олар ҳәм олардың қудайлары менен келисим дүзбең. 33Олардың жериңизде жасаўына жол қоймаң. Болмаса олар сизлерди өз қудайларына сыйындырып, Маған қарсы гүна ислеўге баслайды ҳәм сизлерди дузаққа түсиреди.

Currently Selected:

Шығыў 23: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in