YouVersion Logo
Search Icon

Шығыў 24

24
Келисимниң тастыйықланыўы
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
– Сен, және де, Харон, Надаб, Абиҳу ҳәм Израил ақсақалларынан жетпис адам таўға көтерилип, Мениң алдыма келиңлер ҳәм узақта турып тәжим етиңлер. 2Тек сен ғана Маған жақынла, басқа ҳеш ким жақын келмесин. Халық сениң менен бирге таўға шықпасын.
3Муўса барып, Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин ҳәм нызамларын халыққа билдирди. Ҳәмме бир аўыздан:
– Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, – деп жуўап берди. 4Соннан кейин Муўса Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жазып қойды.
Ол ертеңине азанда таўдың етегине қурбанлық орын қурды. Израилдың он еки урыўының белгиси ретинде он еки тас орнатты. 5Соңынан ол Жаратқан Ийеге арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берип, татыўлық қурбанлығы ушын буғаларды сойыўға Израилдың жас жигитлерин жиберди. 6Муўса қанның ярымын ләгенлерге қуйды. Ал қалған ярымын қурбанлық орынға серпип жиберди. 7Кейин келисим китабын#24:7 Келисим китабы – 20–23 бапларда Қудайдың Муўсаға берген буйрық ҳәм нызам-қағыйдалары усы китаптың ишине кирген (усы баптың 4-аятына қараң). алып, халыққа оқып берди. Халық: «Жаратқан Ийениң айтқанларының ҳәммесин ислеймиз, Оған қулақ асамыз», – деди.
8Сонда Муўса ләгенлердеги қанды халыққа сеўип: «Бул – усы айтылған ҳәмме сөзлерге тийкарланып, Жаратқан Ийениң сизлер менен дүзген келисиминиң қаны», – деди.
9Соннан соң, Муўса, Харон, Надаб, Абиҳу ҳәм Израил ақсақалларынан жетписи таўға шығып, 10Израилдың Қудайын көрди. Қудайдың аяқлары астына лазурит тасына уқсас, аспан сыяқлы тынық бир нәрсе төселген еди. 11Израил басшылары Қудайды көрсе де, Қудай оларға зыян тийгизбеди. Олар сол жерде ишип-жеди.
Муўса Синай таўында
12Жаратқан Ийе Муўсаға:
– Таўға, Мениң жаныма келип, усы жерде күтип тур. Халыққа үйретиў ушын, тегис еки тасқа жазылған нызам ҳәм буйрықларды беремен, – деди.
13Солай етип, Муўса ҳәм оның жәрдемшиси Ешуа жолға атланды. Муўса Қудайдың таўына шығып баратырып, 14ақсақалларға:
– Бизлер қайтып келгенше, усы жерде күтип турыңлар. Харон менен Хур сизлер менен бирге болады. Кимниң қандай иси болса, соларға айтсын, – деди.
15Муўса таўға шыққанда, таўды булт қаплады. 16Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты Синай таўына түсти. Булт таўды алты күн қаплап турды. Жетинши күни Жаратқан Ийе булттың ишинен Муўсаны шақырды. 17Израиллыларға Жаратқан Ийениң салтанаты таўдың төбесинде жалмап жутатуғын от сыяқлы болып көринди. 18Муўса булт ишине кирип, таўға шықты. Ол қырық күн ҳәм қырық түн таўда қалды.

Currently Selected:

Шығыў 24: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in