Жаратылыс 25
25
Ибрайымның соңғы жыллары ҳәм өлими
1Ибрайым және Қатура деген ҳаялға үйленди. 2Ол Ибрайымға Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах атлы балаларды туўып берди. 3Иоқшаннан Шеба менен Дедан туўылды. Деданның урпақларынан ашшур, летуш ҳәм леум халықлары келип шықты. 4Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Қатурадан тараған урпақлар еди.
5Ибрайым өзиниң барлық мал-мүлкин Ысаққа қалдырды. 6Ал тоқалларының балаларына көзиниң тири ўақтында саўғалар берип, оларды Ысақтан узақластырып, шығыстағы жерлерге жиберди. 7Ибрайым барлығы болып бир жүз жетпис бес жыл өмир сүрди. 8Ол ғаррылық дәўранын сүрип, узақ жасады, қартайған шағында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды. 9Уллары Ысақ ҳәм Исмайыл оны Мамреге жақын жердеги, хет халқынан болған Сохардың улы Эфронның атызындағы Махпела үңгирине қойды. 10Ибрайым бул атызды хетлерден сатып алған еди. Солай етип, Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара сол жерге қойылды. 11Ибрайымның өлиминен соң, Қудай оның улы Ысақты жарылқады. Ысақ Беер-Лахай-Роийдиң жанында жасайтуғын еди.
Исмайылдың урпақлары
12Сараның шорысы, мысырлы Ажардан туўылған Ибрайымның улы Исмайылдың шежиреси мынадай: 13Исмайылдың улларының туўылыў тәртиби бойынша атлары мынадай: туңғыш улы Небайот, соң Кедар, Адбеел, Мибсам. 14Мишма, Дума, Масса, 15Хадад, Тема, Етур, Нафиш ҳәм Кедма. 16Исмайылдың уллары болған булар – он еки урыўдың көсеми болды. Усы он еки урыў ҳәм олардың аўыллары менен мәкан басқан жерлери олардың атлары менен аталды. 17Исмайыл бир жүз отыз жети жасында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды. 18Исмайылдың урпақлары Хаўила ҳәм Шур аралығындағы жерлерге мәкан басқан еди. Шур Ашшурға баратуғын жолда, Мысырға жақын жайласқан еди. Олар барлық туўысқанлары менен жаўласып өмир сүрди.
Яқып пенен Эсаўдың туўылыўы
19Ибрайымның улы Ысақтың өмир тарийхы мынадай: Ибрайымнан Ысақ туўылды. 20Ысақ Ребеккаға үйленгенде қырық жаста еди. Ребекка Паддан-Арамнан#25:20 Паддан-Арам – Арам-Наҳарайым. болған арамлы Бетуелдиң қызы, арамлы Лабанның қарындасы еди. 21Ысақ ҳаялы ушын Жаратқан Ийеге дуўа етти, өйткени ҳаялы перзентсиз еди. Жаратқан Ийе Ысақтың дуўасына жуўап берди ҳәм Ребекка ҳәмиледар болды. 22Оның қурсағындағы балалар бир-бири менен төбелесе баслады. Сонда Ребекка: «Неге бундай болып атыр?» – деп Жаратқан Ийеден сорады. 23Жаратқан Ийе оған былай деди:
«Сениң қурсағыңда еки халық бар,
Сеннен еки түрли халық бөлинип шығар,
Бири екиншисинен күшлирек болып,
Үлкени кишкенесине бағынышлы болар».
24Ребекканың туўыў ўақты келгенде, қурсағында егиз уллардың бар екени мәлим болды. 25Биринши туўылған улының денеси қызыл, териси тон сыяқлы жүнли еди. Сонлықтан оның атын Эсаў#25:25 Эсаў – «жүнли» дегенди билдириўи мүмкин. деп қойды. 26Кейин оның сыңары туўылды. Ол Эсаўдың табанын қолы менен услап шыққан еди. Сонлықтан оны Яқып#25:26 Яқып – «табанды услап алады», астарлы мәниси «алдайды». деп атады. Олар туўылғанда, Ысақ алпыс жаста еди.
Эсаўдың Яқыпқа туңғышлығын сатыўы
27Балалар өсип, ержетти. Эсаў дүзди сүйетуғын шебер аңшы, ал Яқып үйден шықпайтуғын тыныш адам болды. 28Ысақ Эсаўды жақсы көретуғын еди, себеби оның аўлап әкелген аңларының гөшин жеўди унататуғын еди. Ал Ребекка Яқыпты жақсы көретуғын еди.
29Бир күни Яқып аўқат писирип атырғанда, Эсаў дүзден шаршап, аш болып келди. 30Ол Яқыпқа:
– Маған мына қызыл аўқатыңнан бер, мен аш болып турман, – деди. Сол себепли ол Эдом#25:30 Эдом – «қызыл» дегенди билдиреди. деп те аталды.
31Яқып оған:
– Дәслеп маған туңғышлығыңды сат! – деди.
32Эсаў оған:
– Аштан өлейин деп турғанымда, туңғышлықтан маған не пайда? – деди.
33Яқып:
– Дәслеп маған ант бер! – деди.
Сонда Эсаў Яқыпқа ант берип, өз туңғышлығын оған сатты.
34Соннан кейин, Яқып Эсаўға нан ҳәм қызыл лобия сорпа берди. Эсаў ишип-жеп болып, орнынан турып кетти.
Солай етип, Эсаў өз туңғышлығын писент етпеди.
Currently Selected:
Жаратылыс 25: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: