YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 26

26
Ысақ пенен Ребекка Герарда
1Елде Ибрайымның дәўиринде болған ашлықтан басқа бир ашлық жүз берди. Ысақ Герарға, филистлердиң патшасы Абимелехке кетти. 2Жаратқан Ийе Ысаққа көринип былай деди: «Мысырға барма, Мен айтатуғын жерде жаса. 3Сол жерде келгинди болып жасай бер. Мен сениң менен бирге болып, сени жарылқайман. Мине, усы жерлердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа беремен. Әкең Ибрайымға берген антымды орынлайман. 4Сениң урпақларыңды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтип, усы жерлердиң ҳәммесин оларға беремен. Жер жүзиниң барлық халықлары сениң урпақларың арқалы жарылқанады. 5Өйткени Ибрайым Маған бойсынып, Мениң тапсырмаларымды, буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм көрсетпелеримди орынлады».
6Солай етип, Ысақ Герарда орналасып қалды. 7Сол жердиң халқы оннан ҳаялы ҳаққында сорағанда, ол ҳаялын қарындасым деп айтты. Себеби ол: «Ребекка гөззал, сонлықтан бул жердиң адамлары мени ол себепли өлтиреди», – деп ойлап, оны ҳаялым деп айтыўға қорқты. 8Ысақ сол жерде жасап атырғанына көп болғанда, филистлердиң патшасы Абимелех терезеден қарап, Ысақтың Ребекканы аймалап атырғанын көрди. 9Сонда Абимелех Ысақты шақырып алып:
– Ол сениң ҳаялың екен-ғо. Неге оны қарындасым дедиң? – деп сорады.
Ысақ оған жуўап берип:
– Өйткени, ол себепли мени өлтиреди деп ойладым, – деди.
10Абимелех оған:
– Неге бизлерге булай иследиң? Халық арасынан биреўдиң ҳаялыңа жақынласып қойыўы мүмкин еди-ғо. Сондай болғанда, сен бизлерди гүнаға батырар едиң! – деди. 11Соңынан Абимелех пүткил халыққа: «Ким де ким бул адамға ямаса оның ҳаялына қол тийгизсе, ол сөзсиз өлтириледи», – деди.
Ысақ пенен Абимелех арасындағы келисимниң дүзилиўи
12Ысақ сол жерге туқым септи ҳәм сол жылы жүз есе артық өним алды. Себеби оны Жаратқан Ийе жарылқаған еди. 13Ысақ байып кетти, байлығы кем-кемнен көбейип, ол жүдә бай адамға айланды. 14Оның ири ҳәм майда маллары, көп хызметшилери болғанлықтан, филистлер оны қызғана баслады. 15Әкеси Ибрайымның тири ўақтында оның хызметшилери қазған қудықлардың ҳәммесин филистлер топырақ пенен көмип таслады.
16Сонда Абимелех Ысаққа:
– Бизиң жеримизден кет, өйткени сен бизлерден гөре анағурлым күшли болып кеттиң, – деди.
17Соннан кейин, Ысақ ол жерден кетип, Герар ойпатлығына шатырларын тикти ҳәм сол жерге қоныс басты. 18Әкеси Ибрайымның тири ўақтында қазылып, оның өлиминен соң филистлер тәрепинен көмип тасланған қудықларды Ысақ қайтадан қаздырып, оларға әкеси қойған бурынғы атларды қойды.
19Ысақтың хызметшилери ойпатлықта қудық қазып атырып, бир булақ тапты. 20Герар шопанлары: «Бул суў бизлердики», – деп Ысақтың шопанлары менен жәнжеллести. Олар өзи менен таласқаны ушын Ысақ қудықты Эсек#26:20 Эсек – «таласыў» дегенди билдиреди. деп атады.
21Соңынан олар басқа бир қудық қазды. Бирақ бул қудық себепли де жәнжел шығып, Ысақ оны Ситна#26:21 Ситна – «душпанлық» дегенди билдиреди. деп атады. 22Ысақ ол жерден көшип кетип, және басқа бир қудық қаздырды. Бул қудық себепли жәнжел шықпағанлықтан, Ысақ оны Рехобот#26:22 Рехобот – «кеңлик» дегенди билдиреди. деп атап: «Жаратқан Ийе ақыры бизлерге кең жер берди. Енди бизлер бул жерде өсип-өнемиз», – деди.
23Ысақ ол жерден Беер-Шебаға көшип кетти. 24Жаратқан Ийе сол күни түнде оған көринип: «Мен әкең Ибрайымның Қудайыман. Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Мен сени жарылқайман ҳәм қулым Ибрайым ушын урпағыңды көбейтемен», – деди. 25Ысақ сол жерде қурбанлық орын қурып, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырды. Ол шатырларын сол жерге тикти ҳәм оның хызметшилери бир қудық қазды.
26Абимелех, оның кеңесгөйи Ахуззат ҳәм сәркәрдасы Пихол Герардан Ысаққа келди. 27Ысақ оларға:
– Неге мениң алдыма келдиңлер? Сизлер мени жек көрип, елиңизден қуўып жиберген едиңиз-ғо! – деди.
28Олар:
– Жаратқан Ийениң сениң менен бирге екенин бизлер анық билдик. Сонлықтан бизлер сениң менен өз ара ант ишип, келисим дүзиўди ойладық.
29Бизлер саған қол тийгизбей, тек жақсылық етип, сени тынышлық пенен жибергенимиз сыяқлы, сен де бизлерге жаманлық ислемеўиң ҳаққында келисим дүзейик. Сен енди Жаратқан Ийе тәрепинен жарылқанған адамсаң, – деди.
30Ысақ олар ушын зыяпат берди ҳәм олар ишип-жеди. 31Ертеңине таң азанда турып, олар бир-бирине ант берди. Соңынан Ысақ оларды шығарып салды ҳәм олар Ысақтың алдынан аман-есен кетти.
32Усы күни Ысақтың хызметшилери келип: «Бизлер суў таптық», – деп өзлери қазған қудық ҳаққында оған хабарлады. 33Ысақ ол қудықтың атын Шеба#26:33 Шеба – «ант» ямаса «жети» дегенди билдиреди. деп атады. Сол себепли ол қаланың аты бүгинги күнге шекем Беер-Шеба деп аталады.
Эсаўдың хет халқынан алған ҳаяллары
34Эсаў қырық жасқа толғанда, хет халқынан болған Беерийдиң қызы Яҳудитке ҳәм хет халқынан болған Элонның қызы Басематқа үйленди. 35Бул ҳаяллар Ысақ пенен Ребекканың басына көп қайғы салды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in