YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 29

29
Яқыптың Лабанға барыўы
1Яқып жолын даўам етип, шығыс халықларының жерлерине жетип келди. 2Ол сол жердеги далада бир қудықты ҳәм қудықтың жанында жатырған үш сүриў қойды көрди. Өйткени қойлар сол қудықтан суўғарылатуғын еди. Қудықтың аўзында үлкен тас бар еди. 3Барлық сүриўлер ол жерге жыйналғанда, шопанлар қудықтың аўзынан тасты алып қойып, қойларды суўғаратуғын еди. Соңынан олар тасты және өз орнына, қудықтың аўзына қоятуғын еди.
4Яқып шопанлардан:
– Туўысқанларым, қай жерденсизлер? – деп сорады.
Шопанлар оған:
– Бизлер Хараннанбыз, – деп жуўап берди.
5Яқып олардан:
– Нахордың ақлығы Лабанды таныйсызлар ма? – деп сорады.
– Аўа, таныймыз, – деп жуўап берди олар.
6Яқып олардан және:
– Оның ҳал-жағдайы жақсы ма? – деп сорады.
Олар:
– Жақсы, әне, оның қызы Раҳила қойларын айдап киятыр, – деди.
7Яқып оларға:
– Күн батыўға еле көп ўақыт бар, ҳәзир сүриўди жыйнайтуғын ўақыт емес-ғо. Қойларыңызды суўғарып болып, және отлатып қайтқаныңыз жақсы емес пе? – деди.
8Шопанлар:
– Барлық сүриўлерди жыйнап, қудықтың аўзындағы тасты алып таслағанымыздан кейин ғана, бизлер қойларды суўғара аламыз, – деди.
9Яқып шопанлар менен сөйлесип турғанда, Раҳила әкесиниң қойлары менен келип қалды. Себеби ол қой бағатуғын еди. 10Яқып дайысы Лабанның қызы Раҳиланы ҳәм оның қойларын көргенде қудыққа барып, оның аўзындағы тасты алып таслады да, дайысы Лабанның қойларын суўғарды. 11Соңынан Яқып Раҳиланы сүйип, өкирип жылап жиберди. 12Ол Раҳилаға әкесиниң жийени, Ребекканың улы екенин айтты. Сонда Раҳила жуўырып барып, әкесине хабар берди.
13Лабан жийени Яқыптың келгенин еситиўден-ақ, оны қарсы алыў ушын жуўырып шықты. Оны қушақлап сүйди ҳәм үйине алып келди. Яқып оған болған ўақыялардың ҳәммесин айтып берди.
14Сонда Лабан Яқыпқа:
– Аўа, шынында да сен мениң қанлас туўысқаным екенсең! – деди.
Яқыптың хызмет етиўи ҳәм үйлениўи
Яқып Лабандикинде бир айдай жасағаннан кейин, 15Лабан Яқыпқа:
– Ағайиним болғаның ушын, маған тегинге хызмет етиўиң керек пе? Маған айт, хызмет ҳақыңа қанша төлейин? – деди.
16Лабанның еки қызы болып, олардың үлкениниң аты Леа, кишкенесиниң аты Раҳила еди. 17Леаның көзлери мүләйим, ал Раҳила қәдди-қәўмети келискен, шырайлы еди. 18Яқып Раҳиланы сүйип қалды. Ол Лабанға:
– Кишкене қызыңыз Раҳила ушын, мен сизге жети жыл хызмет етемен, – деди.
19Лабан оған:
– Басқа биреўге бергеннен гөре, оны саған бергеним жақсы. Меникинде жасай бер, – деди.
20Солай етип, Яқып Раҳила ушын жети жыл хызмет етти. Яқып Раҳиланы сүйгенликтен, бул жети жыл ол ушын бир неше күндей болып көринди.
21Сонда Яқып Лабанға: «Келисилген ўақыт келди, енди қызыңызды бериң, мен оған үйленейин», – деди.
22Солай етип, Лабан ол жердиң барлық халқын жыйнап, той берди. 23Бирақ түнде ол қызы Леаны әкелип, Яқыпқа берди ҳәм Яқып оның менен жатты. 24Лабан шорысы Зилпаны қызы Леаға хызметши етип берди.
25Яқып азанда турып қараса, жанында Леа жатырғанын көрди. Ол Лабанға:
– Бул не қылғаныңыз? Мен сизге Раҳила ушын хызмет еткеним жоқ па едим? Мени неге алдадыңыз? – деди.
26Лабан оған:
– Бизлердиң дәстүримиз бойынша, үлкен қызынан бурын кишкене қызын узатпайды. 27Бул тойлаў ҳәптеси тамам болсын, соңынан саған Раҳиланы да беремиз. Бирақ оның ушын және жети жыл хызмет қыласаң, – деди.
28Яқып буған келисим берип, сол бир ҳәптени Леа менен бирге өткизди. Соңынан Лабан оған қызы Раҳиланы да ҳаяллыққа берди. 29Лабан өз шорысы Билҳаны қызы Раҳилаға хызметши етип берди. 30Яқып Раҳила менен де жатты ҳәм ол Раҳиланы Леадан гөре көбирек жақсы көрди. Солай етип, Яқып Лабанға және жети жыл хызмет етти.
Яқыптың балалары
31Жаратқан Ийе Яқыптың Леада кеўли жоқ екенин көргенде, оны туўатуғын қылды. Ал Раҳила бийперзент еди. 32Леа ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Жаратқан Ийе мениң бахытсызлығымды көрди. Енди күйеўим мени жақсы көретуғын болады», – деп, улына Рубен#29:32 Рубен – «улды көр» дегенди билдиреди. деп ат қойды.
33Ол және ҳәмиледар болып, ул туўғанда: «Жаратқан Ийе күйеўимниң менде кеўли жоқ екенин еситти ҳәм маған бул улды да берди», – деп, улына Шимон#29:33 Шимон – «еситиў» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды. деп ат қойды.
34Ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Енди күйеўим маған байланады, өйткени мен оған үш ул туўып бердим», – деп, улына Лебий#29:34 Лебий – «байланған» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды. деп ат қойды.
35Кейин ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Бул рет мен Жаратқан Ийени алғыслайман», – деди ҳәм улына Яҳуда#29:35 Яҳуда – «алғыс» дегенди билдиреди. деп ат қойды. Соң ол бир қанша мүддет бала көтермеди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in