YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 30

30
1Раҳила Яқыпқа бала туўып бере алмағанлықтан, әжапасын қызғана баслады. Ол Яқыпқа:
– Маған перзент бер, болмаса өлемен! – деди.
2Яқыптың Раҳилаға ғәзеби қайнап:
– Мен Қудайман ба, сениң қурсағыңа перзент бермеген? – деди.
3Раҳила:
– Мынаў мениң шорым Билҳа. Сен оның менен жат. Сонда ол бала туўып, етегиме салады ҳәм мен де ол арқалы балалы боламан, – деди.
4Солай етип, Раҳила өз шорысы Билҳаны күйеўине ҳаяллыққа алып берди ҳәм Яқып оның менен жатты. 5Билҳа ҳәмиледар болып, Яқыпқа бир ул туўып берди. 6Сонда Раҳила: «Қудай мени ақлады. Ол дадымды еситип, маған бир ул берди», – деди ҳәм улына Дан#30:6 Дан – «ҳүким шығарды» яғный «ақлады» дегенди билдиреди. деп ат қойды.
7Раҳиланың шорысы Билҳа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа екинши улын туўып берди. 8Сонда Раҳила: «Мен әжапама қарсы уллы гүресте оны жеңдим», – деди ҳәм улына Нафталий#30:8 Нафталий – «гүрес» дегенди билдириўи мүмкин. деп ат қойды.
9Леа өзиниң туўмай қалғанын көргенде, шорысы Зилпаны Яқыпқа ҳаяллыққа берди. 10Леаның шорысы Зилпа да Яқыпқа бир ул туўып берди. 11Сонда Леа: «Бул қандай бахыт!» – деди ҳәм улына Гад#30:11 Гад – «бахыт» дегенди билдиреди. деп ат қойды.
12Леаның шорысы Зилпа Яқыпқа екинши улын туўып берди. 13Сонда Леа: «Мен қандай қуўанышлыман, енди ҳаяллар мени қуўанышлы деп атайды», – деди ҳәм улына Ашер#30:13 Ашер – «қуўаныш» дегенди билдиреди. деп ат қойды.
14Рубен бийдай орағы ўақтында далаға барды. Ол далада мәргия шөплерди таўып, анасы Леаға әкелип берди. Сонда Раҳила Леаға:
– Улыңның мәргия шөплеринен маған да бер, – деди.
15Бирақ Леа оған:
– Күйеўимди алғаның аз болғандай, енди улымның мәргия шөплерин де алмақшымысаң? – деди.
Раҳила оған:
– Мейли, улыңның мәргия шөплери есабынан күйеўим бул ақшам сениң менен жатсын, – деди.
16Кешқурын Яқып даладан келгенде, Леа оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған: «Бүгин мениң менен жатыўың керек, себеби мен сени улым таўған мәргия шөплерге алмастырдым», – деди.
Солай етип, Яқып сол түни Леа менен жатты.
17Қудай Леаның дуўасын еситип, ол ҳәмиледар болды ҳәм Яқыпқа бесинши улын туўып берди. 18Сонда Леа: «Шорымды күйеўиме бергеним ушын, Қудай маған сый берди», – деди ҳәм улына Иссахар#30:18 Иссахар – «сый» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды. деп ат қойды. 19Леа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа алтыншы улын туўып берди. 20Сонда Леа: «Қудай маған жақсы сый берди. Ендигиден былай, күйеўим мени қәдирлейтуғын болады, өйткени мен оған алты ул туўып бердим», – деди ҳәм улына Зебулон#30:20 Зебулон – «қәдирлеў» дегенди аңлатыўы мүмкин. деп ат қойды. 21Бир қанша ўақыттан соң, ол қыз туўып, атын Дина деп қойды.
22Ақыры Қудай Раҳиланы еске алып, оның дуўасын еситти ҳәм оны туўатуғын қылды. 23Раҳила ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Қудай мени шерменделигимнен қутқарды», – деди. 24Соңынан ол тағы: «Жаратқан Ийе маған және бир ул берсин», – деп, улына Юсуп#30:24 Юсуп – «қосып береди» дегенди билдиреди. деп ат қойды.
Яқыптың ҳийле менен байыўы
25Раҳила Юсупти туўғаннан кейин, Яқып Лабанға былай деди:
– Маған жуўап бериң, мен өз үйиме, өз жериме қайтайын. 26Мен ҳаялларым менен балаларымды да бирге алып кетейин, себеби мен сизге олар ушын хызмет еткен едим-ғо. Мениң сизге қаншелли хызмет еткенимди өзиңиз билесиз.
27Ал Лабан оған:
– Аҳ, егер сениң кеўлиңди таба алғанымда ма еди?! Жаратқан Ийениң мени сен себепли жарылқағанын пал ашыў арқалы билдим. 28Маған хызмет ҳақыңды айт, саған төлеймен, – деди.
29Яқып оған:
– Сизге қалай хызмет еткенимди ҳәм мениң арқамда малларыңыздың қандай болғанын билесиз. 30Мен келместен бурын бар болған аз ғана малыңыз жүдә көбейип кетти. Мен келиўден Жаратқан Ийе сизди жарылқап баслады. Бирақ енди мен өз үйим ушын қашан мийнет етемен? – деди.
31Лабан оннан:
– Саған не берейин? – деп сорады.
Яқып оған:
– Маған ҳеш нәрсе бермең. Егер сиз мына шәртиме көнсеңиз, мен және сизиң сүриўлериңизге қарап, оларды баға беремен: 32бүгин мен барлық сүриўлериңизди аралап шығып, қой-ешкилердиң ала ҳәм жағалларын, яғный қойлардың қараларын, ешкилердиң жағал ҳәм алаларын ажыратып қояйын. Олар мениң хызмет ҳақым болсын. 33Кейин ала сиз мениң хызмет ҳақымды тексериў ушын келгениңизде, әдил екенимди билип аласыз. Ешкилеримнен қайсы бири жағал ҳәм ала болмаса, қойларымнан қайсы бири қара болмаса, урлық деп есаплансын.
34Лабан оған:
– Мейли, сен айтқандай болсын, – деди.
35Деген менен, Лабан сол күни-ақ ала-шубар ҳәм жағал текелерди, үстинде ағы бар жағал ешкилерди ҳәм қара қойлардың ҳәммесин сүриўден айырып, өз улларының қараўына тапсырды. 36Ол өзи менен Яқып арасындағы аралықты үш күнлик жол етип белгиледи. Ал Яқып Лабанның қалған малларын баға берди.
37Яқып өзине ақ терек, бадам ҳәм шынар тереклеринен жас шыбықларды кесип алды. Олардың ишиндеги ағы көрингенше, қабықларын ала-ала етип қыршыды. 38Соңынан ол қыршылған шыбықларды қой-ешкилердиң алдына, олар суў ишетуғын наўалардың ишине салып қойды. Қой-ешкилер суў ишиўге келгенде, сол жерде шағылысатуғын еди. 39Олар шыбықлардың алдында шағылысқаннан кейин, олардан ала-шубар ҳәм жағал қозы-ылақлар туўылатуғын еди. 40Яқып қозыларды айырып, қойларды Лабанның барлық ала-шубар ҳәм қара малларына қаратып қойды. Солай етип, ол өзи ушын сүриў пайда етип, оларды Лабанның малларына араластырмады. 41Урғашылардың күшлилери күйге келген ўақытта, олар шыбықлардың алдында шағылыссын деп, Яқып шыбықларды олардың көз алдына, наўалардың ишине қоятуғын еди. 42Бирақ әззи урғашылар күйге келген ўақытта, ол шыбықларды қоймайтуғын еди. Солай етип, әззи маллардан туўылғанлары Лабанға, күшлилеринен туўылғанлары Яқыпқа тийисли болды. 43Усы жол менен Яқып ҳәдден зыят байып кетти. Оның сүриў-сүриў қой-ешкилери, шорылары ҳәм қуллары, түйе ҳәм ешеклери болды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in