YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 31

31
Яқыптың Лабаннан қашыўы
1Яқып Лабанның улларының: «Яқып әкемиздиң барлық затларын өзлестирип, пүткил байлығын әкемизге тийисли болған мал-мүликтен арттырды», – деп айтып жүргенин еситти. 2Және де, Лабанның да өзине бурынғыдай қарым-қатнаста емес екенин байқады.
3Сонда Жаратқан Ийе Яқыпқа: «Аталарыңның жерине, ағайин-туўғанларыңа қайт! Мен сениң менен бирге боламан», – деди.
4Солай етип, Яқып адам жиберип, Раҳила менен Леаны өз сүриўлери жүрген жайлаўға шақыртып, 5оларға былай деди:
– Әкеңиздиң маған деген қарым-қатнасының бурынғыдай емес екенлигин көрип турман. Бирақ әкемниң Қудайы мениң менен бирге болды. 6Мениң әкеңизге бар күшим менен хызмет еткенимди өзлериңиз билесиз. 7Деген менен, әкеңиз маған пәнт берип, хызмет ҳақымды он мәртелеп өзгертти. Соған қарамастан, Қудай оның маған жаманлық етиўине жол қоймады. 8Ол: «Жағал маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў жағал туўатуғын еди. Ал ол: «Ала-шубар маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў ала-шубар туўатуғын еди. 9Солай етип, Қудайдың Өзи әкеңиздиң малларын алып қойып, оларды маған берди. 10Маллардың шағылысыў мәўсиминде, бир күни түс көрдим. Түсимде сүриўдеги урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың ала-шубар ҳәм жағал екенин көрдим. 11Қудайдың периштеси түсимде маған: «Яқып!», – деди. «Ләббәй!», – дедим мен. 12Ол: «Қара, урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың барлығы ала-шубар ҳәм жағал. Өйткени Лабанның саған не ислеп атырғанының ҳәммесин көрдим. 13Мен саған Бейт-Элде көринген Қудайман. Сен ол жерде естелик тасын орнатқан едиң ҳәм оның үстине зәйтүн майын қуйып, Маған ўәде берген едиң. Енди бул жерден кетип, өзиңниң туўылған елиңе қайт», – деди.
14Сонда Раҳила менен Леа Яқыпқа:
– Енди әкемиздиң үйинде бизлер ушын үлес те, мийрас та қалып па еди? 15Ол ушын бизлер жат адамлар сыяқлы емеспиз бе? Себеби ол бизлерди сатып ғана қоймастан, бизлер ушын алған ақшаны да жеп қойды. 16Сонлықтан әкемизден Қудай алып қойған байлықлардың ҳәммеси бизлерге ҳәм балаларымызға тийисли. Енди Қудай саған не айтқан болса, соны исле, – деп жуўап берди.
17Солай етип, Яқып уллары менен ҳаялларын түйелерге миндирди. 18Ол өзиниң барлық малларын алдына салып, Паддан-Арамда арттырған барлық мал-мүлкин алды да, Қанан жерине, әкеси Ысаққа барыў ушын жолға шықты. 19Лабан қойларының жүнлерин қырқыўға кеткенде, Раҳила әкесиниң кийели мүсинлерин урлап алды. 20Оның үстине, Яқып та өзиниң кететуғынын айтпай, арамлы Лабанды алдап кетти. 21Солай етип, ол өзиниң ҳәмме нәрсесин алып, қашып кетти ҳәм Евфрат дәрьясынан өтип, таўлы Гилад үлкесине қарай жол алды.
Лабанның Яқыптың изинен қуўыўы
22Үшинши күни Лабан Яқыптың қашып кеткенлиги туўралы хабар тапты. 23Ол ағайин-туўғанларын жанына алып, оны қуўып кетти. Жети күннен соң, таўлы Гилад үлкесинде оны қуўып жетти. 24Бирақ сол күни түнде Қудай арамлы Лабанның түсине енип, оған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа!» – деди.
25Лабан Яқыпты қуўып жеткенде, Яқып таўлы Гилад үлкесинде шатырын тигип қойған еди. Лабан да өзиниң ағайин-туўғанлары менен бирге сол жерге шатыр тикти.
26Сонда Лабан Яқыпқа былай деди:
– Бул не қылғаның? Мени алдап, қызларымды урыста қолға түскен тутқын сыяқлы алып кетипсең-ғо. 27Неге мени алдап, жасырын түрде қашып кеттиң? Маған неге айтпадың? Мен сени дәп қақтырып, лира шерттирип, қосықлар айттырып, ойын-күлки менен шығарып салар едим-ғо. 28Сен, ҳәтте, ақлықларымды ҳәм қызларымды сүйип, хошласыўға да мүмкиншилик бермедиң. Сен ақмақларша ис туттың! 29Сизлерге жаманлық ислеўге күшим жетеди. Бирақ өткен түнде әкеңиздиң Қудайы маған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа», – деди. 30Түсинемен, әкеңниң үйин қатты сағынғаның ушын кетип қалғансаң. Бирақ неге сен қудайларымның мүсинлерин урлап кеттиң?
31Яқып Лабанға былай деп жуўап берди:
– Мен сизди қызларын күш пенен тартып алады деп қорқтым. 32Бирақ егер қудайларыңыздың мүсинлерин кимнен тапсаңыз, ол тири қалмасын! Ағайин-туўғанларымыздың көз алдында өзиңиз тексерип көриң. Егер меннен сизиң бир нәрсеңиз табылса, алып кетиң!
Яқып Раҳиланың бутлардың мүсинлерин урлағанын билмейтуғын еди.
33Лабан Яқыптың, Леаның ҳәм еки шорының шатырларын қарап шықты, бирақ мүсинлерди таба алмады. Ол Леаның шатырынан шығып, Раҳиланың шатырына кирди. 34Раҳила кийели мүсинлерди алып, түйениң ериниң астына қойып, оның үстине отырып алған еди. Лабан шатырды толық тексерип шықса да, мүсинлерди таба алмады.
35Раҳила әкесине:
– Мырзам, сиз келгениңизде турып, күтип алмағаным ушын ашыўыңыз келмесин. Өйткени ҳәзир ҳаял-қызларға тән жағдайдаман, – деди.
Солай етип, Лабан қанша излесе де, мүсинлерди таба алмады.
36Яқып ашыўға минип, Лабанға бақырынып сөйлеп былай деди:
– Айыбым не? Бүйтип изимнен қуўғандай, мен не гүна иследим? 37Сиз мениң барлық затларымды тинтип шықтыңыз, бирақ өзиңизге тийисли бир нәрсе таптыңыз ба? Егер тапқан болсаңыз, оны мына жерге, ағайин-туўғанларымыздың алдына қойың. Олар екеўимизге төрелик қылсын. 38Мен жигирма жыл сизикинде жасадым. Қой-ешкилериңиз ҳеш қашан иш тасламады. Сизиң сүриўиңизден бир қошқар да жемедим. 39Жабайы ҳайўанлар баўызлап таслағанларын сизиң алдыңызға әкелмей, зәлелин өз мойныма алатуғын едим. Ал сиз болсаңыз, малыңыздың күндиз ямаса түнде урланыўына қарамастан, меннен ҳәр бир малыңыздың қунын талап етер едиңиз. 40Күндиз ыссыдан, түнде суўықтан азап шегетуғын едим. Көзлеримнен уйқы қашатуғын еди. 41Мениң сизиң үйиңиздеги жигирма жыллық өмирим усылай өтти. Мен сизге он төрт жыл еки қызыңыз ушын, алты жыл сүриўиңиз ушын хызмет еттим. Ал сиз хызмет ҳақымды он рет өзгерттиңиз. 42Егер де әкемниң ҳәм бабам Ибрайымның Қудайы, яғный Ысақ қорққан Қудай мениң менен бирге болмағанда, сиз мени қуры қол қайтарған болар едиңиз. Бирақ Қудай мениң шеккен азабымды ҳәм ислеген аўыр мийнетимди көрип, кеше түнде мени жақлап, төрелик етти.
43Лабан Яқыпқа былай деп жуўап берди:
– Мына қызлар – мениң қызларым, бул балалар – мениң ақлықларым. Бул сүриўлер – мениң сүриўлерим. Сен көрип турған нәрселердиң ҳәммеси – меники. Бирақ енди мен өз қызларыма ҳәм олардан туўылған ақлықларыма не ислей аламан? 44Кел, енди арамызда гүўалық болатуғын келисим дүзейик.
45Сонда Яқып бир тасты алып, оны естелик қылып қойды. 46Соң ағайин-туўғанларына: «Тас жыйнап келиңлер», – деди. Олар тасларды жыйнап әкелип, бир үйиншик иследи ҳәм сол үйиншиктиң жанында отырып аўқат жеди. 47Лабан үйиншикти Егар-Саҳадута, Яқып Гал-Эд#31:47 Егар-Саҳадута… Гал-Эд – биринши аты арамейше, екинши аты еврейше болып, екеўи де «гүўалық үйиншиги» дегенди билдиреди. деп атады.
48Лабан: «Бүгин бул үйиншик бизиң арамызда гүўалық болсын», – дегенликтен, ол жер Гал-Эд деп аталды. 49Сондай-ақ үйиншик Миспа#31:49 Миспа – «гүзетиў орны» дегенди билдиреди. деп те аталған. Себеби Лабан: «Бизлер бир-биримизден узақласып кеткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерди гүзетип турсын. 50Егер сен қызларыма жаман қатнаста болсаң ямаса олардың үстине ҳаял алсаң, буған гүўа болатуғын адам болмаса да, билип қой, Қудайдың Өзи гүўа болады», – деген еди.
51Лабан Яқыпқа және былай деди:
– Минекей, мынаў үйиншик ҳәм екеўимиздиң арамызда мен орнатқан естелик. 52Булар мениң саған жаманлық ислеў ушын усы үйиншиктен ары өтпейтуғыныма ҳәм сениң де маған жаманлық ислеў ушын бул үйиншик ҳәм естеликтен бери өтпейтуғыныңа гүўалық болсын. 53Ибрайым ҳәм Нахордың Қудайы, олардың ата-бабаларының Қудайы бизлерге төрелик етсин.
Сонда Яқып әкеси Ысақ қорққан Қудай ҳақы ант ишти. 54Соңынан ол сол таўда қурбанлық шалып, ағайин-туўғанларын аўқатқа шақырды. Олар аўқатланып болып, таўда түнеп қалды.
55Ертеңине Лабан таң азанда турып, ақлықларын ҳәм қызларын сүйип, оларға пәтиясын берди. Соңынан ол үйине қайтып кетти.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in