YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 32

32
Яқыптың Эсаў менен ушырасыўға таярланыўы
1Яқып жолын даўам етип баратырғанда, оған Қудайдың периштелери дус келди. 2Яқып оларды көргенде: «Бул Қудай ләшкерлериниң ордасы екен-ғо!» – деп, ол жерди Маханайым#32:2 Маханайым – «қос орда» дегенди билдиреди. деп атады.
3Яқып Эдом жеринде, яғный Сеир жеринде жасайтуғын әжағасы Эсаўға өзинен алдын хабаршылар жиберди. 4Яқып оларға буйырып:
– Мырзам Эсаўға қулы Яқыптың усы ўақытқа шекем Лабандикинде болып, сол жерде жасағанын, 5қара маллар, ешеклер, қой-ешкилер, қул ҳәм шорыларға ийе болғанын, енди ол мырзасының кеўлин табыў ушын, бул хабарды жоллап атырғанын айтыңлар, – деди.
6Хабаршылар қайтып келип, Яқыпқа:
– Бизлер әжағаңыз Эсаўға бардық. Ол төрт жүз адам менен бирге сизди қарсы алыўға киятыр, – деди.
7Сонда Яқып қатты қорқып, албырап қалды. Ол адамларын, қой-ешкилерин, қара малларын ҳәм түйелерин еки топарға бөлди. 8Яқып: «Егер Эсаў келип, бир топарды қырып тасласа, екинши топар қутылып қалыўы мүмкин», – деп ойлады.
9Соңынан Яқып былай деп дуўа етти: «Атам Ибрайымның ҳәм әкем Ысақтың Қудай Ийеси! Сен маған: „Өз елиңе ҳәм туўған-туўысқанларыңа қайт, Мен саған жақсылық қыламан“, – деген едиң. 10Мендей қулыңа көрсеткен барлық жақсылығыңа ҳәм садықлығыңа ылайықлы емеспен. Мен Иордан дәрьясын кесип өткенимде, таяғымнан басқа ҳеш нәрсем жоқ еди. Енди болса, еки топар болып қайттым. 11Жалбарынаман, мени әжағам Эсаўдан қорға! Өйткени мен оның келип, мени ҳәм мениң балаларымды аналары менен бирге өлтириўинен қорқаман. 12Сен маған: „Саған жақсылық қыламан, урпағыңды теңиздиң қумындай сансыз етип көбейтемен“, – деген едиң».
13Яқып түнди сол жерде өткизди.
Ол өзинде бар затлардан ағасы Эсаўға саўға етиў ушын ажыратты. 14Олар: еки жүз бас ешки, жигирма бас теке, еки жүз бас қой, жигирма бас қошқар, 15отыз бас боталы түйе, қырық бас сыйыр, он бас буға, жигирма урғашы ҳәм он еркек ешек еди. 16Яқып оларды падаларға бөлип, қулларына тапсырды ҳәм оларға:
– Мениң алдымда жүриңлер, ҳәр паданың арасында аралық болсын, – деди.
17Ол биринши болып жүретуғын қулға былай деп буйрық берди:
– Әжағам Эсаў сени ушыратып, сеннен: «Кимниң қулысаң? Қаяққа баратырсаң? Алдыңдағы мына пада кимдики?» – деп сораса, 18оған: «Булар қулыңыз Яқыптики. Олар мырзам Эсаўға жиберилген саўға. Мине, оның өзи де бизиң изимизден киятыр», – деп айт.
19Яқып екинши, үшинши болып киятырған қулларға ҳәм падаларды айдап киятырғанлардың ҳәммесине де буйырып:
– Эсаў менен ушырасқаныңызда, сизлер де солай айтыңлар. 20«Қулыңыз Яқып изимизде киятыр», – деңлер, – деди. Себеби Яқып: «Өзимнен бурын жиберген саўғаларым менен оның жүрегин жибиткенимнен соң ғана, оның көзине көринейин, мүмкин, сонда ол мени қабыл етер», – деп ойлады. 21Солай етип, Яқыптың саўғалары өзинен алдын жиберилди, ал өзи қоныслаған жеринде түнеп қалды.
Яқыптың Израил деп аталыўы
22Сол күни түнде Яқып орнынан турып, еки ҳаялын, еки шорысын ҳәм он бир улын жанына алып, Яббоқ дәрьясының өткелинен өтти. 23Оларды дәрьядан өткизгеннен соң, өзиниң барлық затларын да өткизди. 24Кейин Яқып жалғыз өзи қалды. Сонда бир адам оның менен таң атқанша гүрести. 25Ол Яқыпты жеңе алмайтуғынын билгенде, Яқыптың жамбасына урып жиберди ҳәм оның жамбас сүйеги шығып кетти.
26Сонда Ол адам:
– Мени жибер, таң атып киятыр, – деди.
Бирақ Яқып Оған:
– Маған пәтияңды бермегениңше, Сени жибермеймен! – деди.
27Ол адам Яқыптан:
– Атың ким? – деп сорады.
Ол:
– Яқып, – деп жуўап берди.
28Сонда Ол адам:
– Буннан былай, сен Яқып емес, ал Израил#32:28 Израил – «Қудай гүреседи» ямаса «Қудай менен гүреседи» дегенди билдиреди. деп аталасаң. Өйткени сен Қудай ҳәм адамлар менен гүресип, жеңип шықтың, – деди.
29Яқып Оған:
– Өтиниш, атыңызды айтыңыз? – деди.
Бирақ Ол адам:
– Не ушын Мениң атымды сорап атырсаң? – деди.
Соңынан Ол сол жерде Яқыпқа пәтиясын берди.
30Яқып: «Мен Қудайды жүзбе-жүз көрдим, бирақ тири қалдым», – деп сол жерди Пенуел#32:30 Пенуел – «Қудайдың жүзи» дегенди билдиреди. деп атады.
31Ол Пенуелден кетип баратырғанда, күн шықты. Жамбасы аўырғанлықтан, ол ақсаңлап жүрди. 32Яқыптың жамбас сүйегиндеги сиңири зақым көргенликтен, израиллылар усы күнге дейин жамбас сүйектиң сиңирин жемейди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in