YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 33

33
Яқыптың Эсаў менен ушырасыўы
1Яқып қарап, Эсаўдың төрт жүз адам менен киятырғанын көрди. Сонда Яқып балаларды Леаға, Раҳилаға ҳәм еки шорысына бөлип тапсырды. 2Ол еки шорысы менен олардың балаларын алдына, Леаны ҳәм оның балаларын ортаға, Раҳила менен Юсупти ең соңына қойды. 3Яқыптың өзи ҳәммесиниң алдына шығып, әжағасының жанына жеткенше, жерге дейин ийилип, жети рет тәжим етти.
4Бирақ Эсаў Яқыпты қарсы алыў ушын жуўырып барды да, оны мойнынан қушақлап сүйди ҳәм олар екеўи де жылап жиберди. 5Соңынан Эсаў қарап, ҳаяллар менен балаларды көрди ҳәм Яқыптан:
– Жаныңдағы бул адамлар кимлер? – деп сорады.
Яқып оған:
– Булар Қудайдың сизиң қулыңызға сыйлаған балалары, – деп жуўап берди.
6Сонда шорылар ҳәм олардың балалары жақынлап келип, тәжим етти. 7Кейин Леа ҳәм оның балалары, ең ақырында Юсуп ҳәм Раҳила келип, оған тәжим етти. 8Эсаў Яқыптан:
– Жолда мен ушыратқан адамлар менен падаларды не мәнисте жибердиң? – деп сорады.
Яқып оған:
– Мырзамның кеўлин табыў ушын жибердим, – деп жуўап берди.
9Бирақ Эсаў Яқыпқа:
– Иним, мениң дүнья-малым көп, өзиңдики өзиңе буйырсын, – деди.
10Яқып:
– Яқ, маған мийрим көрсетип, саўғамды қабыл етиң. Сизиң жүзиңизди көрип, Қудайдың жүзин көргендей болдым. Өйткени сиз мени жыллы жүзлилик пенен қарсы алдыңыз. 11Өтиниш, сизге жиберген саўғаларымды қабыл етиң. Себеби Қудай маған жақсылық ислегенликтен, менде ҳәмме нәрсе бар, – деди.
Яқып жалынып қоймағанлықтан, Эсаў саўғаларды қабыл етти.
12Соңынан Эсаў:
– Жүриңлер кетейик. Мен сениң алдыңда жүремен, – деди.
13Бирақ Яқып оған:
– Мырзам, өзиңиз билесиз, балаларым жас, қой ҳәм сыйырларым да төллеген. Егер малларды бир күн қатты айдасақ, ҳәммеси өлип қалады. 14Мырзам, қулыңыздан алдын кете бериң. Мен малларымның ҳәм балаларымның жүрисине қарап, әсте-ақырын бара беремен. Солай етип, Сеирде мырзама жетип аламан, – деди.
15Эсаў оған:
– Жанымдағы адамлардың бир нешесин саған қалдырып кетейин, – деди.
Бирақ Яқып:
– Буның ҳәжети жоқ. Мырзамның маған мийрим көрсеткениниң өзи жеткиликли, – деди.
16Солай етип, Эсаў сол күни Сеирге қайтып кетти. 17Ал Яқып Суккотқа кетип, сол жерде өзи ушын үй, маллары ушын қоралар қурды. Сонлықтан сол жер Суккот#33:17 Суккот – «қоралар» дегенди билдиреди. деп аталды.
Яқыптың Шехемге орналасыўы
18Соңынан Яқып Паддан-Арамнан Қанан жериниң Шехем қаласына аман-есен қайтып келип, қаланың сыртына шатырларын тикти. 19Ол шатырларын тиккен усы жерди Шехемниң әкеси Хамордың улларынан жүз кесита#33:19 Кесита – қандай да бир өлшем бирлик, оның аўырлығы белгисиз. гүмиске сатып алды. 20Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, оны Эл-Элоҳе-Израил#33:20 Эл-Элоҳе-Израил – «Қудай – Израилдың Қудайы» дегенди билдиреди. деп атады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in