YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 34

34
Динаның намысының бузылыўы
1Бир күни Яқыптың Леадан туўылған қызы Дина сол жердиң қызларын көриў ушын шықты. 2Ол жердиң бийи хиў халқынан болған Хамордың улы Шехем Динаны көргенде, оны услап алып, оған зорлық иследи. 3Жигиттиң Яқыптың қызы Динаға кеўли кетип, оны сүйип қалды ҳәм оған жыллы сөйледи. 4Шехем әкеси Хаморға:
– Бул қызды маған ҳаяллыққа алып бер, – деди.
5Яқып қызы Динаның намысы аяқ асты етилгенин еситкенде, уллары жайлаўда мал бағып жүрген еди. Сонлықтан Яқып олар қайтып келгенше үндемеди.
6Сол ўақытта Шехемниң әкеси Хамор Яқып пенен сөйлесиў ушын, оның алдына барды. 7Ал Яқыптың уллары болған ўақыяны есите сала, жайлаўдан қайтып келди. Олар ашыўланып, ғәзепке минди. Өйткени Шехем Яқыптың қызын зорлап, Израилдың абырайын төккен ҳәм ислеўге болмайтуғын исти ислеген еди.
8Сонда Хамор оларға былай деди:
– Улым Шехемниң кеўли қызыңызда, қызыңызды оған ҳаяллыққа бериң. 9Бир-биримиз бенен қуда-тамыр болайық. Қыз алысып, қыз берисейик. 10Бизлер менен бирге жасай бериңлер. Елимиздиң қәлеген жеринде емин-еркин жасап, саўда-сатық қылыңлар ҳәм мүлик ийелеңлер.
11Кейин Шехем де қыздың әкеси менен әжағаларына:
– Кеўлиңиз толыўы ушын, сизлерге қәлегениңизди беремен. 12Меннен қанша қалың мал ҳәм саўға талап қылсаңлар да, ҳәммесин беремен. Тек қызыңызды маған ҳаяллыққа берсеңиз болғаны, – деди.
13Яқыптың уллары қарындасы Динаның намысын аяқ асты еткени ушын Шехемге ҳәм оның әкеси Хаморға ҳийле менен жуўап берип, 14оларға былай деди:
– Яқ, бизлер бундай қыла алмаймыз. Қарындасымызды сүннет етилмеген адамға бере алмаймыз, өйткени бул бизлер ушын шерменделик болады. 15Тек мына шәртимизди қабыл етсеңиз ғана ыразы боламыз: сизлердиң ҳәр бир ер адамыңыз бизлер сыяқлы сүннет етилсе, 16бир-биримизге қыз берип, қыз алысамыз. Сизлер менен бирге жасап, бир халық боламыз. 17Егер сүннет болыўға келисим бермесеңиз, қызымызды алып қайтамыз.
18Бул сөзлер Хамор менен оның улы Шехемге мақул түсти. 19Әкесиниң үйинде ҳәммеден көп ҳүрметке ийе болған жас жигит Шехем бул талапты орынлаўды тезлестирди. Себеби ол Яқыптың қызына ашық еди. 20Солай етип, Хамор ҳәм оның улы Шехем қала халқы менен сөйлесиў ушын қала дәрўазасына барды ҳәм оларға былай деди:
21– Бул адамлар бизлерге дослық қарым-қатнаста. Олар жеримизде жасап, саўда-сатық қылсын. Жер кең, оларға да жетеди. Олар менен қыз алысып, қыз берисейик. 22Олар тек мына шәрт пенен ғана бизлер менен бирге жасап, бир халық болыўға ыразы болады: бизлердиң ҳәр бир ер адамымыз олар сыяқлы сүннет етилиўи керек екен. 23Егер солай ислесек, олардың сүриўлери, мал-мүликлери ҳәм барлық маллары бизлердики болмай ма? Келиңлер, оларға келисим берейик, олар бизлер менен бирге жасап қалсын.
24Қала турғынларының ҳәммеси Хамордың ҳәм оның улы Шехемниң сөзлерин қабыл етти ҳәм қаладағы барлық ер адамлар сүннет етилди.
25Үшинши күни, олар аўырып жатырғанда, Яқыптың еки улы – Динаның әжағалары Шимон ҳәм Лебий қылышларын асынып алып, қалаға иркинишсиз кирди де, барлық ер адамларды қылыштан өткерди. 26Олар Хаморды ҳәм улы Шехемди де қылыштан өткизип, Динаны Шехемниң үйинен алып кетти. 27Қарындасының намысын аяқ асты қылғаны ушын, Яқыптың уллары өлгенлерди тонап, қаланы талан-тараж етти. 28Олардың ири-майда малларын ҳәм ешеклерин, қаладағы да, жайлаўдағы да барлық нәрселерин алып кетти. 29Және де, олардың балаларын ҳәм ҳаялларын тутқын қылып, пүткил байлығын ҳәм үйлериндеги барлық затларын олжа етти.
30Яқып Шимон ҳәм Лебийге:
– Сизлер усы жердиң турғынлары болған қанан ҳәм периз халықларын маған душпан қылып қойып, басыма бәле арттырдыңыз. Мениң адамларым аз. Егер олар биригип, маған қарсы шықса, мени хожалығым менен бирликте жоқ қылады, – деди.
31Бирақ олар:
– Қарындасымызға бузық ҳаялға қатнас жасағандай қатнас жасаўға жол қойыўға бола ма? – деди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in