YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 35

35
Бейт-Элде Қудайдың Яқыпты жарылқаўы
1Қудай Яқыпқа: «Қәнекей, енди Бейт-Элге бар да, сол жерге орналас. Әжағаң Эсаўдан қашып баратырғаныңда саған көринген Қудайға арнап, сол жерде қурбанлық орын қур», – деди.
2Сонда Яқып хожалығына ҳәм жанындағылардың ҳәммесине былай деди:
– Өзлериңиздеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслаңлар. Өзлериңизди пәклеп, кийимлериңизди алмастырыңлар. 3Жүриңлер, бул жерден кетип, Бейт-Элге барайық. Қыйын күнлеримде маған жуўап берген ҳәм жүрген жолларымда мениң менен бирге болған Қудайға арнап, мен сол жерде қурбанлық орын қурайын.
4Сонда олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ҳәм қулақларындағы сырғаларын Яқыпқа берди. Яқып оларды Шехемге жақын жердеги бир теребинфтиң түбине көмип таслады. 5Соңынан олар жолға түсти. Қудай әтираптағы қалалардың турғынларына күшли қорқыныш жибергенликтен, ҳеш ким олардың изине түспеди.
6Солай етип, Яқып жанындағы барлық адамлар менен бирге Қанан жериндеги Лузға, яғный Бейт-Элге жетип келди. 7Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, сол жерди Эл-Бейт-Эл#35:7 Эл-Бейт-Эл – «Бейт-Элдиң Қудайы» дегенди билдиреди. деп атады. Өйткени Яқып әжағасынан қашып баратырғанда, Қудай сол жерде оған көринген еди. 8Сол арада Ребекканы емизип баққан Дебора деген ҳаял қайтыс болды. Ол Бейт-Элдиң қубласындағы бир емен ағашының түбине жерленип, сол емен ағашы «Жоқлаў емени» деп аталды.
9Яқып Паддан-Арамнан қайтып келгеннен кейин, Қудай оған және көринип, оны былай деп жарылқады: 10«Сениң атың – Яқып. Бирақ буннан былай, сениң атың Яқып емес, ал Израил болады», – деп, оны Израил деп атады. 11Қудай оған және: «Мен – Қүдирети күшли Қудайман. Өсип-өнип, көбей. Сеннен бир халық, ҳәтте, көплеген халықлар пайда болып, сениң урпағыңнан патшалар келип шығады. 12Мен Ибрайымға ҳәм Ысаққа берген бул жерди саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа беремен», – деди. 13Соңынан Қудай Яқып пенен сөйлескен жерден жоқары көтерилип кетти.
14Яқып Қудай өзи менен сөйлескен жерде тастан естелик орнатып, оның үстине шарап ҳәм зәйтүн майын қуйды. 15Ол Қудай өзи менен сөйлескен жерди Бейт-Эл деп атады#35:15 Жар 28:19..
Раҳиланың өлими
16Олар Бейт-Элден шығып, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳиланың толғағы тутып, ол қыйыншылық пенен босанды. 17Ол азап шегип туўып атырғанда, киндик шешеси оған:
– Қорқпа, сен және бир ул туўдың, – деди.
18Раҳила өлип баратырып, соңғы демин шығарарда, улын Беноний#35:18 Беноний – «қайғы улы» дегенди билдиреди. деп атады. Бирақ әкеси оның атын Бенямин#35:18 Бенямин – «оң қолымның улы» ямаса «бахыт улы» дегенди билдиреди. деп қойды.
19Солай етип, Раҳила қайтыс болып, Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерленди. 20Яқып оның қәбири үстине қулпы тас орнатты. Раҳиланың қәбириниң қулпы тасы бүгинги күнге шекем бар.
21Соннан кейин, Израил және көшип, Эдер минарасының арғы жағына шатырын тикти.
22Израил сол елде жасап атырғанда, улы Рубен әкесиниң тоқалы болған Билҳа менен жатты. Әкеси бул туўралы еситти.
Яқыптың уллары
Яқыптың он еки улы бар еди. 23Оның Леадан туўылған уллары: туңғышы Рубен, кейин Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар ҳәм Зебулон. 24Оның Раҳиладан туўылған уллары: Юсуп ҳәм Бенямин. 25Раҳиланың шорысы Билҳадан туўылған уллары: Дан ҳәм Нафталий. 26Леаның шорысы Зилпадан туўылған уллары: Гад ҳәм Ашер. Булар Яқыптың Паддан-Арамда туўылған уллары.
Ысақтың өлими
27Яқып әкеси Ысақтың үйине, Мамреге келди. Мамре Кирят-Арбаның, яғный Хебронның жанында болып, ол жерде Ибрайым ҳәм Ысақ келгинди болып жасаған еди. 28Ысақ бир жүз сексен жыл жасады. 29Ол мазмунлы өмир сүрип, қартайып, деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды. Уллары Эсаў менен Яқып оны жерледи.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in