YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 36

36
Эсаўдың урпақлары
1Эсаўдың, яғный Эдомның шежиреси мынадай: 2Эсаў мына қананлы қызларға үйленди: бириншиси хет халқынан болған Элонның қызы Ада, екиншиси хиў халқынан болған Сибонның ақлығы, Ананың қызы Оҳолибама. 3Және де, ол Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Басематқа да үйленди. 4Ада Эсаўға Элифазды, Басемат Реуелди, 5Оҳолибама Еушты, Яламды ҳәм Қорахты туўып берди. Булар – Эсаўдың Қананда туўылған уллары еди.
6Кейин Эсаў ҳаялларын, улларын, қызларын, үйиндеги барлық адамларын, ҳәмме малларын ҳәм Қананда арттырған пүткил мал-мүлкин алып, иниси Яқыптан бөлекленди де, басқа бир елге көшип кетти. 7Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан, олар енди бирге жасай алмады. Өзлери жасаған бул жерлер олардың малларына тарлық етип қалған еди. 8Солай етип, Эсаў, яғный Эдом таўлы Сеир жерине орналасты.
9Таўлы Сеир жеринде жасаўшы эдомлылардың түп атасы болған Эсаўдың шежиреси мынадай: 10Эсаўдың улларының атлары: оның ҳаялы Ададан Элифаз, ал ҳаялы Басематтан Реуел туўылды.
11Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефо, Гатам ҳәм Кеназ. 12Эсаўдың улы Элифаздың тоқалы Тимна күйеўине Амалекти туўып берди. Булар – Эсаўдың ҳаялы Аданың ақлықлары.
13Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза. Булар – Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары.
14Сибонның ақлығы ҳәм Ананың қызы болған Оҳолибаманың күйеўи Эсаўға туўып берген уллары: Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
15Эсаўдың урпақларынан келип шыққан урыў бийлери мыналар:
Эсаўдың туңғышы Элифаздың уллары: Теман бий, Омар бий, Сефо бий, Кеназ бий, 16Қорах бий, Гатам бий ҳәм Амалек бий. Булар Эдом жеринде Элифаздың урпағынан шыққан бийлер болып, Аданың ақлықлары еди.
17Эсаўдың улы Реуелдиң уллары: Нахат бий, Зерах бий, Шамма бий ҳәм Мизза бий. Булар Эдом жеринде Реуелдиң урпағынан шыққан бийлер болып, Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары еди.
18Эсаўдың ҳаялы Оҳолибаманың уллары: Еуш бий, Ялам бий ҳәм Қорах бий. Булар – Ананың қызы, Эсаўдың ҳаялы Оҳолибамадан тараған бийлер еди. 19Булардың ҳәммеси Эсаўдың, яғный Эдомның уллары ҳәм урыў бийлери.
Сеирдиң урпақлары
20Эдом жеринде жасаған хор халқынан болған Сеирдиң уллары мыналар: Лотан, Шобал, Сибон, Ана, 21Дишон, Эсер ҳәм Дишан. Булар – Сеирдиң уллары болып, Эдом жеринде хор халқының урыў бийлери еди.
22Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳемам. Тимна Лотанның қарындасы еди.
23Шобалдың уллары: Алўан, Манахат, Эбал, Шефо ҳәм Онам.
24Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана. Әкеси Сибонның ешеклерин бағып жүрип, шөлде ыссы булақ тапқан усы Ана еди. 25Ананың балалары: Дишон ҳәм қызы Оҳолибама.
26Дишонның уллары: Хемдан, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
27Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Ақан.
28Дишанның уллары: Ус ҳәм Аран.
29Хор халқының урыў бийлери мыналар: Лотан бий, Шобал бий, Сибон бий, Ана бий, 30Дишон бий, Эсер бий ҳәм Дишан бий. Булар – Сеир жериндеги хор халқының урыў бийлери еди.
Эдом патшалары
31Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти:
32Беор улы Бела Эдом патшасы болды. Оның қаласының аты Динҳаба еди.
33Бела өлгеннен кейин, оның орнына Босра қаласынан болған Зерах улы Иобаб патша болды.
34Иобаб өлгеннен кейин, теманлылардың жеринен келген Хушам патша болды.
35Хушам өлгеннен кейин, Моаб елинде мидянлыларды қыйратқан, Бедад улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди.
36Ҳадад өлгеннен кейин, оның орнына масреқалы Самла патша болды.
37Самла өлгеннен соң, оның орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды.
38Шаул өлгеннен соң, оның орнына Ахбор улы Баал-Ханан патша болды.
39Ахбор улы Баал-Ханан өлгеннен соң, оның орнына Ҳадар патша болды. Оның қаласының аты Пау еди. Ҳадардың ҳаялы Меҳетабел Мезаҳабтың ақлығы Матредтиң қызы еди.
40Тийрелерине ҳәм жерлерине қарай Эсаўдың урпағынан келип шыққан бийлердиң атлары мынадай: Тимна бий, Алўа бий, Етет бий, 41Оҳолибама бий, Эла бий, Пинон бий, 42Кеназ бий, Теман бий, Мибсар бий, 43Магдиел бий ҳәм Ирам бий. Булар – өзлери ийелик еткен үлкеде жасаған жерлерине өзлериниң атларын берген Эдом бийлери еди. Эдомлылардың түп бабасы – Эсаў еди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in