YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 37

37
Юсуптиң түслери
1Яқып әкеси келгинди болып жасаған Қанан жеринде жасай берди. 2Яқыптың урпақларының тарийхы төмендегише: Юсуп он жети жасар ўақтында әжағаларына, яғный әкесиниң ҳаяллары Билҳа менен Зилпаның улларына қой-ешкилерди бағысатуғын еди. Ол әкесине әжағаларының жаман ислери ҳаққында жеткизип туратуғын еди. 3Израил Юсупти басқа барлық улларынан гөре көбирек жақсы көрди, өйткени ол Израилдың қартайған шағында көрген улы еди. Әкеси Юсупке нағыслы шапан тиккизип берди. 4Юсуптиң әжағалары әкесиниң оны өзлеринен гөре көбирек жақсы көретуғынын билгенде, оны жек көрип қалды ҳәм енди оның менен жыллы сөйлесе алмайтуғын болды.
5Бир күни Юсуп түс көрди. Ол өз түсин әжағаларына айтып бергенде, олар Юсупти бурынғыдан да бетер жек көрип қалды. 6Юсуп әжағаларына:
– Мен көрген түсимди айтып берейин, тыңлаңлар! 7Түсимде бизлер атызда дәстелерди баўлап атырған екенбиз. Бирден мениң баўлаған баўым жерден көтерилип, тик турды. Ал сизлердиң баўларыңыз мениң баўымды дөгереклеп, оған тәжим етти, – деди.
8Юсуптиң әжағалары оған:
– Сен еле бизлердиң үстимизден патша болып, бизлерди басқармақшымысаң? – деди.
Көрген түсин айтқаны себепли әжағалары оны бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.
9Кейин Юсуп тағы бир түс көрди ҳәм оны да әжағаларына айтып берип былай деди:
– Тыңлаңлар, мен және бир түс көрдим. Түсимде қуяш, ай ҳәм он бир жулдыз маған тәжим етип атырған екен.
10Юсуп бул түсин әкесине де айтып бергенде, әкеси оған кейип:
– Сен қандай түс көрдиң өзи? Сонда не мен, анаң ҳәм әжағаларың алдыңа келип, жерге дейин ийилип, тәжим етемиз бе? – деди.
11Әжағалары Юсупке қызғаныш пенен қараўды даўам етти, бирақ әкеси оның сөзлерин есинде сақлап қалды.
Юсуптиң қуллыққа сатылыўы
12Бир күни Юсуптиң әжағалары әкесиниң қой-ешкилерин бағыў ушын Шехемге кетти. 13Израил Юсупке:
– Әжағаларыңның Шехемде қой-ешкилерди бағып атырғанын билесең. Бар, мен сени оларға жиберейин, – деди.
– Яқшы, – деди Юсуп.
14Әкеси оған:
– Барып, әжағаларыңның ҳәм сүриўдиң жағдайын билип қайт, – деп оны Хеброн ойпатлығынан Шехемге жиберди.
Юсуп Шехемге жетип барып, 15далада адасып жүргенде, бир адам оны көрип:
– Не излеп жүрсең? – деп сорады.
16Юсуп оған:
– Мен әжағаларымды излеп жүрмен. Олардың қой-ешкилерди қай жерде бағып жүргенин билмейсиз бе? – деди.
17Ол адам Юсупке:
– Олар бул жерден кетип қалды. «Дотанға барамыз», дегенин еситип қалдым, – деди.
Солай етип, Юсуп әжағаларының изинен кетип, оларды Дотаннан тапты.
18Әжағалары Юсупти узақтан көрди ҳәм ол еле қасларына жетип келместен бурын, оны өлтириўге тил бириктире баслады. 19Олар бир-бирине:
– Әне, түс көргиш киятыр! 20Келиңлер, оны өлтирип, бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық. Соңынан оны жыртқыш ҳайўан жеп кетипти, деп айтамыз. Сонда оның көрген түслериниң не болатуғынын көремиз! – деди.
21Рубен буны еситкенде, Юсупти олардың қолынан қутқармақшы болып, оларға:
– Оны өлтирмейик. 22Қан төкпейик, оны усы шөлдеги бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық, бирақ өзине тиймейик, – деди.
Оның нийети Юсупти қутқарып, әкесине қайтарыў еди. 23Юсуп әжағаларының жанына келгенде, олар оның үстиндеги нағыслы шапанды шешип алып, 24өзин бир суўсыз, бос шуқырға таслап жиберди.
25Әжағалары аўқатланыў ушын жайғасып отырғанда, Гилад тәрептен киятырған исмайыллылардың кәрўанын көрди. Олар түйелерине мум, бальзам ҳәм ладан#37:25 Ладан – хош ийисли шайыр. жүклеп, Мысырға кетип баратыр еди. 26Яҳуда аға-инилерине:
– Инимизди өлтирип, оның қанын жасырғанымыздан не пайда? 27Жақсысы, оны исмайыллыларға сатайық, сонда қолымыз оның қанына былғанбайды. Себеби ол бизлер менен қаны бир туўысқанымыз-ғо, – деди.
Туўысқанлар буған ыразы болды. 28Мидянлы саўдагерлер, яғный исмайыллылар сол жерден өтип баратырғанда, әжағалары Юсупти шуқырдан шығарып алды да, оны сол саўдагерлерге жигирма шекел гүмиске сатып жиберди. Олар Юсупти Мысырға алып кетти.
29Рубен шуқырға қайтып келгенде, Юсуптиң шуқырдың ишинде жоқ екенин көрип, қайғыдан кийимлерин жыртты. 30Ол инилериниң жанына қайтып барып, оларға:
– Бала ол жерде жоқ, енди мен не қыламан, – деди.
31Сонда олар бир текени сойып, Юсуптиң нағыслы шапанын алып, оны текениң қанына былғады. 32Соңынан шапанды әкесине жиберип:
– Бизлер мынаны таўып алдық. Қара, бул улыңның шапаны емес пе? – деп соратты.
33Яқып шапанды танып:
– Аўа, бул – улымның шапаны! Оны жыртқыш ҳайўан жеп кетип, Юсуп тилким-тилким болған екен-ғо, – деди. 34Яқып қайғыдан кийимин жыртып, аза кийимин кийип алды ҳәм улы ушын узақ ўақыт аза тутты.
35Барлық ул-қызлары оған тәселле берсе де, ол жубанғысы келмей: «Мен улымның жанына, өлилер мәканына усы қайғым менен кетемен», – деп улын жоқлаўды даўам етти.
36Сол арада мидянлылар Юсупти Мысырда фараонның сарай хызметшиси Потифарға сатып жиберди. Ол сақшылардың басшысы еди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in