YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 38

38
Яҳуда ҳәм Тамара
1Сол ўақытлары Яҳуда туўысқанларынан бөлинип, адулламлы Хира деген адамның қасына барып орналасты. 2Яҳуда сол жерде Шуа деген қананлы бир адамның қызын ушыратып, оған үйленди. 3Ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўды. Яҳуда оған Эр деп ат қойды. 4Ҳаялы және ҳәмиледар болып, ул туўды ҳәм оған Онан деп ат қойды. 5Ол тағы бир ул туўып, оның атын Шела деп қойды. Ол туўылғанда, Яҳуда Кезибте еди.
6Яҳуда туңғышы Эрди бир қызға үйлендирди. Қыздың аты Тамара еди. 7Яҳуданың туңғышы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақ адам болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның жанын алды.
8Сонда Яҳуда Онанға:
– Қәйинлик ўазыйпаңды орынлап, жеңгеңе үйлен ҳәм әжағаңның урпағын даўам еттир, – деди. 9Бирақ Онан Тамарадан туўылған балалардың өзиники болмайтуғынын билетуғын еди. Сонлықтан ол әжағасының ҳаялы менен жатқанда, әжағасынан урпақ қалмасын деп, урығын жерге төгип жиберетуғын еди. 10Оның бул иси Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақлық болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның да жанын алды.
11Сонда Яҳуда келини Тамараға:
– Әкеңниң үйине қайтып, улым Шела ержеткенше, сол жерде жесир болып жасай тур, – деди. Себеби Яҳуда: «Шела да әжағалары сыяқлы өлип қалар», – деп ойлайтуғын еди. Солай етип, Тамара әкесиниң үйине қайтты.
12Арадан көп ўақыт өткеннен соң, Шуаның қызы, яғный Яҳуданың ҳаялы қайтыс болды. Азалаў мүддети тамам болғаннан соң, Яҳуда досты адулламлы Хира менен бирге Тимнаға, өзиниң қойларын қырқып атырған адамларға кетти.
13Тамараға: «Қәйин атаң қойларын қырықтырыў ушын Тимнаға кетип баратыр», – деген хабар жетти. 14Шела ержетсе де, Яҳуда Тамараны Шелаға ҳаяллыққа алып бермеген еди. Сонлықтан Тамара үстиндеги жесирлик кийимлерин шешип, жүзин жаўлық пенен жаўды да, Тимнаға баратуғын жол бойындағы Энайым дәрўазасының алдына барып отырды.
15Яҳуда Тамараны көргенде, оны бузық ҳаял деп ойлады. Өйткени оның жүзи жабық еди. 16Яҳуда жолдан ҳаял тәрепке бурылып келди де, оның өзиниң келини екенин билмей, оған:
– Сениң менен жатайын, – деди.
Ҳаял оған:
– Мениң менен жатсаңыз, маған не бересиз, – деп сорады.
17Яҳуда:
– Сүриўимнен саған бир ылақ берип жиберемен, – деди.
– Ылағыңызды жибергениңизше, кепилликке бир нәрсе бересиз бе? – деди ҳаял.
18Яҳуда оннан:
– Кепилликке не берейин? – деп сорады.
Тамара оған:
– Мөриңизди жиби менен ҳәм қолыңыздағы ҳасаңызды бериң, – деди.
Яҳуда сол нәрселерди берип, оның менен жатты. Тамара оннан ҳәмиледар болды. 19Тамара үйине қайтып келип, жүзиндеги жаўлығын шешип таслады да, және жесирлик кийимлерин кийип алды.
20Сол арада Яҳуда кепилликке қалдырған нәрселерин қайтарып алыў ушын, адулламлы досты арқалы ҳаялға бир ылақ жиберди. Деген менен, достысы ҳаялды таба алмады. 21Сонда достысы сол жердиң адамларынан:
– Энайымда, жол шетинде бир бузық ҳаял бар еди, ол қаяқта? – деп сорады.
Олар:
– Бул жерде ондай ҳаял жоқ, – деп жуўап берди.
22Достысы Яҳуданың жанына қайтып келип:
– Ҳаялды таба алмадым. Сол жердиң адамлары да ол жерде ҳеш қандай бузық ҳаялдың болмағанын айтты, – деди.
23Яҳуда:
– Мейли, сол затлар ҳаялда қала берсин. Тек ҳеш кимге масқара болмасақ болғаны. Мен ылақты жиберген едим, бирақ сен ҳаялды таба алмадың, – деди.
24Шама менен үш айдай ўақыт өткенде, Яҳудаға: «Келиниң Тамара бузықшылық ислепти, ол ҳәзир ҳәмиледар», – деген хабар жетти. Сонда Яҳуда:
– Оны далаға алып шығып, жағып жибериңлер, – деди.
25Тамараны далаға алып шыққанда, ол қәйин атасына: «Мен мына затлардың ийесинен ҳәмиледар болдым. Анықлап қараң, бул мөр, оның жиби ҳәм ҳаса кимдики?» – деп хабар жиберди.
26Яҳуда затларды танып: «Ҳақыйқатлық ол тәрепте, себеби мен оны улым Шелаға алып бермедим», – деди. Соннан кейин, Яҳуда Тамара менен қайтып жақынласқан жоқ.
27Тамараның туўыў ўақты келгенде, қарнында егиз бала барлығы мәлим болды. 28Ол босанып атырған ўақытта, егизлердиң бири қолын сыртқа шығарды. Киндик шешеси баланың қолын услап:
– Бул биринши болып туўылды, – деп оның билегине қырмызы жип байлап қойды. 29Бирақ ол қолын ишке тартып алды ҳәм сол ўақытта оның сыңары туўылды. Сонда киндик шешеси:
– Сен қалайынша тосқынлықты бузып өттиң? – деди. Сонлықтан оған Перес#38:29 Перес – «бузып өтиў» дегенди билдиреди. деп ат қойылды. 30Соңынан билегине қырмызы жип байланған оның сыңары туўылды. Оған Зерах деп ат қойды.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in