YouVersion Logo
Search Icon

Жаратылыс 44

44
Жойтылған гүмис кесе
1Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды:
– Бул адамлардың қапларын өзлери көтере алғанша азық-аўқатқа толтыр ҳәм ҳәр бириниң гүмисин қабының аўзына сал. 2Ең генжесиниң қабының аўзына ғәлле ушын төленген гүмисине қоса, мениң гүмис кесемди де салып қой.
Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай етип иследи.
3Ертеңине таң атыўдан, сол адамлар ешеклери менен бирге жолға атландырылды. 4Олар қаладан узақлап кетпей турып, Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды:
– Бар, сол адамлардың изинен қуў. Жетип алғаныңнан кейин, оларға былай деп айт: «Не ушын сизлер жақсылыққа жаманлық қайтардыңыз? 5Не ушын хожайынымның гүмис кесесин урлап кеттиңиз? Хожайыным оннан ишип, оны пал ашыў ушын қолланады-ғо. Сизлер жаман ис иследиңлер».
6Үй басқарыўшысы ағалы-инилилердиң изинен қуўып жетип, оларға усы гәплерди айтты.
7Ағалы-инилилер оған:
– Мырзамыз, не ушын бундай сөзлерди айтып турсыз? Сизиң қулларыңыз болған бизлер бундай ислерди ислеўден аўлақпыз. 8Ҳәтте, бизлер қапларымыздың аўзынан тапқан гүмисти Қанан жеринен сизге қайтарып әкелип берген едик-ғо. Қалай бизлер хожайыныңыздың үйинен гүмис ямаса алтын урлаймыз? 9Гүмис кесе қулларыңыздың қайсы биринен табылса, сол өлтирилсин, ал қалғанларымыз хожайынымызға қул болайық, – деди.
10Үй басқарыўшысы:
– Мейли, сизлер айтқандай болсын. Кесе кимнен табылса, сол мениң қулым болады. Ал қалғанларыңыз айыпсыз боласыз, – деди.
11Олар дәрҳал қапларын жерге түсирип, аўызларын ашты. 12Үй басқарыўшы үлкенинен баслап, кишисине дейин, ҳәммесиниң қапларын тексерип шықты. Кесе Беняминниң қабынан табылды. 13Туўысқанлар қайғыдан кийимлерин жыртты ҳәм жүклерин ешеклерине артып, қалаға қайтып барды.
14Яҳуда ҳәм туўысқанлары Юсуптиң үйине келгенде, ол еле үйде еди. Олар Юсуптиң алдында жерге жығылды. 15Юсуп оларға:
– Неге бундай иследиңиз? Мендей адамның пал ашып, билип алатуғынын билмедиңиз бе? – деди. 16Сонда Яҳуда:
– Мырзамызға бизлер не айта аламыз? Не деп түсиндире аламыз? Өзлеримизди қалай ақлай аламыз? Қудай қулларыңыздың айыбын әшкара етти. Бизлер де, кесе табылған адам да сизге қул боламыз, – деди.
17Юсуп:
– Яқ, мен бундай ислеўден аўлақпан. Кесе кимнен табылған болса, тек сол маған қул болады. Ал сизлер аман-есен әкеңиздиң алдына қайта бериң, – деди.
Яҳуданың Бенямин ушын жалбарыныўы
18Сонда Яҳуда Юсупке жақынырақ келип былай деди:
– Мырзам, маған бир сөз айтыўға рухсат етиң. Сиз фараон менен бирдей бийликке ийесиз, қулыңызға ашыўланбаң. 19Мырзам, сиз қулларыңыз болған бизлерден: «Әкеңиз ямаса басқа туўысқаныңыз бар ма?» – деп сорағаныңызда, 20бизлер сизге: «Ғарры әкемиз ҳәм оның қартайғанда көрген генже улы бар. Оның туўысқаны өлип, анасынан жалғыз қалған еди ҳәм әкемиз оны жақсы көреди», – деген едик. 21Сонда сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Оны маған алып келиң, бир көрейин», – деген едиңиз. 22Бирақ бизлер сизге: «Бала әкесин таслап кете алмайды. Егер әкеси оннан айырылса, өлип қалады», – деген едик. 23Сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Егер генже иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», – деген едиңиз. 24Бизлер сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымызда, сизиң сөзлериңизди оған айтып бердик. 25Әкемиз: «Және барып, бизлерге аз-маз азық-аўқат сатып алыңлар», – дегенде, 26бизлер оған: «Бара алмаймыз, егер генже инимиз бизлер менен бирге барса ғана, барамыз. Генже инимиз бизлер менен бирге болмаса, ол адамның жүзин көре алмаймыз», – дедик. 27Сонда қулыңыз болған әкемиз бизлерге: «Ҳаялым Раҳиланың маған еки ул туўып бергенин билесиз. 28Биреўинен айырылдым. Оны бир ҳайўан тилким-тилким етип таслаған, соннан бери оны қайтып көрмедим. 29Егер сизлер буны да алып кетсеңиз ҳәм ол бир бәлеге жолықса, онда сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер», – деди. 30Енди мен сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымда, оның жанынан артық көретуғын улы қасымда болмаса, 31ол улының жоқ екенин көрип, өлип қалады. Сонда сизиң қулыңыз болған бизлер қулыңыз болған әкемиздиң ғарры басын сол қайғы менен өлилер мәканына жиберемиз. 32Сизиң қулыңыз болған мен бул бала ушын басым менен жуўап беремен деп, әкеме: «Егер оны саған қайтарып алып келмесем, онда мен бир өмир сениң алдыңда айыпкер болайын», – дедим. 33Сонлықтан енди баланың орнына сизге мен қул болып қалайын. Ал бала туўысқанлары менен бирликте қайта берсин. 34Себеби бала жанымда болмаса, әкеме қалай қайтып бараман? Мен әкемниң басына түсетуғын бахытсызлыққа шыдай алмайман.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in